Bul mobil menyu orni/ testing....


    «Балалардың жеңис ҳаққында билимин жетилистиргим келди», -дейди орыс тили ҳәм әдебияти пәни муғаллим Ш.Альжанова
    Мектеп муғаллимниң балалар менен жақсы ислескени яки оларға тыянақлы билим бере алғаны оқыўшыларының өмирден өз орынан таўып, маман қәниге болып жетискенлиги менен белгиленеди. Лекин, балалар менен тиллесип, олардың кеўлине жол таўып, жақсы билим бериў қыйын. Буның ушын ҳәр муғаллим өз методынан, тәсилинен пайдаланады. Усындай өз оқыўшыларының кеўлине орыс тили ҳәм әдебияты пәнине болған қызығыўшылықты жайластыра алған инсанлардың бири пайтахтымыздағы 1-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектебиниң муғаллим Шынар Альжанова.

    Жақында Шынар Альжанованың мийнети жоқары баҳаланды. Ол «Русский мир» қоры, «Российская газета», Россия сыртқы ислер министрлиги, Москва қаласы сыртқы экономикалық ҳәм халықаралық байланыслар департаментиниң қоллап-қуўатлаўы менен ҳәр жылы шөлкемлестирилип киятырған уллы орыс классиги А.С.Пушкинниң ҳүрметине орыс тили ҳәм әдебият пәни муғаллимлери арасында шөлкемлестирилип киятырған таңлаўдың лауреты болыў бахтына еристи.

    «Балалардың жеңис ҳаққында билимин жетилистиргим келди», -дейди орыс тили ҳәм әдебияти пәни муғаллим Ш.Альжанова

    «Балалардың жеңис ҳаққында билимин жетилистиргим келди», -дейди орыс тили ҳәм әдебияти пәни муғаллим Ш.Альжанова

    «Балалардың жеңис ҳаққында билимин жетилистиргим келди», -дейди орыс тили ҳәм әдебияти пәни муғаллим Ш.Альжанова

    Шынар Альжанова үлкен тәжирийбеге ийе устазлардың биринен есапланады. Ол 1991-жылы Волгаград педагогикалық институтының орыс тили ҳәм әдебияты қәнигелигин питкерген. Өз педагогикалық искерлигин сол жылы пайтахтымыздағы 19-санлы орта мектепте орыс тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими болып баслаған. Буннан соң болса он жыл даўамында 34-санлы мектепте минсиз жумыс ислеген. 2006-жылдан баслап болса пайтахтымыздағы қәнигелестирилген мектеп орыс тили ҳәм әдебияты пәнинен сабақ берип келмекте.

    Ол муғаллимшиликтиң машақатлы кәсип екенлигин жақсы биледи. Солай болса да балалар менен ислескенди, олардың кеўлине жол тапқанды жақсы көретуғыны толып тасып айтып берди. Бир неше жыл мектепте лаўазамлы жумысларда ислегенин де жасырмады, лекин, «оқыўшыларға сабақ берип, олардың арасында болғанды қәлегеним ушын бул жумыслардан бас тарттым» деп атап өтти.

    - Бул таңлаў ҳаққында бир неше жыллардан берли билемен. Ҳәр жылғы таңлаў белгили бир тема шеңберинде шөлкемлестириледи. Быйылғы таңлаўдың темасы «Жеңис тили. Сизиң оқыўшыларыңыз 1945-жылдың майы ҳаққында не биледи?» болды. Расын айтыўыс керек, оқыўшыларым урыс туўралы, онда аталарының қатнасқанын онша билмейтуғын еди. Усыны есапқа алып урыс ҳаққындағы шығармаларды тәсирли етип оқып берип, оқыўшыларда түсиник пайда ете басладым. Кейин ала болса оқыўшыларым ата-анасын сорап урысқа қатнасқан аталары ҳаққында сорап, оларды сүўретлерин де алып келип көрсетти. Урыс ҳаққында қосықлар фестивалында шөлкемлестирдик. Урыс ҳаққында аталарымыздың жеңис ушын жанын пидә еткенин келешек әўладқа жеткериўге болған умтылысым нәтийже берди деп ойлайман, -дейди Шынар Альжанова.

    Шынар Альжанованың Москва қаласына болған сапары зая кетпеди. Себеби, ол жақта болып дүньяның 50 мәмлекетинен келген муғаллимлер менен танысып тәжирийбе алмасыў бахтына миясар болды.

    - Москва қаласына сапарымыз үлкен тәсирге бай болды. Таңлаўдың рәсмий бөлими менен биргеликте тәжирийбе алмасыў, мәдений илажлары да шөлкемлестирилди. Тәжирийбе алмасыў ушын Москва қаласындағы 1231-санлы француз тилине қәнигелестирилген мектепте болдық. Сабаққа кирдик, муғаллимлери менен сабақларды өтиў методлары менен де таныстық. «Русский мир» фонды, «Российская газета» да қабыллаўда болдық. Соның менен бирге Москва қаласы күни концертине, дүньяға белгили болған А.С.Пушкин атындағы музейде болып, дөретпелер менен жақыннан таныстық, - дейди Шынар Альжанов.

