Bul mobil menyu orni/ testing....


    Қәйненелерге
    Ене, келин ортасында,
    Бир өмирлик даў болар
    Сол себепли енелерге
    Айтатуғын сөзим бар.

    Келинлердиң айыбы не?
    Сүйгениме балаңызды,
    Жақсы көриў айып болса,
    Сүйместиңиз атамызды.

    Турмыс қурыў өмир заңы,
    Ҳеш ўақытта өзгермейди.
    Қотласаңда балаңызды
    Келиниңе сездирмейди.

    Келин пақыр ерте турса,
    Үйиң жыйнап аўқат қылса,
    Ерте турып ҳәм кеш жатып,
    Не айтсаңыз тайын қылса.

    Бир жыл болмай бала туўса,
    Әўладыңды даўам қылса,
    Сағынсада еки күнлеп.
    Төркининде қоналмаса.

    Үйдиң бийпул қорықшысы
    Ҳәм бийминнет хызметшиси.
    Сондадағы жақсы ат жоқ
    Дым жақпайды еткен иси.

    Қәйин ене анаханлар.
    Бунша неге мин тағасыз,
    Келин болған күниңизди
    Қалайынша умытасыз?

    Өз үйиниң қуяшы ол.
    Ҳәр үйдиң ҳаўасы басқа,
    Сол ҳаўаға үйренгенше
    Қарасыўға дым болмаспа.

    Қәйин енениң топырағынан
    Жаралады дейди келин,
    Егер сол гәп туўры болса,
    Тап өзиңе усар келин.

    Балаңыздың қостары ол,
    Шығарда тек жаны бөлек
    Ақлығыңның анасы ол,
    Мазалыда болар түйнек.

    Соның ушын келинди де
    Қызыңыздай көре билиң
    «Ҳәр ким сыйлағанның қулы»,
    «Қул» болып хызмет етер келин.


    Гөззал Ибраймова.

    Poeziya bo'limi | 01-avgust, 2014 jıl
    Bul bet 5052 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +9


    Asqar 24 sentyabr 2014 17:50

    "Соны? ушын келинди де
    ?ызы?ыздай к?ре били?"

    ))))
    Phoenix 7 yanvar 2015 07:07

    Қайин енелерге де аңсат емес, көпшилиги келинниң басқыннып кетиўинен, баласын пүткиллей бийлеп алыуынан қәўипсинип алдын аламан деп сондай қылады, және билмедим......

    Сағындым

    Туўылып өскен ата-журтым Шымбайдың Сол баяғы соқпақларын сағындым, Бирге ойнап,бирге гүбелек қуўған, Көшемиздиң ул-қызларын сағындым....

    Мухаббат дәрти

    Жаслығымның гөззал бир кешесинде. Ушраттым кеўилим аңсаған қызды Қарап көзлерине көзим түскенде Жүрегим үзилип кеткендей болды...

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

    Анама

    Ана меҳри дәря,булақ сарқылмас Ана ушын бәрше теңеўлерде аз Ҳеш кимде ананың орынын баса алмас Аз болса да арнап сөз жаздым бираз...

    Жигит журты

    Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Қара көзлерим

    Мөлдир қара көзлерде,
    Жүрек сыры бар еди.
    Сол жүреклер түбинде,
    Әрмәнлар қабат еди.

      
    19-aprel, 2013 jıl. 3629 ret ko'rildi


  • Men jigirma jastaman!

    Erkinlikten elim jaynap-jasnag’an,
    Basınan hesh baxıt qusı ushpag’an,
    Usınday bir g’arezsizlik zamanda,
    Doslar, bu’gin men jigirma jastaman!

      
    27-may, 2014 jıl. 2378 ret ko'rildi


  • Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем,
    Жалғыз ғана жолға түстим мен
    Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек
    Мен алға жүриўди турыппан қәлеп.

      
    11-may, 2013 jıl. 3811 ret ko'rildi


  • Анажан

    Сағынып хәмийше көзге жас алып,
    Излеймен өзиңди ашық аспаннан,
    Қудайымның ҳәмирине бойсынып.
    Айралық айырды бизди анажан.

      
    18-mart, 2015 jıl. 2328 ret ko'rildi


  • Dostım

    O’zin’ ba’ha’rimnin’ jasıl iren’i,
    Sag’ınıshlı gu’zdin’ en’ tatlı demi,
    Ashıwın’ qıstın’ bir ayazlı ku’ni,
    Pasıl ma’writindey dolang’an dostım.

      
    26-mart, 2014 jıl. 2498 ret ko'rildi


  • Zulfiyaxonimga

    Kun kunni quvarkan, lahza lahzani,
    Umr daftariga tushar chizgilar.
    Gullarga burkansa tinchlik maskani,
    Yurakni sayr etar ajib sezgilar.

      
    29-fevral, 2016 jıl. 3344 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Istardim!

    Orzularim armon bo’lmasa,
    Bu hayotim yolg’on bo’lmasa,
    Muxabbatim xazon bo’lmasa,
    Sevib sevilishni istardim men ham.

      
    19-mart, 2013 jıl. 2671 ret ko'rildi


  • Asıg’ıspan

    Asıg’ıspan barar ma’nzilim uzaq,
    Ele qansha shın’nan asıwım kerek,
    Alda ne qın’ırlıq, duslasar neler,
    Tag’dir a’zel bunnan bermekte da’rek.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 2202 ret ko'rildi


  • Seni o’ylab!

    Seni o’ylab ko’zimdan yoshlar to’kildi
    Seni deya mag’rurgina qaddim bukildi
    Bu xolimni ko’rib dushmanlar kuldi
    Dardim ichimdadir ayta olmayman
    Shunda ham hech sendan kecha olmayman!!!

      
    12-mart, 2013 jıl. 4767 ret ko'rildi


  • Севилмоқ қийин

    Булутдан чиққан қўёшдек куйдирдинг,
    Лайли Кайсин суйдиргандек суйдирдинг,
    Гохида бир ширин жондан тўйдирдинг,
    Севмоқ осон экан севилмоқ қийин.

      
    22-aprel, 2013 jıl. 2171 ret ko'rildi


 




Allayar → Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
→ Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
→ Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
→ Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
→ Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
→ Logikalıq soraw #62
каскадер
→ Logikalıq soraw #62
Пластелин
→ Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
→ Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.