Bul mobil menyu orni/ testing....


    Гүллер гөззаллық тымсалы
    Гүллер гөззаллық тымсалы

    Астра
    Муҳаббат, гөззаллық ҳәм жақсы демлерди еслетеди. Илгери француз әскерлерин астара гүл менен бирге көмген ҳәм өтенлерди ядда тутқан. Әпсаналарға көре, астра периштениң тамған көз жасларынан пайда болған.

    Әзелия
    Бул гүл ҳаялларға сай әзизилик, нәзиклик, садықлық белгиси саналады. Соның менен бирге, қорқыў ҳәм ҳәсреттенде дерек береди. Оны ҳыжраннан өртенген кеўиллерге инәм етиледи. Мәниси болса, «Өзиңди мен ушын асра», «саған исенемен, үмит етемен», дегени. Бул гүлди қабыл еткен қыз жигит ушын жалғыз.

    Акация
    Сырлы муҳаббат , пәклик ҳәм жалғыслық тымсалы. Оны усынған ҳалда кеширим сораў мүмкин. Сүйгенинен айрылған жигитлер «және бирге болыўымыз мүмкинбе?» , «маған және бир мәрте имкан бер» деген мәниде бул гүлди саўға еткен.

    Шиннигүл
    Өзине тартыў, инкар әйлеў, азатлық, еркинлик ҳәм исенимди аңлатады. Олардың реңине қарап мәнисин билиў мүмкин. Мәселен, қызыл шиннигүл ашықлық белгиси.

    Глэдиолус
    «Шын кеўилден айтып атырман», «меннен қорықпа», деген мағананы аңлатады. Ол гладиоторлар гүли, деп те аталады. Оны усынған жигит күшли, исенимли ҳәм ҳақ гөй есапланады.

    Жасмин
    Тәсиршеңлик, көзди тартар таўланыўшаң қәсийетке ийе. Ҳиндистанда оны «ай нуры» деп те атайды. Оны гөззал ҳаялларға «ҳәмийше шырайлысыз» деген мәниде усыныў мүмкин.

    Лала
    Голландия тымсалы. Сондай-ақ, пәк муҳаббат, үлкен бахыт, атақ-абырай, мақтаныш белгиси.

    Гордензия
    Кишпийиллик, сырлылық ҳәм үмит тымсалы. «Мени ҳәмийше ядыңда тут» деген мәниде бериледи. Әскерликке жөнетилер алдында усынылады. Ол ҳәстелерге ҳәм бахтын жоғалтқанларға үмит сыпатында саўға етиледи.

    Орхидея
    Муҳаббат, нәзиклик, гөззаллық ҳәм сырлылық белгиси. Оны тек ғана ең жақын инсанларға инәм етиў мүмкин.

    Кала
    Бойсыныў нышаны. (Сәжде қылыў) «Сиз әжайыпсыз», деген мәнини аңлатады. Егер сизге кала гүли саўға қылынса, билиң, қарсыңызда ҳақыйқый жентельмен ҳәм ҳеш кимге уқсамайтуғын жигит турыпты.

    Лилия
    «Қәлбиң ийеси ким?» деген мәниде қолланылады. Ақ лилия болса, пәклик, уллылық белгиси.

    Наргиз
    «Қандай болсаң, сондайлығыңша қал», «сениң менен қуяш ҳәмийше парлап турады», деген мәнилерди билдиреди. Күшли туйғылар, жуўапсыз муҳаббат, алданған үмитлерди сыпатлайды..

    Қызыл әтиргүл
    Муҳаббат ҳәм қорқыў тымсалы. «Мен сени жақсы көремен», «Сенсиз жасай алмайман», «Ҳәмийше меники бол» , деген мәнилерди аңлатады. Оны сиз ҳәм сизди де сүйген инсанға инәм етиң.

    Ақ әтиргүл
    Пәклик, кишпийиллик, жағымлылық белгиси. «Сени излеп табаман», «сен периштесең»киби мәнилерди аңлатады.

    Сары әтиргүл
    Бахыт ҳәм қуўаныш белгиси. Жағымлы сезимлерди сыпатлайды. «Сен мениң қуяшымсаң» деген мәнини аңлатады. Қызғанышқа ҳасла байланысы жоқ.

