Bul mobil menyu orni/ testing....


    Кеўиллерге нур қуйып…
    Кеўиллерге нур қуйып…Халқымыз әзелден он бармағынан өнери тамған ҳаял-қызлары менен танылып келген. Олардың нәзик бармақларынан дөрелген сан әлўан нағыслар, безеўлери шырайына-шырай қосқан көйлеклер көпшиликте қызығыўшылық оятқаны ҳеш кимге де сыр емес. Елимиз ғәрезсизлик туўын тиккен жылларда бул өнерге итибар да, мийнетлерине болған талап та, ең баслысы қолында өнери бар ҳаял-қызларымызға жаратылған имканият көлеми де артты. Өйткени, ата-бабаларымыз мийрас қалдырған, кешеги ала-сапыран дәўиринде умыт бола жазлаған қол өнериниң қәдири дүньяда бәлент екенлигин өзлигин аңлаған халқымыз аңлап жетти.

    Мине усындай қол өнериниң қәдирин билген, халқының мийрасын дүньяға жайыўды мақсет еткен жасларымыздың бири Айзада Нурумбетова болып табылады. Ол 1994-жылы Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған соң өзиниң кәсиби муғаллимшиликке араласты. Бирақ, дөретиўши шаңарақта туўылған Айзада дөретиўшиликтен қуры алақан қалыўы мүмкин емес еди. Өйткени, ол әкеси художник Бақберген ағаның жанында жүриўи оның жүрегине өнерге деген ықласты оятып кеткен еди. Сонлықтан да, соңынан бул кеўил сарайына уя салған өнерге болған ықласы бәрибир өзиниң қушағына жетеледи. Солай етип, ол 2006-жылы қол өнерин раўажландырыўды кеўлине түйди да, жалғыз тигиў машинасы менен жумысын баслады. Соңынан оның жанына «Микрокредитбанк» тен 1 миллион 250 мың сум кредит алып, бир неше тигиў машиналарын қосты. Мине усылайынша жусылар бир жөнкилли болып кетти.

    Айзада Нурумбетова 2009-жылдан баслап Өзбекстан, Қарақалпақстан ҳаял қызлары комитетлери ҳәм Бирлескен миллетлер шөлкеминиң демография мәселелери бойынша фонды (UNFPA) қәўендерлигинде шөлкемлестирилген «Кеўил нуры» ҳаял-қызлар ҳәм олардың шаңарақларын социаллық-ҳуқықый қоллап-қуўатлаў орайына басшылық етеди. Орай негизинде кем тәминленген ҳаял-қызлар ҳәм олардың шаңарақларына, балаларына социаллық-ҳуқықый жәрдем көрсетиў, жас әўладтың физикалық ҳәм руўхый жетилискен инсан етип тәрбиялаў, саламат әўладты жетилистириў, аналық ҳәм балалықты қорғаў, шаңарақларға ҳәм олардың перзентлерине тәбийий, ҳуқықый ҳәм психологиялық жәрдем көрсетиў ўазыйпасын мойнына алған.

    Жақын жыллар ишинде Айзада Нурумбетованың өмиринде және бир есте қаларлық ўақыя жүз берди. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, БМШ ниң раўажландырыў бағдарламасы (ПРООН), Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, «Исеним» ресурс орайы менен биргеликте «Кеўил нуры» ҳаял-қызлар ҳәм олардың шаңарақларын қоллап-қуўатлаў орайы жанында «Өзбекстанда ҳаял-қызлар ҳәм ерлерди жумыс пенен тәминлеўдеги тең имканиятлар ушын нызамшылық ҳәм институциональ орталықты жетилистириў» атамасындағы жойбары шеңберинде социаллық әҳмийетке ийе «Миллий ҳәм заманагөй кийим тигиў цехы» ашылыў салтанаты болып өтти. Мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Б.Нурабуллаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары, республика ҳаял-қызлар комитети баслығы З.Ибрагимова, БМШ ниң Раўажландырыў бағдарламасы (ПРООН) ның Қарақалпақстан Республикасы бойынша жойбары баслығы Баҳадур Палўаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Мийнет ҳәм халықты социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў министри ўазыйпасын атқарыўшы Умар Султанов ҳәм басқада мийманлар қатнасты. Мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Баҳамдулла Нурабуллаев кәрхананың ашылыўы мәмлекетимиз экономикасының раўажланыўына, жумыссыз жүрген ҳаял-қызлардың жумыс пенен тәминлениўине, жасларды кәсип-өнерге үйретиўде әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти. Бул жерде исленип атырған миллий кийимлерге жоқары баҳа берди.

    Жойбар бойынша 23 мың АҚШ доллары туратуғын Қытай Халық Республикасында ислеп шығарылған заманагөй тоқыў машинасы, утюглер ҳәм басқада үскенелер алып келинди.

