Bul mobil menyu orni/ testing....


    Инсан ҳуқықларын қорғаўда журналисттиң хызмети
    Инсан ҳуқықларын қорғаўда журналисттиң хызмети


    Раўажланыўдың демократиялық жолын таңлаған мәмлекетке қойылатуғын баслы талап, инсан ҳуқықларын қорғаў болып табылады. Инсан ҳуқықларын қорғаў мәселелеринде баслы ҳуқықый тийкар болып БМШ тәрепинен 1948-жылы 10-декабрьде қабыл етилген «Инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша халықаралық декларация» хызмет етип келмекте. Инсан ҳуқықлары мәселелери менен шуғылланыўшы қәнигелердиң айтыўына қарағанда, бүгинги күни раўажланған мәмлекетлер ҳәм енди раўажланып киятырған мәмлекетлердеги бир қатар институтлар «Инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша халықаралық декларация» сы ҳәм инсан ҳуқықлары менен байланыслы болған ҳуқықый нормалардың тутқан орны жүдә әҳмийетли. Егер декларацияның 19-статьясын толығы менен баян ететуғын болсақ онда былай делинген: «Ҳәр бир инсан өз пикирин иркинишлерсиз баян ете алыў, соның менен бирге ҳәр қыйлы мағлыўмат ҳәм пикирлерди баян етиў, қабыл етиў ҳәм оларды тарқатыўды өз ишине алған сөз еркинлигине ийе». Демек, инсан ҳуқықларын жүзеге шығарыўда ғалаба хабар қуралларының да айрықша роли бар екенлиги баян етилген. Декларацияның кирисиў бөлиминде инсан өмириндеги ең уллы сезим инсанның қәдир-қымбаты оған берилиўи керек болған принцип-ҳуқық пенен тең қойылады» деп атап өтилген. Дөретиўшилик процеси даўамында журналист инсан өмирине байланыслы мәселелерди көтергенде усы еки статья дөгерегинде ҳәрекет етсе мақсетке муўапық болады. Декларацияның 12-статьясында журналистти сергекликке шақырыўшы нормалар белгилеп берилген, яғный өзгелердиң жеке өмирине ҳеш кимниң, атап айтқанда журналисттиң де араласыўына жол қойылмайды.

    Егер мәселеге терең кирип баратуғын болсақ, халықаралық ҳуқық нормаларындағы пунктлер журналистлердиң улыўма инсаныйлық қәдириятларды қорғаўдағы ҳәрекетлеринде этикалық нормаларға да бойсыныўы кереклигин ескертип турады. Инсан ҳуқықлары мәселелери менен шуғылланыўшы көп ғана қәнигелердиң пикирине қарағанда, пикирди баян етиў фундаментал ҳуқық есапланып, барлық улыўма инсаныйлық ҳуқықлардан үстин туратуғынлығын атап өтеди. Пикирлеў еркинлиги, сөз еркинлиги шешиўши процессте кең халық массасының қатнасыўын тәминлеп бериў қурал сыпатында да илимге айланды.

    «Инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша халықаралық декларациясы» журналистлердиң искерлигиинде қандай роль ойнайды деген сораў туўылыўы мүмкин. Инсанның қәдир-қымбатын қорғаў, оның ҳуқықларын жүзеге шығарыў процесинде журналистлер тиккелей қатнасады. Журналист инсанның излеген ҳәм тапқан хабарын жәриялаўы ушын қолайлы шараят жаратып берип, оған жәрдем бериўи шәрт. Өз гезегинде журналисттиң өз аудиториясын анық ҳәм күнделикли өмир ушын әҳмийетли хабарды жеткерип бериў журналистика тараўына жүклетилген функциялардан есапланады.

    Өзбекистанда журналистлердиң искерлигин нызамлы тәртиплестириў процеси де анық жолга қойылған. «Ғалаба хабар қураллары ҳаққында» Өзбекистан Республикасының нызамында журналисттиң ҳуқықы менен биргеликте миннетлери анық көрсетилген. Нызамның 6-статьясында былай делинген: «Ғалаба хабар қураллары арқалы пуқаралардың намысы ҳәм қәдир-қымбатын аяқ-асты етиў, олардың жеке өмирине араласыўға жол қойылмайды.» Бул қатарлардан сонны аңлаўымыз мүмкин, инсанның жеке өмирине араласыўға журналисттиң де ҳакысы жоқ. Соның менен бирге бул процесс «Хабар алыў кепилликлери ҳәм еркинликлери ҳаққында» Өзбекистан Республикасы нызамының 4-статьясында «Хабар алыў еркинликлериниң тийкарғы принциплери хабардың әшкаралығы, ҳәмме алыў мүмкин екенлиги, расгөйлигинен ибарат» өз көринисин тапқан. Демек, бир тәрептен журналисттиң хабар дереклери менен ислескенде оның мойнында бир қатар миннетлемелер бар екенлигин нызам ескертетуғын болса, екинши тәрептен журналистке хабарды излеў ҳәм оларды тарқатыўда бир қатар еркинликлер жаратып береди.

