Bul mobil menyu orni/ testing....


    Қарақалпақстанлы Азиз Facebook компаниясына жумысқа кирди
    Қарақалпақстанлы Азиз Муртазаев қалай Facebook қа жумысқа киргени ҳаққында айтып берди. Ҳәзирги ўақытта ол компанияның Лондондағы офисинде ислейди. Жақында қазақстанлы Kuan7777 атлы видеоблогер You Tube-тағы каналына Азиз бенен болған интервьюди жайластырды.

    БАСҚАЛАРҒА ҚАРАҒАНДА ПРОГРАММАЛАСТЫРЫЎ ҚӘНИГЕЛИГИ МЕН ҚЫЗЫҚҚАН ТАРАЎ ЕКЕНЛИГИН АҢЛАДЫМ.

    Қарақалпақстанлы Азиз Facebook компаниясына жумысқа кирди

    “Мен Нөкисте туўылып өстим. Бул қалада мектеп жылларым өтти. Жаслығымнан математикаға қызықтым. Түрли олимпиадаларда қатнастым. Сондай-ақ, инглис тилин үйрендим. Қандайдур тараўды таңлаў керек болған ўақытта мен Өзбекистан Миллий университетиниң экономика факультетине тапсырдым. Дәслебинде маған ҳәммеси қызық болып көринди, кейин болса гуманитар пәнлер мен ушын емеслигин түсиндим. Бир күни үшинши курста топарласларымнан бири студентлер ушын бийпул бағдарламаластырыў курсы ашылып атырғанын айтып қалды. Бир неше сабақлардан соң бағдарламаластырыў (программаластырыў) басқаларға қарағанда мине сол мен қызыққан тараў екенлигин аңладым. Үш айлық курстан кейин бизде жуўмақлаўшы проектлер өткерилди. Проектлер нәтийжесинде, Ташкент компаниялары әмелиятта болыў ушын студентлерди таңлап алды. Солай етип, мен компаниялардың бирине қабыл етилдим ҳәм ол жерде 6 ай иследим. Бул болса маған қымбатлы тәжирийбе болды. Оқыўымды тамамлағаннан кейин, ким болып ислеймен деген сораў қыйнады. Мен ИТ (информациялық технологиялар) компанияларының биринде ислеўге қарар қылдым”.

    БИЗ SAMSUNG ФЛАГМАН ТЕЛЕФОНЛАРЫ УШЫН ПАЙДАЛАНЫЎШЫ ИНТЕРФЕЙСИН ИСЛЕП ШЫҚТЫҚ

    Қарақалпақстанлы Азиз Facebook компаниясына жумысқа кирди

    “Мен Ташкенттеги Америка компаниясына жумысқа кирдим. Ол жерде әмелият бойынша үлкен билимлерге ийе болдым. Бирақ еки жыллық жумыс процессинен соң, маған компьютер тараўының теориялық тийкарлары жетиспегенлигин сездим. Компьютер тараўы қәнигелиги бойынша магистратураға тапсырдым. Түрли мәмлекетлердеги университетлерге ҳүжжет тапсырып, нәтийжеде Кореяның Ажу университетине оқыўға кирдим. Бес ярым жыл Қубла Кореяда өткен жыллар өмиримдеги ең зәрүр күнлерге айланды. Еки жыл магистратура тәлиминен соң таңлаўдан өтип, Samsung Electronics командасына қабыл қылындым. Биз Samsung флагман телефонлары ушын пайдаланыўшы интерфейсин ислеп шықтық. Samsung Electronics-та үш ярым жыл искерлик алып бардым. Сол ўақытта мен өзим ушын жаңа тәжирийбе, жаңа жумыс кереклигин аңладым”.