    Ол таңлаўдың жеке раўажланыўына, тәжирийбесин және де раўажландырыўына болған умтылысын және де беккемлегенин айрықша атап өтти. Буның айқын дәлили сыпатында оқыўшыларының Россия ҳәм басқада мәмлекетлер мектеплери оқыўшылары ушын жылда өткерилип киятырған «Русский медвежонок» таңлаўына қатнасып атырғанын атап өтти. Оның оқыўшылары бул таңлаўға интернет арқалы сораўларға жуўап берген, нәтийжелери болса тез арада шығатуғынлығын атап өтти.

    Республикамызда Шынар Альжановаға уқсаған муғаллимлеримиз көп болса, оқыўшыларымыздың халықаралық таңлаўлар менен пән олимпиадаларында нәтийжели қатнасыўына имканият жаратылады.


    Ҳүрмет Атажанов,
    Сүўретте: Таңлаўдан көринислер.

    Altin-da'wir bo'limi | 09-dekabr, 2015 jıl
    Bul bet 2005 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +2


    Өз тилинди умытпа!

    Ана тил-қатнасық, молшылық табыс, Ана тил-қанаат ар менен намыс, Ана тил-сын сыпат, мисли бир нағыс, Қайда болсаң, өз тилиңди умытпа....

    Әкежан

    Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...

    Шулық ҳаққында

    Шулықты кийиўге де қандайда бир талғам керек. Шулық шалбардың реңине ямаса аяқ кийимниң реңине сәйкес таңланады. Ең баслысы – қара реңли...

    Бахыт

    Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Әлипбеге тәрийп

    А-ллам илҳәм берип дөреттим қосық,
    Ә-липбеге нәзер салып,жүректен юшып,
    Б-арлық гөззаллықты тәрийп етейин,
    Д-әптериме жүрек сырымды қосып.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2536 ret ko'rildi


  • Alg'a qa'dem

    Dostım, o’mirden bolmag’ıl qapa,
    Aldın’g’a aylanar waqıt shen’beri,
    Basın’dı ko’terip, ku’lip bir qara,
    Jaqtılıq shırag’ı ele so’nbedi,

      
    31-iyul, 2015 jıl. 3871 ret ko'rildi


  • Қәйненелерге

    Ене, келин ортасында,
    Бир өмирлик даў болар
    Сол себепли енелерге
    Айтатуғын сөзим бар.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 5025 ret ko'rildi


  • Жаңа жыл

    Ғәрезсизлик басланғанлы елимде
    Еркинлик сезими жасар кеўилде.
    Мине бүгин жигирмаға толмақта
    Жаңа жылым бахыт берсин ҳәр үйге.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3324 ret ko'rildi


  • Taqdirga murojaat

    Taqdir senga bir savol agar kelmasa malol,
    Aytib bergin avvalim oxirim ham azalim,
    Kechmishimda nelar bor menga qay ishlar dushvor,
    Mushkuloting qay zamon bu jonni qo’yib omon.

      
    27-dekabr, 2014 jıl. 2737 ret ko'rildi


  • Сағыныш

    Жылаймызда енди төркинлеп барсақ
    Себеп табылады оннан ғам жемең
    Шаўып тасланыпты сол үлкен терек
    Ҳеш ким керек емес! Керек сол терек!

      
    15-avgust, 2013 jıl. 2854 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Ko’p ku’ttirmey kel, dilbarım

    Bir ko’rgende boldın’ a’rman,
    Da’rtime de sensen’ da’rman,
    Sen barsan’ ba, mende barman,
    Ko’p ku’ttirmey kel, dilbarım.

      
    19-mart, 2013 jıl. 2938 ret ko'rildi


  • Кетдинг

    Мен сени соғиндим. Дардим ичимда.
    Жон берсам розиман бир майса,чимда,
    Айт,баxтингни,ёрим кўргандинг кимда?
    Азоблар бағрига ташладинг-кетдинг.

      
    21-dekabr, 2015 jıl. 2945 ret ko'rildi


  • Baxt qasrini quraylik birga!!!

    Men senga hecham xiyonat qilmadim,
    Sendan o’zga yorni hech tan olmadim,
    Sendan o’zgalarni hecham ko’rmadim,
    Senga jonim sadqa bo’lsin azizim!

      
    12-mart, 2013 jıl. 3183 ret ko'rildi


  • Ilk sevganimga!

    Men u payt yeti yoshlarda edim,
    Birovni sevishga hali yosh edim,
    Lekin men sevardim sinfdoshimni,
    O’ziga aytishga tortinar edim.

      
    19-mart, 2013 jıl. 3220 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.