Bul mobil menyu orni/ testing....


    Пуқаралар ушын жаңа имканият
    Пуқаралар ушын жаңа имканият

    Пуқараларымыздың мәмлекетлик органларға мүрәжат етиўи, ҳәр қыйлы хызмет түрлеринен электрон тәризде пайдаланыўына қолайлық жаратыў ушын my.gov.uz сайтында мәмлекетлик интерактив хызметлердиң бирлескен порталы жумыс баслады.

    Порталдың тийкарғы мақсетлериниң бири, пайдаланыўшылар ушын мәмлекетлик органларға туўрыдан-туўры мүрәжат етиў, мәмлекетлик органлар менен пайдаланыўшылардың бирге ислесиўиниң нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик органларға мүрәжат еткенде пайда болатуғын бюрократиялық тосқынлықты жоқ етиў, келешекте «электрон ҳүкиметти» раўажландырыў ҳәм мәмлекетти басқарыўда заманагөй информациялық технологияларды енгизиўден ибарат.

    Бирлескен порталға кириў жеке кабинет арқалы әмелге асырылады. Портал арқалы бир тәреплемели ҳәм еки тәреплемели хызметлер бийпул ҳәм пуллы тәризде әмелге асырылады.

    Ҳәзирги ўақытта пуқараларымызға жеңиллик жаратыў ушын бир қатар хызметлер әмелге асырылып келинбекте. Портал арқалы төмендеги хызметлерден пайдаланыўыңызға болады. Хызметлер менен толық түрде my.gov.uz сайтында танысыўыңызға болады.

    - Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине қараслы болған жоқары оқыў орынлары ҳаққында мағлыўмат;

    - Мәмлекетлик салық хызметинен салықтан қарыздарлық ҳаққындағы мағлыўматнама алыў ушын өтиниш хатын көрип шығыў, дизимге алыў, қабыл етиў;

    - Қамсызландырыў бойынша хызметти әмелге асырыў ушын өтиниш хатын көрип шығыў, қабыллаў ҳәм дизимге алыў;

    - «Ўзбекистон ҳаво йўллари» МАК рейслери ушын электрон авиабилетти сатыў ҳәм брон ислеўди әмелге асырыў;

    - Коммунал ҳәм басқада төлемлерди оператив түрде әмелге асырыў ушын имканият жаратыў, сондай ақ хызметлерден пайдаланыўшылардың жеке есап бетине еркин кириў мүмкиншилиги;

    - Мәмлекетлик реестрден дәри-дәрмақты излеў;

    - Жумыс излеп жүрген пуқараларға жумысқа орналасыўы ушын мағлыўмат береди ҳәм бос жумыс орнын табыўға жәрдемлеседи;

    Бирлескен порталдың техникалық ҳәм информациялық тәминлениўи UZINFOCOM Компьютер ҳәм хабар технологияларын раўажландырыў ҳәм иске қосыў орайы тәрепинен әмелге асырылады.

    Атап өтиўимиз керек, портал иске түскеннен кейин оның техникалық тәминленгенлигин жақсылаў ҳәм жаңа хызмет түрлерин енгизиў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

    Жақында мәмлекетлик интерактив хызметлердиң бирлескен порталында жаңа Мәмлекетлик архивтиң еки хызмет түри әмелге асырыла баслады. Билим алғанлығы ҳәм сыйлық алғанлығын тастыйықлаўшы мағлыматнама алыў ушын дәслеп порталда дизимнен өтиў керек кейин болса, «Архив» блогине кирип «Выдача архивных справок о подтверждении награды (учебы)» кириледи. Бул жерде пайдаланыўшы юридикалық ҳәм физикалық тәреп паспорт мағлыўматын киргизеди (егер пайдаланыўшыда PassportID статусы болса, бул басқыш өткерип жибериледи.) ҳәм туўра келетуғын мағлыўматнама формасын толтырыў керек болады. Отыз күн өткеннен соң пайдаланыўшыға қоңыраў етиледи яки мағлыўматнаманы қашан ҳәм қай жерде алыўға болатуғыны ҳаққында хат алады.