    - Бизиң тийкарғы ўазыйпамыз ҳаял-қызларды жумыс пенен тәминлеў болса, екиншиден олардың жүрегинде өзине деген исенимди арттырыў. Ҳәзир көпшилик кем тәминленген, шаңарағында қыйыншылығы бар ҳаял-қызларда усы сезим жетиспейди. Неге дегенде олар инсанның инсанлығын белгилеп беретуғын өзине деген исенимди жойытып алған. Бир жумыстың басын тутайын десе, қыйыншылығынан, жарты жолда арбаны төңкерип алыўдан қорқады. Болмаса басқаға жалтақлап, биреўден жәрдем күтиўге үйренип қалған. Бизиң мақсетимиздиң бири де усы «уйықлап» жатырған исенимге қанат байлаў, оның еркин пәрўаз етиўи ушын түртки бериўден ибарат. Негизинде ҳәр бир инсан алға қарай умтылса, келешеги өз қолында екенлигин аңлап жетсе, әлбетте өзиниң дийдине жететуғынына исенимим кәмил. Бүгинги күнде кәрханамызда ислеўшилерге усы нәрсени уқтырыўға ҳәрекет етип атырмыз. Ертең олардың да өмирде өз жолын таўып кетиўине исенемен,-дейди Айзада Нурумбетова.

    Әлбетте Айзада Нурумбетова басқарған «Кеўил нуры» деп аталыўшы орайдың еле талай кеўиллерге нур қуйып, небир өзине исенимди жоғалтқан инсанлардың жүрегине нур қуйып, талай инсанларды өз нуры, кеўил сарайы менем ысыта береди. Сонлықтанда өз гезегинде Айзада Нурумбетоваға машақатлы жумысларында табыс тилеп қаламыз.


    Ҳүрмет Атажанов.

    Megablog bo'limi | 17-avgust, 2013 jıl
    Bul bet 1722 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

    Қарақалпақта

    Үстинде бар нағышлы киймешеги, Маржан тақыя жарасықлы пөпеги, Келиншеклер кийер жегде жипекли, Көк көйлекли қызлар қарақалпақта....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Өзбекстаным

    Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Digirman

    U’yimizdin’ eski shiyli qosında,
    Tap sol qostın’ shetki bir quwısında,
    Turar edi u’lken taslı digirman,
    Ha’m ma’rdana turısına qayılman.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 2098 ret ko'rildi


  • “O’mir”

    O’mirsharqpalegi tınbas heshbir dem,
    Ku’n izinen ay ha’m jıllarda keler,
    Bul bir bes ku’nlik du’niya der,
    Hey insan! Baxıtın’ talpınsan’ keler.

      
    12-aprel, 2013 jıl. 2204 ret ko'rildi


  • Кегейлим

    Туңғыш қәдемлерим басылған мәкан,
    Мол ырысқым бахтым шашылған мәкан,
    Мың әсир илгери ашылған мәкан,
    Кегейлим, бахтыңды жырлағым келди.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2146 ret ko'rildi


  • Қишлоғимга нигоҳ

    Кўчаларда изғирин изғир,
    Кайфиятга бўлиб ҳукмрон.
    Тортқилайди анвойи ҳис бир
    Мени олис қишлоғим томон.

      
    04-dekabr, 2015 jıl. 2368 ret ko'rildi


  • Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем,
    Жалғыз ғана жолға түстим мен
    Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек
    Мен алға жүриўди турыппан қәлеп.

      
    11-may, 2013 jıl. 3732 ret ko'rildi


  • Qıs kartinası

    Uzaq jolg’a sapar shekti gu’z,
    Japırag’ın alıp shaqadan,
    Bosap qaldı ken’ sahrayı du’z,
    Tu’sip shımrı, ayaz qahaman.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 4622 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Muhabbat fasli

    Muhabbat qo’shig’in birga kuylasak,
    Hamda sevgimizni birga so’ylasak,
    Hatto bir fikrni, o’yni o’ylasak,
    Muhabbat degani asli shu erur,

      
    22-aprel, 2013 jıl. 3538 ret ko'rildi


  • Жалған сезимлер

    Жасайсаң көзлеримниң қарасында
    Сенде мени еслейсеңбе арасында?
    Жүрегимди қыйнап, күйип-жанарман,
    Сен берген муҳаббаттың азабында.

      
    04-may, 2013 jıl. 2343 ret ko'rildi


  • Ишон энди

    Бундан олдин бунчалар ҳеч куймагандим,
    Дилда севги меҳр ҳиссин туймагандим,
    Ўзинг каби ўзгасини суймагандим,
    Бахтли қилай гапларимга ишон энди,

      
    22-aprel, 2013 jıl. 2052 ret ko'rildi


  • Umrbod sevaman!

    Vadalarni berib berib kuydirib ketding,
    Orzularim armon qilib maqsatga yetding,
    Ishon qattiq sevgandim seni,
    Umrbod sevaman buni bilsayding!

      
    18-mart, 2013 jıl. 3126 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.