Bul mobil menyu orni/ testing....


    Әкежан
    Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип,
    Сиз бенен жүрермен бахытқа толып,
    Мениң ең исенген инсаным болып,
    Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!

    Мен сизиң ерке бир жалғыз қызыңыз,
    Саўапқа бөленсин басқан изиңиз,
    Еки қылмайман сизиң айтқан сөзиңиз,
    Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!

    Мен-бир нәлше, сиз-қарыўлы бағманым,
    Бағыңызда мениң камал таўғаным,
    Қуўансаңыз мен шадлыққа толғаным,
    Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!

    Өз күшиңиз бенен бахыт тапқансыз,
    Дос-душпанға бирдей күлип баққансыз,
    Бәрҳа саўап дәрьясында аққансыз,
    Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!

    Тәрбиялап, өсирдиңиз мени жастан,
    Кеўилиңиз кеўиллерге нур уласқан,
    Өз мийнети менен алға қәдем басқан,
    Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!

    Өмир сынаўларын артта қалдырып,
    Шаңарағымыздың бахыт отын жандырып,
    Бизди мудам меҳриңизге қандырып,
    Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!

    Өмириңизде болса егер, қыйыншылық,
    Қыйын күнлер жолыңыздан қалсын шығып,
    Сынаўларды мийнетиңиз бенен жығып,
    Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!

    Жаным пидә болсын басқан изиңизге,
    Жас толмасын, ҳешқашан нурлы көзиңизге,
    Маржан пицин нәсиятлы сөзиңизге,
    Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!

    Анажаным менен узақ өмир сүриң,
    Бул дүньяның шадлықларын бирге көриң,
    Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!
    Анам менен сиз бәрҳама шадлы жүриң!


    Бийбисара Худайназарова.

    Poeziya bo'limi | 26-oktyabr, 2015 jıl
    Bul bet 2446 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +5


    Өмирим бәҳәри-әкем ҳәм анам

    Ата-ана өмирдиң гүли емеспе? Олар алтын қуяштың нуры емеспе? Жаратыўшы тәбияттың күни емеспе? Өмирим бәҳәри-әкем ҳәм анам!...

    Бахыт

    Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...

    Атама саўға

    Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...

    Анама

    Ана меҳри дәря,булақ сарқылмас Ана ушын бәрше теңеўлерде аз Ҳеш кимде ананың орынын баса алмас Аз болса да арнап сөз жаздым бираз...

    Бахыт ҳәўес етсин маған

    Көз тиймегей менде жүрек, Нийетлерге толы мәкән, Бирақ, Бахыт неге керек? Бахыт ҳәўес етсин маған....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Наўрыз

    Мухаббатқа толар жүреклер,
    Күш-қуўатқа толар билеклер,
    Қуўаныштан болып дереклер,
    Бәҳәр менен келеди Наўрыз.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 2490 ret ko'rildi


  • Дебдиў

    Кеўилимди биле алмай отырдым турдым,
    Тынышлық бермеди иштеги хаўаз,
    Қолға қәлем алып жаза басладым,
    Дегендей еледе, жаза бер жаз-жаз!

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2448 ret ko'rildi


  • Ана

    Қараңғы түнлерди қуяшлы күнге,
    Тутастырып бәрҳә болады бирге,
    Аспаннан нур болып, гүл болған жерде,
    Бир шымдым ийискелеп, тоймайман ана!

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2613 ret ko'rildi


  • Қуяшлы таңлар

    Ертеңги таңлардың атыўы бийкар,
    Бәрибир жеңеди оны нурсыз түн,
    Мениң кеўилиме соң берип азар,
    Алыстан қуяшым батады бүгин.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2057 ret ko'rildi


  • Bahor

    Hamma yoqda bahor nafasi,
    Bulbul bilan oshno tutundim,
    Siz bilmaysiz mengina asli,
    Shoira bo’lmoq uchun tug’ildim.

      
    18-dekabr, 2015 jıl. 2589 ret ko'rildi


  • Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем,
    Жалғыз ғана жолға түстим мен
    Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек
    Мен алға жүриўди турыппан қәлеп.

      
    11-may, 2013 jıl. 3791 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Иләҳий сезим

    Мухаббат бул-иләҳий сезим,
    Қашан келер буны билмейсең,
    Қыялыңды жаўлаған жигит,
    Сөз салғанда көзге илмейсен.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3096 ret ko'rildi


  • Ўтинч

    Ҳижрон карвонига қўшилганча жим,
    Бечора муҳаббат кетиб боряпти,
    Ортидан термулиб ёнмоқда ичим,
    Соғинчлар азадор бўлиб қоляпти.

      
    09-dekabr, 2015 jıl. 2245 ret ko'rildi


  • Baxt qasrini quraylik birga!!!

    Men senga hecham xiyonat qilmadim,
    Sendan o’zga yorni hech tan olmadim,
    Sendan o’zgalarni hecham ko’rmadim,
    Senga jonim sadqa bo’lsin azizim!

      
    12-mart, 2013 jıl. 3182 ret ko'rildi


  • Хаёл

    Хаёллар чорлайди мени сен томон,
    Қўярму карашинг юракни омон,
    Бугун кўролмасам ҳолимдир ёмон,
    Чорлагин борайин ёнингга сенинг,

      
    20-aprel, 2013 jıl. 2573 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.