    Ал, жақында болса портал тәрепинен жаңа пуқаралардың мүрәжатлары бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында СМС-хабарландырыў бийпул хызмети иске қосылды. СМС-хабарландырыў менен пуқараның мәмлекетлик органға мүрәжатының ҳәр бир басқышы СМС арқалы хабарландырып барылады. Егер мүрәжат көрип шығыў ушын қабыл етилсе «Сизиң мүрәжатыңыз қарап шығылыў ушын қабыл етилди» деген СМС-хабар келеди.

    Келешекте пуқаралар тәрепинен ҳәр қыйлы мағлаўматнамаларды алыўда тосқынлық кемейеди. Усы бағдарда UZINFOCOM тәрепинен қатар жумыслар әмелге асырылып бармақта. Лекин порталды иске қосыўшылардың мағлыўматына қарағанда, оның ушын бир қатар техникалық ҳәм шөлкемлестириў мәселесин шешиў керек. Яғный мағлыўматларды бир форматқа алып келиў ҳәм жумыс ислеў методы ҳәм жумыс тәртибин өзгертиў лазым.


    Таярлаған: Ҳүрмет Атажанов,
    Журналист

    Megablog bo'limi | 10-noyabr, 2013 jıl
    Bul bet 2165 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Алтын гүз

    Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Биринши муҳаббат

    Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Әлипбеге тәрийп

    А-ллам илҳәм берип дөреттим қосық,
    Ә-липбеге нәзер салып,жүректен юшып,
    Б-арлық гөззаллықты тәрийп етейин,
    Д-әптериме жүрек сырымды қосып.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2489 ret ko'rildi


  • Na’zer

    Qıyal jeteledi ayna aldına,
    Ha’m go’zzal ta’biyat na’zerim tarttı,
    Son’g’ı japıraqları qalıp taldın’da,
    Jelkeme turmıstın’ ju’klerin arttı.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 4678 ret ko'rildi


  • Биреўге дүньяны әпермек болмаң...

    Биреўге дүньяны әпермек болмаң,
    Мейли дүнья қалсын дүнья ҳалында,
    Биреўге усынып гүл термек болмаң,
    Ол да өнип өссин шәмен бағында.

      
    21-dekabr, 2015 jıl. 3893 ret ko'rildi


  • Аўыл ҳаққында айтыс

    ―Аҳўалың қалай алыстағы аўыллас,
    Қаладағы жерлесиңе хабарлас,
    Мен сорайын аўылдың күн көрисин,
    Айтып берши аўылыңның турмысын.

      
    01-noyabr, 2015 jıl. 2603 ret ko'rildi


  • Mehmon bo’lgin

    Uyingga kelsa mehmon,
    Eng avvalo qo’ygin non.
    Hol-ahvolin bil so’rab,
    Yaxshi yomonin tinglab.

      
    06-yanvar, 2015 jıl. 2662 ret ko'rildi


  • Yoshlik

    Ilk sevgimning nishonasi sen,
    Baxt uyinning koshonasi sen,
    Katta yo’lning peshonasi sen ,
    Orzularim hirmoni yoshlik.

      
    15-noyabr, 2014 jıl. 2111 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Kewildegi tilek

    Baxıt qusı ushırasa senin' jolın'da,
    Qıyın eken qon dep aytıw qolıma,
    Baxıtqa alıp barar o'mir jolında,
    Sen menin' baxıt qusım bolsan' der edim.

      
    18-fevral, 2017 jıl. 2412 ret ko'rildi


  • Сени соғиниб…

    Юрак сарҳадларининг энг олис нуқтасида,
    Армонлар макон қурган маҳзунликнинг пастида,
    Висол онлари кечган xотиралар қасдида,
    Соғиниб яшаяпман,сени жоним соғиниб…

      
    02-dekabr, 2015 jıl. 2268 ret ko'rildi


  • Кешир мени

    Кеширалсаң кешир мени сүйгеним,
    Тағдир сынар екен буны билмедим.
    Ерип душпанымның жалған сөзине,
    Тойымызға разылық бермедим.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2979 ret ko'rildi


  • Iqrar

    Haqıyqat ko’z jardı ko’z aydın,
    O’zimnen o’zligim izleymen,
    Endi ne boladı, siz aytın’,
    Endi qay ma’nzildi go’zleymen.

      
    04-noyabr, 2015 jıl. 2134 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.