    Ботакөз – исеним ҳәм әпўайылық тымсалы.
    Лилия ҳәм мерўердгүл – тазалық ҳәм гирбиңсизлик белгиси.
    Қоңыраўгүл – жағымлылық, шырайлылық.
    Дәстергүл – қатаңлық.
    Пәшек гүл – дослық, меҳир тымсалы.
    Назбайгүл – жақсылық.
    Бинафша – ойшаңлық ҳәм сырлылық белгиси саналады.


    Гүлжаҳан Сейтназарова таярлады,
    Megaline.uz архивинен. 2015 ж.

    Megablog bo'limi | 07-mart, 2016 jıl
    Bul bet 2159 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Әкежан

    Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...

    Гүллер гөззаллық тымсалы

    Астра - Муҳаббат, гөззаллық ҳәм жақсы демлерди еслетеди. Илгери француз әскерлерин астара гүл менен бирге көмген ҳәм өтенлерди ядда тутқан....

    Реңлер

    Ақ – әпўайылық ҳәм гирбиңсизлик белгиси. Пушти – муҳаббат, жаслық ҳәм гөззаллық. Қызыл – сезим. Жасыл – үмит, исеним. Ҳаўа рең –...

    Соңғы пушайман

    Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...

    Биринши муҳаббат

    Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Алтын гүз

    Алдында қаҳаман қыс барын билип,
    Әсте ғана жерге жапырағын төгип,
    Суўықты күтип алар, мүләйим күлип,
    Батырлықты үйрет маған, алтын гүз.

      
    29-oktyabr, 2013 jıl. 3688 ret ko'rildi


  • Mehmon bo’lgin

    Uyingga kelsa mehmon,
    Eng avvalo qo’ygin non.
    Hol-ahvolin bil so’rab,
    Yaxshi yomonin tinglab.

      
    06-yanvar, 2015 jıl. 2633 ret ko'rildi


  • Фарзанд

    Тун билан кун алмашади тиним билмай,
    Айланади тўхтамасдан чархнинг тоши,
    Умр ўтар ҳеч кимсага вафо қилмай,
    Қолар лекин ҳар банданинг бир издоши.

      
    21-dekabr, 2015 jıl. 2602 ret ko'rildi


  • Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў,
    Жүреклердиң тарын шертеди,
    Нама шалған,соңғы қоңыраў,
    Ойларымды алып кетеди.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3846 ret ko'rildi


  • Bolaligim!

    Bolalik—sen mitti qushchasan!!!!
    Buncha beg’uborsan, yayrab uchasan.
    Gohida o’xshaysan sen kapalakka,
    Nafis gullaringni mayin quchasan…..

      
    29-iyul, 2015 jıl. 2170 ret ko'rildi


  • Shegiwshilerge mu'rajat

    Bul illetpe ya a’det,
    Sin’dirdin’be boyın’a?
    Sigaretti shegiwdi,
    Qoyalmaysan’ tuwrıma?

      
    08-noyabr, 2015 jıl. 1883 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Aytolmagan qiz!

    Bir og’iz so’zni ayta olmadi,
    Sevgisini o’zi ham tan ololmadi,
    Sevaman deyishga g’urur qo’ymadi,
    O’z sevgisin sizga aytolmagan qiz!

      
    19-mart, 2013 jıl. 2315 ret ko'rildi


  • Иләҳий сезим

    Мухаббат бул-иләҳий сезим,
    Қашан келер буны билмейсең,
    Қыялыңды жаўлаған жигит,
    Сөз салғанда көзге илмейсен.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3029 ret ko'rildi


  • Nega?!

    Ummondagi suvdayin jo’shgim keladi,
    Daraxtdagi mevadayin o’sgim keladi,
    Insonlarni quchgandayin quchgim keladi,
    Nega ayting sizni ko’rgim keladi?!

      
    19-mart, 2013 jıl. 2607 ret ko'rildi


  • Сени излеймен.

    Баяғы бағлардан жалғыз қайтаман,
    Үмит ушқынлары лаўлап қайтадан,
    Сағыныш қосығын саған айтаман,
    Қалбим Темурланы сени излеймен.

      
    29-iyul, 2018 jıl. 3358 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.