    МЕНИ КАЛИФОРНИЯДАҒЫ FACEBOOKТЫҢ БАСЛЫ ОФИСИНЕ МИРӘТ ЕТТИ ҲӘМ ОЛАР МЕНИ ЖУМЫСҚА АЛДЫ

    Қарақалпақстанлы Азиз Facebook компаниясына жумысқа кирди

    “Бир күни Facebook-та рекрутер шығып, маған компанияда өз күшимди көрсетиўди усынды. Сизге мәлим, Facebook бағдарламашылар ушын ең жақсы компания болып табылады. Әлбетте, бул усыныс мени қызықтырды. Скайп арқалы түрли интервьюлар шөлкемлестирилди. Ҳәр бири 60 минут даўам етти, дәслепки 15 минутта олар мен ҳаққымда ҳәм топлаған тәжирийбем ҳаққында сорады. Кейин болса алгоритмли тапсырмалар жиберди. Биринши интервью жүдә жақсы өтти, екиншиси болса мен күткендей аңсат болмады. Олар тийкарынан мениң Android системасына болған қызығыўым ҳәм жеке тәжирийбемди есапқа алғанын айтты. Мен сол ўақытта программа жараттым ҳәм оны Google Play-ға жайластырдым. Оларға программа жүдә унады ҳәм мени Калифорниядағы Facebookтың баслы офисине мирәт етти: мениң жасаўым, ушыўым ушын барлық қәрежетлерди көтерди. Бас офисте мен бир ўақытта 4 жетекши қәниге менен сәўбетлестим. Нәтийжеде маған қуўанышлы хабар айтты ҳәм мен жумысқа қабыл етилдим”.

    AMAZON КОМПАНИЯСЫДА ЖУМЫСҚА ШАҚЫРДЫ

    Қарақалпақстанлы Азиз Facebook компаниясына жумысқа кирди

    “Facebook пенен бир қатарда Amazon компаниясына да резюме тапсырдым. Ол жерде де мен барлық сынақтан өтип, жумысқа мирәт етилдим. Бирақ мени Facebook тағы жумыс көбирек қызықтырды. Бир жыл алдын мен компанияның Лондондағы офисинде ислеп басладым. Бул жерде 800ге жақын адам ислейди. Жумыс ушын шараят жаратылған. Жумыс өнимдарлығы ушын барлық аўқатлар, ишимликлер бийпул бериледи. Биз басқа офислер сыяқлы азаннан кешке шекем ислемеймиз. Жумысқа қәлеген ўақытта келиўге болады, ҳәтте үйде отырып та ислеў мүмкин. Кеңседе биз ушын ойын бөлмелери, дем алыў аймақлары бар. Компания хызметкерлер кеўлин толтырыў ҳәм олардың жумыс өнимдарлығын сақлап қалыў ушын барлық ислерди әмелге асырады”.

    МЕН НӨКИСЛИ ӘПИЎАЙЫ ЖИГИТПЕН

    Қарақалпақстанлы Азиз Facebook компаниясына жумысқа кирди

    “Facebook-қа жумысқа кириў аңсатпа? Жуўап төмендегише: қурамалы болыўға умтылыў керек. Еки жыл алдын бул жерде ислеўим мүмкинлигин көз алдыма келтире алмайтын едим. Алты жыл алдын Қубла Кореяда оқыўым ҳәм Samsung-те ислеўимди ойыма да келтирмеген едим. Сегиз жыл алдын, бағдарламашы емес, экономист боламан деп жүретин едим. Барлығы басқаша болды, әҳимийетлиси, өзликти аңлаў, жаңа билимлерди излеў. Мен Нөкисли әпиўайы жигитпен ҳәм оны көрсете алдым. Сиз ҳәм буған ерисе аласыз. Ең зәрүри, буған исениў ҳәм өз үстинде ислеў керек”.


    Пайдалынылған дерек: kun.uz


    Elimizde, Xabar-line bo'limi | 19-sentyabr, 2016 jıl
    Bul bet 2383 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +12


    Medet 21 sentyabr 2016 16:02

    Molodets!
    Daulet 26 sentyabr 2016 18:10

    Molodets. Usinday jigitler ko'beye bersin.
    Gulmira 28 mart 2017 13:49

    men usinday jerleslerm menen maqtanish etemen
    Gulmira 28 mart 2017 13:51

    Usinday jerleslerimiz benen maqtansaq arziydi!
    Rawaj 6 may 2017 11:56

    Zor usinday jaslardan o`rnek alsa arziydi

    Әкежан

    Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...

