Bul mobil menyu orni/ testing....


    Өзбекистанлы боксшылар ЖЧ финалына шықты
    Өзбекистанлы боксшылар ЖЧ финалына шықты

    Еслетип өтемиз, усы жылдың 6-октябрь сәнесинде Қатар пайтахты Доҳа қаласында бокс бойынша Жәҳән чемпионатына старт берилген еди. Ең итибарлысы ярым финал басқышына спортшыларымыздың алтаўы өткен еди.

    Сөйтип, Өзбекистан Куба сайланды командасынан кейин екинши орынға шықты. Кубалы жети боксшы ярым финал рингине шықты. Ал қалған Россия ҳәм Азербайжаннан 4 боксшы, Ирландиядан үш, Қытай, Украйна ҳәм Қазақстаннан 2 боксшы, Филипин, Жазайр, Ҳиндистан, Беларус, Бразилия, Тайланд, Марокаш, Мысыр, Уллыбритания ҳәм Франциядан – бир-бир боксшыдан ярым финалға жетип келди.

    10-октябрь күни болып өткен шерек финалда Өзбекистаннан Муратжан Аҳмадалиев (-56 кг) тайлантлы қарсыласын, Эльнур Абдураймов (-60 кг) монголиялы қарсыласын, Фазлиддин Гаипназаров (-64 кг) италиялы қарсыласын, Бектемир Мелиқозиев (-75 кг) россиялы қарсыласын, Баҳодир Жалолов (+91) иорданиялы қарсыласын ҳәм Элшод Расулов (-81) қазақстанлы Әдилбек Ниязымбетовты жеңди. Усы күни тек, өзбекистанлы боксшылардан Рустам Толаганов кубалы Ерисланди Савоннан жеңилип қалды.

    Соң бокшыларымыздың алтаўы ярым финалға қатнасып, олардан үшеўи финал ойынларына жоллама алды.

    Дәслеп, Мураджон Аҳмадалиев (-56 кг) ҳиндистанлы қарсыласы Шива Тапаны 3:0 (29:28, 29:28, 29:28) есабында жеңди.

    64 кг салмақта қатнасқан Фазлиддин Гаипназаров тайландлы қарсыласы Вуттичай Масукиди 3:0 (30:27, 30:27, 30:27) есабында жеңип, ол финалда россиялы Виталий Дунацевқа қарсы рингке шығады.

    Ал 75 кг салмақта болса Азия чемпионы Бектемир Мелиқозиев ҳәм финал жолламасын қолға киритти. 19 жаслы Бектемир ярым финалда ирландиялы Майкл Орейли ди 2:1 есабында жеңип шықты. Ол енди финалда кубалы Арлен Лопес пенен боксласады.

    Шешиўши финал беллесиўлеринде Кубадан алты, Өзбекистан ҳәм Россиядан үш, Қазақстан, Азербайжан ҳәм Ирландиядан еки, Марокаш ҳәм Франциядан бир боксшылар қатнасады.

    Солай етип, өзбекистанлы 3 қолғап устасы финалға жоллама алды. Финал беллесиўи ертең (14-октябрь күни) болыўы күтилмекте. Ең баслысы, булар Рио-2016 Олимпиада ойынларына жолламаны да қолға киритти.


    Сүўрет: Getty Images сайтынан.

    Sport bo'limi | 13-oktyabr, 2015 jıl
    Bul bet 1818 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Россиялы қосықшы Жанна Фриске дүньядан өтти

    Усы жылдың 15 июнь күни атақлы қосықшы Жанна Фриске Москва қаласында қайтыс болды деп хабарлайды Super порталына силтеме берип www.megaline.uz сайты. 40 жаслы Жанна қәўипли...

    Өзбекистанлы футболшылар күтилген жеңиске еристи ҳ& ...

    18-январь күни болып өткен 3-ши турда Өзбекистанлы футболшылар Саудия Арабстан сайланды командасы үстинен 3-1 есабында жеңиске еристи. Бул ойында Өзбекистан сайланды командасының бас...

    Соңғы пушайман

    Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Ярым қайдасаң

    Сырлы қарасларың жанды алғандай, Сағыныштан бул журегим талғандай, Өзиңсиз журегим ҳүўлеп қалғандай, Журегимниң ийеси,ярым қайдасаң....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Аўыл ҳаққында айтыс

    ―Аҳўалың қалай алыстағы аўыллас,
    Қаладағы жерлесиңе хабарлас,
    Мен сорайын аўылдың күн көрисин,
    Айтып берши аўылыңның турмысын.

      
    01-noyabr, 2015 jıl. 2657 ret ko'rildi


  • Дайыма

    Бир дайым бар көзлери күлимлеген,
    Қарақалпақ тилинен сабақ береди.
    Қыдырып барғанда гейде үйине,
    Түрли сораўларды бастан үйеди.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2360 ret ko'rildi


  • Қурақ көрпеше

    Анам тиккен қурақ көрпеше,
    Көздиң жаўын алады жайнап,
    Мийнет етип күни-түн нешше.
    Қурастырар бир-бирлеп жыйнап.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3271 ret ko'rildi


  • Ko'z-qaras

    O'mir misli ag'ar da'rya,
    Ko'z aldın'nan o'tip keter,
    Ku'sh-g'ayratı jetken g'ana
    Ko'pir salıp qorıqpay o'ter.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 76957 ret ko'rildi


  • Өмирим бәҳәри-әкем ҳәм анам

    Ата-ана өмирдиң гүли емеспе?
    Олар алтын қуяштың нуры емеспе?
    Жаратыўшы тәбияттың күни емеспе?
    Өмирим бәҳәри-әкем ҳәм анам!

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2683 ret ko'rildi


  • Digirman

    U’yimizdin’ eski shiyli qosında,
    Tap sol qostın’ shetki bir quwısında,
    Turar edi u’lken taslı digirman,
    Ha’m ma’rdana turısına qayılman.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 2190 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Bul aqsham tu’simde

    Men sizdi ushırattım na’zerimde mın’,
    Oyımda ketpeysiz uzaqlap mennen,
    Biraq bul bir qıyal, bir shiyrin tu’stey,
    Heshqashan on’ınan kelmes bilemen!

      
    28-aprel, 2013 jıl. 2841 ret ko'rildi


  • Seni o’ylab!

    Seni o’ylab ko’zimdan yoshlar to’kildi
    Seni deya mag’rurgina qaddim bukildi
    Bu xolimni ko’rib dushmanlar kuldi
    Dardim ichimdadir ayta olmayman
    Shunda ham hech sendan kecha olmayman!!!

      
    12-mart, 2013 jıl. 4767 ret ko'rildi


  • Кешир мени

    Кеширалсаң кешир мени сүйгеним,
    Тағдир сынар екен буны билмедим.
    Ерип душпанымның жалған сөзине,
    Тойымызға разылық бермедим.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3030 ret ko'rildi


  • Kel

    Tog’lar boshi qor ekan,
    Ko’nglim senga zor ekan,
    Menga soching dor ekan,
    Sayrona etaylik kel.

      
    17-noyabr, 2014 jıl. 2837 ret ko'rildi


 




Allayar → Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
→ Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
→ Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
→ Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
→ Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
→ Logikalıq soraw #62
каскадер
→ Logikalıq soraw #62
Пластелин
→ Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
→ Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.