Bul mobil menyu orni/ testing....


    Имтихан
    Анам айтты: -«Журналисттиң,
    Наны жуқа, айдай қызым,
    Басын усла басқа истиң,
    Мен айтаман билип сөзим.

    Наны жуқа, иси аўыр,
    Тыным билмей жуўырасаң,
    Ҳәтте ана болып турып,
    Үйиңди де умытасаң.

    Ядыңда ма, кишкене ең,
    Өзим менен ерткен едим,
    Сол жумыстың бәнесинен,
    Сени умытып кеткен едим.

    Көп болады бундай жағдай,
    Егер сен де ийелесең,
    Журналистке қыйын сондай,
    Алғыс болса, соң көрерсең».

    Жуўап айттым: -«Мениң ушын,
    Барлық кәсип бирдей кәсип,
    Тек бул қайсар кеўилиме,
    Ол Ай менен Күндей кәсип…»

    Анам тағы сораў берди:
    -«Не бунша сөзиң өзгерди?
    Бул қарарға келиўиңе,
    Бир себеп болған беди?».

    - «Эй меҳрийбан анажаным,
    Сенсең мениң кеўил бағым,
    Нийетим бар сеннен түйген,
    Соннан тапсам ас ҳәм наным.

    Миннетдарман өзиңе,
    Миннетдарман күниме,
    Мени ерткен изиңнен,
    Ҳәм шығарған есиңнен,

    Соннан берли барқулла,
    Ҳүрметлеймен бул исти,
    Келешекте тақ тура,
    Жырлайман мен турмысты.

    Несип етсе, тап сиздей,
    Шын журналист боламан,
    Шайыр айтқан ҳәр сөздей,
    Халық кеўлинде қаламан».

    -« Мейли, қызым, бар қызым,
    Сынағымнан өттиң сен,
    Көптен асығып күткен,
    Әрманыма жеттим мен.

    «Көк экран»ның жүзинде,
    Турмыстың пәтин қайнат,
    Бул абадан елимде,
    Журналистиканы жайнат!


    Гүлзада ӨТЕНИЯЗОВА
    Бердақ атындағы ҚМУдың Журналистика билим бағдары студенти

    Poeziya bo'limi | 09-iyul, 2014 jıl
    Bul bet 3043 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң

    Бухара, Самарқанд, Хийўа, Хорезм, Тарийхый дереклерге байдур елим, Ҳәтте таң қалдырған дүньяның жүзин, Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң....

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Өзбекстаным

    Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...

    Ўатаным

    Аспаныңда қанат қомлап ушсам деп, Қушағымда беккем сени қушсам деп, Кәне енди алақанда тутсам деп, Ер жетемен қушағыңда ўатаным....

    Қара көзлерим

    Мөлдир қара көзлерде, Жүрек сыры бар еди. Сол жүреклер түбинде, Әрмәнлар қабат еди....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • “O’mir”

    O’mirsharqpalegi tınbas heshbir dem,
    Ku’n izinen ay ha’m jıllarda keler,
    Bul bir bes ku’nlik du’niya der,
    Hey insan! Baxıtın’ talpınsan’ keler.

      
    12-aprel, 2013 jıl. 2309 ret ko'rildi


  • Таң

    Мине атты тағы бир таң әжайып,
    Жер жүзине нурлы шуғласын жайып,
    Өмирим бир күнге барар қысқарып,
    Сонда да күтемиз таңды асығып.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2305 ret ko'rildi


  • Қарақалпақлар

    Садық болып бәрҳә туўған елине,
    Журты мәдет болып күш жигерине,
    Душпан келер болса ана жерине,
    Оларды муңайтқан Қарақалпақлар.

      
    21-noyabr, 2015 jıl. 3378 ret ko'rildi


  • Yoshlik

    Ilk sevgimning nishonasi sen,
    Baxt uyinning koshonasi sen,
    Katta yo’lning peshonasi sen ,
    Orzularim hirmoni yoshlik.

      
    15-noyabr, 2014 jıl. 2178 ret ko'rildi


  • Қаратаў

    Нешше мың жыллар ертеде,
    Атылды вулкан аспанға.
    Ериди топырақ, өртене,
    Айланып қалды тасларға.

      
    04-may, 2016 jıl. 2600 ret ko'rildi


  • Қутлуғ замон

    Шоирларга илҳомбағшсан,
    Кўнгилларга зар-нақшсан,
    Юлдузларга еттим учсам,
    Сен деганда , Мустақиллик.

      
    24-yanvar, 2015 jıl. 2119 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Muhabbat

    Armon bo’lga muhabbat,
    Sarson bo’lga muhabbat,
    Orzulardan armonlari,
    Hirmon bo’lgan muhabbat.

      
    27-dekabr, 2014 jıl. 10528 ret ko'rildi


  • Кешир жаным кешире алсаң.

    Сен кеўлимниң сазында барсаң,
    Шерге толы ҳижранлы тарсаң,
    Жақтым өзге үйдиң шырағын,
    Кешир жаным, кешире алсаң.

      
    29-iyul, 2018 jıl. 3664 ret ko'rildi


  • Кел энди

    Эй маҳбубим қаро кўзинг,
    Кўзинг каро дилим яро,
    Кел энди.
    Оҳ моҳвашим, паривашим,

      
    22-aprel, 2013 jıl. 2976 ret ko'rildi


  • Сулыў қызлар

    Күнде көшемизден өтер көп қызлар,
    Ҳәр қыз өткен сайын жүрегим музлар,
    Қасларын қағады наз етип бираз,
    Қабақларын үйселер денемиз музлар.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2845 ret ko'rildi


 




Allayar → Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
→ Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
→ Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
→ Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
→ Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
→ Logikalıq soraw #62
каскадер
→ Logikalıq soraw #62
Пластелин
→ Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
→ Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.