Bul mobil menyu orni/ testing....


    Нервти сақлаўдың усыллары
    Биз күнделикли турмысымызда нелерден шаршаймыз ҳәм нелерди уўайымлаймыз ямаса ашыўланамыз? Өмирде нервқа тәсир етиўши көплеген себеплер табылады. Усылардың бир нешеўин көрип шығып, алдын алыўға ҳәрекет етемиз.

    Кейпиятыңыз түсип, ёшыңыздың болмаўы асқазанның төмен жумыс атқарыўының белгиси ғана емес, ал иммунитет ҳәлсизлигинен пайда болатуғын басқада кеселликлердиң көриниси. Психологлардың айтыўы бойынша, егер сиз бәрқулла шаршап жүретуғын болсаңыз, буны өз күшиңиз бенен жеңе аласыз. Адам ҳәммесинен бурын өзиниң қандайда бир ўақыяларға болған қарым-қатнасынан шаршайды. Демек ең баслысы – ҳәзир еситкен информацияның жақсы тәрепин услап қалған мақул. Мәселен, телевизорда бүгиннен баслап күн суўытады дегенди еситсеңиз, бирден қапа болмай, оның орнына өзиңизди қуўантыўға ҳәрекет етиң. Себеби ҳаўаның райы ҳешкимниң кеўлине қарамаса керек. Демек қапа болғаныңыз өзиңизге ғана зыян. Ал бузылған нерв клеткалары қайта қәлпине келмейди.

    “Аўырыўдың қәдирин саў билмес” дегениндей, арзымаған нәрселерге кеўлиңиз толмағанын, адам аўырған ўақтында ғана бурын кеўли толмайтын нәрселердиң ҳәммеси арзымас нәрселер болып көринеди. Себеби “басқа түссе көнесиз” дегениндей, өмирге ҳәмме ўақытта унамлы көз қарас пенен қараў керек.

    1-мәселе: Үлгили синдромы
    Нерв бузылыўына баслаўшы биринши жол – “мениң оннан қәйерим кем” сүрени. Әтирапымызда бизнесте әўмети келген, бирден байып кеткен, шаңарағына ҳәўес қылсаң арзыйтуғын адамларды көп көремиз. Сырттан қарағанымызда булар жүдә жақсы информациялар болып көринеди ҳәм бул жаңалыққа қуўанамыз, бирақ санамыздың түбинде булар нервқа тәсир етиўи мүмкин. Яғный, биз санасыз түрде үлгили болыўға ҳәрекет етип, қыялымыз арқалы өз алдымызға еплей алмайтуғын мақсетлерди қойып аламыз. Ол адамды қатты шаршатады. Ҳәм не ушын шаршап жүргениңизди де билмей қаласыз. Сонлықтан мақсет қойыў алдында өзиңиздиң жақсы тәреплериңизге, уқыплылығыңызға сәйкес келетуғын мақсетлерди қойған мақул. Мәселен, сиз ойламаған жерден атақлы кино жулдызды көрип қалдыңыз, сиз усы ўақытта өз исиңиздиң үлгили қәнигеси екениңизди еске алың. Ямаса әўметиңиз келген тәреплериңизди ойлаўға ҳәрекет етиң. Ең баслысы – өзиңизди өзиңиз жақсы баҳалаўыңыз керек.

    2-мәселе. Адамларды қызғаныў
    Бул сизиң энергияңызды жойтатуғын ең жаман қәсийет. Биреўлердиң ерискен жеңисин қызғаныў, көре алмаў, өзиңизди айыплаў жақсы емес әлбетте. “Мен оннан да күшлимен” деп ойлаўдың астарында бәрибир “мен неге ондай бола алмадым” деген ой болыўы мүмкин. Егер бурыннан қызғаншақ адам болсаңыз, мәселени шешиў сәл қыйынлаў. Сонда да тәбият сулыўлығынан ләззат алыўға талпынып көриң. Сиз қызығып, қызғанып атырған адамныңда қолы жетпеген нәрселери бар екенин ойлап көриң.

    3-мәселе. Өзиңизге исенбеў
    Қуры нерв бузыўдың тағы бир усылы – адамлардың сиз туўралы не ойлайтуғынына бас қатырыў ҳәм оларға жағыўға (унаўға) ҳәрекет етиў. Ҳәммеге жағыў мүмкин емес. Сиз жақсы адам болыўыңыз мүмкин. Бирақ ҳәр кимниң талғамы ҳәр түрли. Базы биреўлерге бәрибир жақпайсыз. Сонлықтан бул да қуры нервти бузыў. Сизиң жетискенликлериңиз бенен кемшиликлериңиз әтирапыңыздағыларға қызық болмаўы мүмкин. Сиз ҳаққында айтылған гәплер ўақыттың өтиўи менен умытылып кетиўи мүмкин.

