Bul mobil menyu orni/ testing....


    Наўрыз байрамы қутлы болсын!
    Жаңаланыў ҳәм жасарыў байрамы болған Наўрыз халқымыздың ҳәр жылы, жыл даўамында асығып күтетуғын улыўма халықлық байрамларының бирине айланды. Ғәрессизлигимиздиң дәслебинен баслап миллий байрамымыздың қайта тиклениўи, халқымыздың әзелден бир биреўге меҳир мүриўбетли, қайыр сақаўат ҳәм кең пейилли сыяқлы пазыйлетлерин мазмун ҳәм мәнис жағынан анағурлым дәрежеде байытты. Жасларымыздың милийлигимизге, үрип әдет ҳәм салт дәстүрлеримизге болған ҳүрмет ҳәм итибары артып өзлигимизди бүгин дүньяға танытпақтамыз.

    Шығыс халықларының жаңа жыл сыпатында қәдирлейтуғын байрамы Наўрыз негизинде жасарыў, жаңарыў мәўсими. Кеўиллерге жақсылық, абаданшылық, ийгиликли нийетлерди бағышлаўшы уллы күн. Көп ғана арзыў мақсетлерди өзинде жәмлеген бул сәне ҳәзирги күнде де халқымыз тәрепинен кең түрде қәдирленеди.

    Тийкарғы байрам тамашаларының бири улыўма халықлық Наўрыз байрамы жаңа жыл сыпатында ҳәр бир инсан қәлбинде қуўаныш ҳәм шадлықларды алып келетуғын бул байрам кеўиллерге жыллылық инәм етеди. Республикамыздың барлық қала ҳәм районларында байрам салтанатлары жоқары шөлкемлескенлик пенен белгиленбекте.

    Наўрыз байрамы қутлы болсын!

    Наўрыз байрамы қутлы болсын!

    Ата бабаларымыздан бизгеше жетип келген Наўрыз гөже тағамы бүгин ҳәр бир мәҳәлле көшелеринде писирилип, турғынлар Наўрыз гөже дәмин татпақта. Тийкарынан жети түрли қоспалардан таярланатуғын бул тағамның дәми бүгин өзгеше. Сондай-ақ Сүмелек сейиллери, басқада түрли илажлар менен спорт жарысларыда өз көринислерин таўып атырған байрам тамашалары пүткил халқымызды үлкен қуўанышқа бөлеп атыр. Барлық турғынлар бул байрамға белсене қатнаспақта. Жыйналғанлар халқымызды байрам менен қутлықлап жақсы тилек ҳәм нийетлерин билдирмекте. Түрли миллий тағамлар көргизбеси жыйналғанларға айрықша заўық бағышлады. Мәденият ҳәм спорт ислери бөлимлери жас талантлылары таярлаған Ассалам Наўрыз атамасындағы концерт бағдарламалары, атқарылған қосық ҳәм ойынлар ҳәр қыйлы шығыўлар менен байрам спорт ойынлары палўанлардың гүреси менен даўам етпекте.

    Наўрыз байрамы қутлы болсын!

    Наўрыз ғарессизликтиң шексиз имканиятлар есиги екенин көрсетеди. Мәмлекетимизде ҳәр бир байрамның өз әҳимийети мазмун мәниси бар. Әсиресе әсирлер даўамында тарийхтың не не сынақларынан мәрдана өтип, халықтың турмысы менен терең байланысып кеткен бул күнлерге қайта жаңарып инсан қәлбине өзгеше заўық ҳәм шадлықларды бағышлаўшы бул әйямның салтанатыда кеўиллерге жақсы заўықлар алып келмекте. Миллий қәдирятларымыз ҳәм үрип әдетлеримизди өзинде жәмлеген байрам тамашалары елимиз бойлап даўам етпекте.


    Калмуратов Б.
    Сүўрет: Ташкент қаласындағы Наўрыз сейиллеринен көринис.

    Megablog bo'limi | 25-mart, 2015 jıl
    Bul bet 2043 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    «ТАТУ»да Наўрыз байрамы

    Үлкемизге кирип келген бәҳәр өзиниң бaр гөззaллығы менен инсaнлaр кеўлине өзгеше кейпият инaм етип, бaйрaмлaр мәўсими бoлғaнлығы менен де ҳәмийше...

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Биринши муҳаббат

    Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....

    Наўрыз

    Мухаббатқа толар жүреклер, Күш-қуўатқа толар билеклер, Қуўаныштан болып дереклер, Бәҳәр менен келеди Наўрыз....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Бәҳәр

    Бәҳәр келди елиме көклем мәўсими,
    Тәбият уйқыдан оянып атыр.
    Тереклер бұртиклеп жер бети көклеп,
    Әлем ҳасыл липасқа боянып атыр.

      
    17-aprel, 2013 jıl. 3326 ret ko'rildi


  • Vatan

    Vatan! Sen gulsan, hidlaring ifor bo’lib taralgan,
    Sen bir quyosh, nurlaringda hayot mujassam,
    Sensan ona, quchog’ingda farzand yaralgan.
    Har qarich tuprog’ingda jannat hidi bor.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 2585 ret ko'rildi


  • Сағындым

    Туўылып өскен ата-журтым Шымбайдың
    Сол баяғы соқпақларын сағындым,
    Бирге ойнап,бирге гүбелек қуўған,
    Көшемиздиң ул-қызларын сағындым.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2898 ret ko'rildi


  • Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли,
    Оларды түсиниў қыйынды бәлки,
    Бирақта өз ана тилиңди билсең,
    Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы.

      
    12-may, 2013 jıl. 2888 ret ko'rildi


  • Сеҳргар рассом

    Йўлим бор ўзимга аталган,
    Қаршилар қалашар қошимда.
    Омадим шаштимга қадалган,
    Тошлар ҳам кўринар ошимда.

      
    07-dekabr, 2015 jıl. 2328 ret ko'rildi


  • Устаздың айтқаны

    -Еҳ, сен бала енди,
    Бул билимиң менен адам болмайсаң,
    Оқыўшым көбирек үйренсин десем,
    Айтқанымды ядыңда сақлап қалмайсаң.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 1915 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Bir seni sevarman so’zimga ishon!

    Seni o’ylab uyg’ondim har tong
    Aqlimga quloq solmas yuragim bejon
    Seni deya yasharman har laxza har on
    Bir seni sevarman so’zimga ishon.

      
    12-mart, 2013 jıl. 3604 ret ko'rildi


  • "Ey banda"

    Armon ushalmagan orzu deysan,
    Dardim ko‘p davosi yo‘q deysan,
    O‘tgan umrimda sho‘x navo yo‘q deysan,
    Buncha noshukrsan-a ey banda.

      
    19-dekabr, 2015 jıl. 2646 ret ko'rildi


  • Кетдинг

    Мен сени соғиндим. Дардим ичимда.
    Жон берсам розиман бир майса,чимда,
    Айт,баxтингни,ёрим кўргандинг кимда?
    Азоблар бағрига ташладинг-кетдинг.

      
    21-dekabr, 2015 jıl. 2910 ret ko'rildi


  • Сени излеймен.

    Баяғы бағлардан жалғыз қайтаман,
    Үмит ушқынлары лаўлап қайтадан,
    Сағыныш қосығын саған айтаман,
    Қалбим Темурланы сени излеймен.

      
    29-iyul, 2018 jıl. 3395 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.