    Қарақалпақстанлы 135 жаслы Тоты апа Юсупова дүньяда ...

    Төрткүл районында жасаўшы Тоты апа Юсупова 135 жасында дүньядан өтти. Планетамыздағы ең жасы үлкен апа Тоты Юсупова 1880 жылы Төрткүл районында туўылған. Ол...

    Соңғы пушайман

    Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...

    Өзиң гүлсең…

    Көркемликте теңсиз жигит жүдә гөззал қызға кеўил берипти. Еки жас муҳаббаты менен бахытлы жүрген күнлерде, жигит зәрүр жумыс пенен узақларға...

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Сиңлим ҳәм мен

    Отырсам радиодан жаңалық еситип,
    Жас жигит қосығын айта баслады.
    Деген ўақта «Тек бир мәрте гөгек бер»
    Сиңлим ҳайран болып саўал таслады.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3623 ret ko'rildi


  • Дард … (Суриялик гўдак ҳақида)

    Ерни суйиб ётган юзингдан сенинг,
    Қисматинг бағримни ёқди, болажон.
    Баxтни кўролмаган кўзингда сенинг,
    У малъун кимсалар йўқ бўлар қачон?

      
    27-noyabr, 2015 jıl. 1834 ret ko'rildi


  • "Qaratal"

    Ko’rsem tanıp, qushaqlayın shaqan’dı,
    Ko’ksim qoyıp jılıtayın arqamdı,
    Japırag’ın’a jatqızayın anamdı,
    Senin’ menen egizekpiz itima’l,

      
    10-iyun, 2015 jıl. 2163 ret ko'rildi


  • Дайыма

    Бир дайым бар көзлери күлимлеген,
    Қарақалпақ тилинен сабақ береди.
    Қыдырып барғанда гейде үйине,
    Түрли сораўларды бастан үйеди.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 1991 ret ko'rildi


  • Дүньяда бар жақсылар

    Адамға өмир берилген,
    Жақсыға ҳәм жаманға,
    Неше түрли адамлар бар,
    Жақсылар бар дүньяда.

      
    24-sentyabr, 2014 jıl. 3926 ret ko'rildi


  • Doslıq tilegi

    Kewlimde heshkimge g’ayırlıg’ım joq,
    Qayırlı tileklerim joldas sizlerge,
    Du’nyada doslıqtan o’zge baylıq joq,
    Qa’dirli joldaslarım men sizge dospan.

      
    15-aprel, 2013 jıl. 2276 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Seni suyemen

    Taslap qoy hesh bolmasa mag’an ko’z qırın’dı,
    Jasırmay ayta alayın sag’an men sırımdı,
    Na’zerin’ede ilmey meni sen taslap ketpe,
    Ha’r qıylı so’zlerge o’seklerge ere berme.

      
    16-yanvar, 2016 jıl. 4551 ret ko'rildi


  • Севилмоқ қийин

    Булутдан чиққан қўёшдек куйдирдинг,
    Лайли Кайсин суйдиргандек суйдирдинг,
    Гохида бир ширин жондан тўйдирдинг,
    Севмоқ осон экан севилмоқ қийин.

      
    22-aprel, 2013 jıl. 1901 ret ko'rildi


  • Sen baxıtlı bolıwın’ kerek.

    Du’nya astan-kesten bolsa da,
    Basın’a ne sawda salsa da,
    Arzıwların’ tu’ste qalsa da,
    Sen baxıtlı bolıwın’ kerek.

      
    19-avgust, 2016 jıl. 3200 ret ko'rildi


  • O’ylasam

    Gar men sizni o’ylasam,
    Yuragim o’ynab ketar.
    Siz haqdagi qo’shiqni,
    Tinmasdan kuylab ketar.

      
    17-noyabr, 2014 jıl. 2280 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.