    4-мәселе. Қанаат етпеў
    “Иләжи жоқ нәрсе жоқ” деген пикир дурыс емес. Себеби “көрпеңе қарап аяқ узат” деген даналық сөз бар. Қолымыздағы нәрселерге шүкир етейик.

    5-мәселе. Бәрқулла сақланып жүриў
    Қандайда бир нәрселерден қорқып жүриў де нервқа зыян.

    6-мәселе. Бийғамлық
    Бийғамлықтың өзиде нервти бузады екен. Қәлеген ҳәрекеттиң 5 бөлими бар: мақсет, жоба (реже), орынлаў, бақлаў ҳәм баҳалаў. Усы бесеўдиң биреўинде ислей алмаған адам психологиялық жақтан стресске ушыраўы мүмкин.


    Интернет материяллары тийкарында таярланды.

    Salamatliq bo'limi | 31-yanvar, 2015 jıl
    Bul bet 5804 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +2


    dilnaz 31 yanvar 2015 22:44

    Jaqsi magliwmatlar eken.
    lovely-girl 7 fevral 2015 18:33

    Zor
    Miron 5 mart 2015 10:21

    Juwap jazdi: dilnaz
    Jaqsi magliwmatlar eken.

    zor maglumat
    maqsetbay 19 may 2015 14:37

    Jaqsi mag'liwmat
    Marat 21 may 2015 11:20

    Ga'p joq. Elede ko'birek mag'liwmatlar ku'temiz
    gulbiybi 23 iyun 2018 17:20

    ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
    raxmet jumislarinin'izda tabislar

    Дүньяда бар жақсылар

    Адамға өмир берилген, Жақсыға ҳәм жаманға, Неше түрли адамлар бар, Жақсылар бар дүньяда....

    Қәйненелерге

    Ене, келин ортасында, Бир өмирлик даў болар Сол себепли енелерге Айтатуғын сөзим бар....

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

    Жигит журты

    Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Алтын гүз

    Алдында қаҳаман қыс барын билип,
    Әсте ғана жерге жапырағын төгип,
    Суўықты күтип алар, мүләйим күлип,
    Батырлықты үйрет маған, алтын гүз.

      
    29-oktyabr, 2013 jıl. 3663 ret ko'rildi


  • Устаздың айтқаны

    -Еҳ, сен бала енди,
    Бул билимиң менен адам болмайсаң,
    Оқыўшым көбирек үйренсин десем,
    Айтқанымды ядыңда сақлап қалмайсаң.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 1860 ret ko'rildi


  • Дайыма

    Бир дайым бар көзлери күлимлеген,
    Қарақалпақ тилинен сабақ береди.
    Қыдырып барғанда гейде үйине,
    Түрли сораўларды бастан үйеди.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2252 ret ko'rildi


  • Сағыныш

    Жылаймызда енди төркинлеп барсақ
    Себеп табылады оннан ғам жемең
    Шаўып тасланыпты сол үлкен терек
    Ҳеш ким керек емес! Керек сол терек!

      
    15-avgust, 2013 jıl. 2772 ret ko'rildi


  • Атама саўға

    Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға,
    Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға,
    Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап,
    Б-аба болып ертип жүриң қасыңызда.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 4168 ret ko'rildi


  • Onajon!

    Siz jannatsiz--mehringizga dunyo ham tor,
    Siz oftobsiz—taftingizga ko’ngil ham zor.
    Siz chashmasiz—oqib turgan suvi zilol,
    Onajonim duoyingiz qalbda tumor.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1843 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Сенсизликке енди қалай көнемен

    Мухаббатың жолында, енди жалғыз жүремен,
    Енди кимге арнап, бағдан гүллер теремен,
    Сораўым бар жуўапсыз, жуўабын мен билмеймен,
    Сенсизликке енди қалай?, енди қалай көнемен.

      
    19-oktyabr, 2015 jıl. 1855 ret ko'rildi


  • Жалғызсаң

    Неге бүгин жалғызсаң?
    Жубың қайда қарлығаш,
    Жуп болып келер едиңиз,
    Сайрап ҳәр күн хош ҳаўаз,

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2044 ret ko'rildi


  • "Ey banda"

    Armon ushalmagan orzu deysan,
    Dardim ko‘p davosi yo‘q deysan,
    O‘tgan umrimda sho‘x navo yo‘q deysan,
    Buncha noshukrsan-a ey banda.

      
    19-dekabr, 2015 jıl. 2583 ret ko'rildi


  • Қонликўллик Ф.га …

    Армон сўзи янграб ишқнинг ноласида,
    Хаёлларим қирғоғидан тошар бир ҳис.
    Гўзал юртда гўзалларнинг орасида,
    Юрагимни қонга белаб яшар бир қиз.

      
    27-noyabr, 2015 jıl. 1991 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.