Bul mobil menyu orni/ testing....


    Бала қәлби
    Бала қәлби

    Биз жас балалардың қәлбине қулақ аса бермеймиз. Олардың пикирлерине, дүньяға көз-қарасларына, қызығыўшылықларына да онша итибар қаратпаймыз. Жақында интернет тармағында оқыған ўақыяларым мениң бул бағдардағы пикирлеримди пүткиллей өзгертип жиберди.

    Онда жазылыўынша, бир хирург бес жасар қызға операция ислеўи ушын қан группасы биринши болған донар керек болған. Лекин, қан табылмаған. Сол ўақытта наўқас қызалақтың егизек ажағасынан сораўға мәжбүр болып

    – Бул «өмир я өлим» мәселеси, қарындасыңа жәрдем бересеңбе деп оннан донор болыўын сорайды. Сонда бес жасар бала азырақ ойланып болып, изине қайырылып ата-анасы менен хошласады. Баланың бул қылығына ҳеш ким итибар бермейди. Баладан зәрүрли қан алып болып, қарындасына қуяды. Кейин баладан аўҳалын сорағанда:

    – Енди мен қашан өлемен?–деп сорайды.
    Сол гезде хирург балаға «өмир я өлим» мәселеси, «донор» болыў дегенге қарындасына жан бериўи керек, деп түсинип, ата-анасы менен хошласқанын кейин түсинип, өзиниң жас балаға түсиниксиз болған терминди қолланғанына қысынып қалады.

    Кейин балаға қарындасына жан емес, қан берсе тәўир болып кететуғынын айтады.
    Және бир ўакыяда, бир ағаш устасы әдеттегиден көп буйыртпа алады ҳәм кешке шекем питкериўге ҳәрекет етеди. Жумыс әйне қызған мәҳәлде ток өшип қалады. Ток жаныўын бираз күтип отырған устаның көзи станоктың свети жанып турғанлығын көреди. Демек, ток өшпеген, тек лампочка сөндирип қойылған. Хақыйқатында да, сондай болып шығады. Уста қайтадан исин даўам етип атырса, және ток өшип қалады. Устаның жети жасар баласы зәңгиге тырмасып светти өширип кетпекши болып атырған екен. Ғәзепленген уста хаялын шақырып, баласын жазалайды ҳәм баласының нелер менен бәнт болып жүргенлигин, дәптерлерин тексерип көриў ушын оның ханасына келеди. Олар баласының дәптериниң арасындағы бир бет қағазға жазып қойған сөзди оқып, қатты тәсирленип қалады. Онда былай жазылған екен. “Бүгин түсимде ағамды ток урып кетипти. Мен қолымнан келгенин ислеп ағамды аман алып қаламан”.

    Усы сыяқлы ўақыялар өмиримизде көп ушырасады. Биз еле нәресте деп ойлаған балаларымыздың кишкене ғана қәлбинде үлкен ислерди әмелге асырыўға болған умытылыслар жатырғанлығын ўақтында байқай алмай қала беремиз. Сөзимниң соңында, балаларыңызға қулақ асың ҳәм олардың пикирлерин де итибардан шетте қалдырмаң, дегим келеди.


    М.Чимбергенова

    Megablog bo'limi | 01-iyun, 2015 jıl
    Bul bet 1367 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Атама саўға

    Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...

    Соңғы пушайман

    Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

    Жигит журты

    Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Ўатаным

    Аспаныңда қанат қомлап ушсам деп,
    Қушағымда беккем сени қушсам деп,
    Кәне енди алақанда тутсам деп,
    Ер жетемен қушағыңда ўатаным.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 2946 ret ko'rildi


  • Өмир жолы

    Таң атты қуяштан дәрек жоқ бирақ,
    Кеўлимди қорқыныш жаўлап баратыр,
    Қуяшты пүткиллей тосып тур бир дақ,
    Басымда түрли ой ғаўлап баратыр.

      
    04-dekabr, 2015 jıl. 2566 ret ko'rildi


  • Устаздың айтқаны

    -Еҳ, сен бала енди,
    Бул билимиң менен адам болмайсаң,
    Оқыўшым көбирек үйренсин десем,
    Айтқанымды ядыңда сақлап қалмайсаң.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 1967 ret ko'rildi


  • Атама саўға

    Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға,
    Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға,
    Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап,
    Б-аба болып ертип жүриң қасыңызда.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 4291 ret ko'rildi


  • Қарақалпақлар

    Садық болып бәрҳә туўған елине,
    Журты мәдет болып күш жигерине,
    Душпан келер болса ана жерине,
    Оларды муңайтқан Қарақалпақлар.

      
    21-noyabr, 2015 jıl. 3379 ret ko'rildi


  • Dostım

    O’zin’ ba’ha’rimnin’ jasıl iren’i,
    Sag’ınıshlı gu’zdin’ en’ tatlı demi,
    Ashıwın’ qıstın’ bir ayazlı ku’ni,
    Pasıl ma’writindey dolang’an dostım.

      
    26-mart, 2014 jıl. 2499 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Үмит ушқыны (монолог)

    Кешир…
    Сени тыныш қоялмайман,
    Буның ҳеште илажи жоқ,
    Мен басқасын сүйе алмайман,

      
    04-mart, 2014 jıl. 5657 ret ko'rildi


  • Seni suyemen

    Taslap qoy hesh bolmasa mag’an ko’z qırın’dı,
    Jasırmay ayta alayın sag’an men sırımdı,
    Na’zerin’ede ilmey meni sen taslap ketpe,
    Ha’r qıylı so’zlerge o’seklerge ere berme.

      
    16-yanvar, 2016 jıl. 4904 ret ko'rildi


  • Sevdim azizim!

    Bir ko’rdim u aqlim yo’qoldi,
    O’sha chexrang yurakda qoldi,
    Jonu tanim olovda yondi,
    Seni bir ko’rdim sevdim azizim.

      
    19-mart, 2013 jıl. 2480 ret ko'rildi


  • Ashıq ju’rek

    Ta’g’dir qatal ko’zlerimde turar qayg’ı,
    Doslar qatal so’zderinde turmaydaw,
    Sag’at qatal bir waqıtta turmaydı,
    Waqıt qatal jaslıg’ımdi urlaydı.

      
    19-mart, 2014 jıl. 2711 ret ko'rildi


 




Allayar → Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
→ Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
→ Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
→ Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
→ Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
→ Logikalıq soraw #62
каскадер
→ Logikalıq soraw #62
Пластелин
→ Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
→ Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.