    Инсан ҳуқықларын қорғаў, олрдың конституциялық ҳуқықларын әмелге асырыўы ушын жергиликли баспасөзимиз бир қатар жумысларды әмелге асырмақта. Әсиресе, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы газетасы есапланған «Ғәрезсизлик ҳәм нызам» газетасында инсан ҳуқықлары менен байланыслы болған бир катар рубрикалар хәрекет етип турыпты. Мысал ушын: «Ҳуқықый мәсләҳәт мүйеши», «Сораңыз жуўап беремиз» ҳәм басқада.

    Демек, журналистлеримиз инсан ҳуқықларын қорғаў, пуқараларымыздың бир ҳуқық ҳәм еркинликлерин жүзеге шығарыўда тийкарғы күш есапланады.


    Ҳүрмет Атажанов,
    Журналист.

    Elimizde, Megablog bo'limi | 23-noyabr, 2015 jıl
    Bul bet 1840 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +2


    Жалғызсаң

    Неге бүгин жалғызсаң? Жубың қайда қарлығаш, Жуп болып келер едиңиз, Сайрап ҳәр күн хош ҳаўаз,...

    Әкежан

    Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
    ---

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Бахытлы өтпекте жаслық шағым, Ана Ўатан сениң қушағыңда, Билемиз, әлбетте, буның бәрин, Ғәрезсизлик шарапатында. Далалар, қалалар бәри...

    Шулық ҳаққында

    Шулықты кийиўге де қандайда бир талғам керек. Шулық шалбардың реңине ямаса аяқ кийимниң реңине сәйкес таңланады. Ең баслысы – қара реңли...

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Бәҳәр

    Бәҳәр келди елиме көклем мәўсими,
    Тәбият уйқыдан оянып атыр.
    Тереклер бұртиклеп жер бети көклеп,
    Әлем ҳасыл липасқа боянып атыр.

      
    17-aprel, 2013 jıl. 3412 ret ko'rildi


  • Устаздың айтқаны

    -Еҳ, сен бала енди,
    Бул билимиң менен адам болмайсаң,
    Оқыўшым көбирек үйренсин десем,
    Айтқанымды ядыңда сақлап қалмайсаң.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 1967 ret ko'rildi


  • Сағындым

    Туўылып өскен ата-журтым Шымбайдың
    Сол баяғы соқпақларын сағындым,
    Бирге ойнап,бирге гүбелек қуўған,
    Көшемиздиң ул-қызларын сағындым.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2951 ret ko'rildi


  • Өмир жолы

    Таң атты қуяштан дәрек жоқ бирақ,
    Кеўлимди қорқыныш жаўлап баратыр,
    Қуяшты пүткиллей тосып тур бир дақ,
    Басымда түрли ой ғаўлап баратыр.

      
    04-dekabr, 2015 jıl. 2565 ret ko'rildi


  • Ўақыт

    Кешеги бир кишкене бөбек,
    Жас жетип, камалға толды,
    Бағымдағы бир қарыс нәлше,
    Үлкен терек мийўалы болды.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2069 ret ko'rildi


  • “O’mir”

    O’mirsharqpalegi tınbas heshbir dem,
    Ku’n izinen ay ha’m jıllarda keler,
    Bul bir bes ku’nlik du’niya der,
    Hey insan! Baxıtın’ talpınsan’ keler.

      
    12-aprel, 2013 jıl. 2310 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Севгим

    Юрагимда ишқ дафтарин очган ўзингсан,
    Сўнгра тутқич бермай яна қочган ўзингсан,
    Мен телбанинг сирларини сочган ўзингсан,
    Менинг учун азизсан, эй севгим, севгилим.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 2689 ret ko'rildi


  • Айланди бошим

    Хушимдан айрилиб бўлдим девона,
    Кичик бу кулбам ҳам бўлди ғамхона,
    Севги мухаббат-ла бўлдим мастона,
    Бошим айландия, айланди бошим.

      
    22-aprel, 2013 jıl. 2225 ret ko'rildi


  • Келгин

    Кел,мунисим, ёнимга,
    Фироқ тегди жонимга,
    Оқшомлари ишқ майи
    Оғу қўшди қонимга.

      
    09-dekabr, 2015 jıl. 2087 ret ko'rildi


  • Sen baxıtlı bolıwın’ kerek.

    Du’nya astan-kesten bolsa da,
    Basın’a ne sawda salsa da,
    Arzıwların’ tu’ste qalsa da,
    Sen baxıtlı bolıwın’ kerek.

      
    19-avgust, 2016 jıl. 3518 ret ko'rildi


 




Allayar → Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
→ Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
→ Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
→ Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
→ Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
→ Logikalıq soraw #62
каскадер
→ Logikalıq soraw #62
Пластелин
→ Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
→ Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.