Bul mobil menyu orni/ testing....


    Фарш қосылған картошка
    Фарш қосылған картошка

    “Бүгин түске ҳәм кешке қандай аўқат таярлайман?” – деў ҳаял-қызлардың күнделикли баслы сораўы шығар. Гейде не таярлайтуғынымыз ҳаққында бас қатырып, бир нәрселерди қуўырамыз. Яки бар менен базар қылып, үйдеги бар затлардан қандайда бир тағам таярлап қоямыз. Ал бүгин биз бенен бирге мына тағамды таярлап көриўиңизге болады.

    Қурамы:

    Картошка — 5-6 дана,
    Фарш – 500 гр,
    Гешир – 2 дана,
    Пияз – 1-2 дана,
    Мәйек – 3 дана,
    Ун – 3 ас қасық,
    Майонез – 3 ас қасық,
    Дуз.

    Таярланыўы:

    Картошка менен геширди жуқалап, пиязди дөңгелек етип туўраймыз. Кейин мультиварканың түбине картошканы бир тегис етип жайластырамыз. Соң үстине фаршты да тап сондай қылып саламыз.

    Үшинши – пиязды, төртинши қабатқа – геширди жайластырамыз. Картошканың қалғанын бетине салып шығамыз. Егер фарш артық болса, оны да еки рет қосыўға болады. Дәмине қарап дуз саламыз.

    Енди мәйекти шағып араластырып аламыз. Оған ун менен майонезди қосып, тағыда жақсылап араластырамыз. Таяр болған араласпаны тағамымыздың үстине қуямыз.

    Бетин жаўып, “Писириў” режимине 60 минутқа қоямыз.

    Мазалы ҳәмде пайдалы аўқатымыз таяр болды. Түри шырайлы көринетин болғанлықтан, бул тағамды табаққа (тарелкаға) төңкерип сала берсекте болады. Ҳешқандай көлемин, келбетин бузбайды.

    Жағымлы иштей!

    Фарш қосылған картошка

    Haya-qizlar » Tag'amnama bo'limi | 09-yanvar, 2017 jıl
    Bul bet 2106 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Иримшик қосылған таўық сорпасы

    Биринши аўқатқа арналған тағамлар әдетте тез сиңиўши, ҳәм пайдалы болады. Бүгин биз сизлерге иримшик пенен таўық гөши қосылған дәми аўзымыздан...

    Тез таярланатуғын сэндвич: Таўық гөши ҳәм ал ...

    Алманың ортасын алып таслап, дөңгелек өлшемде, жуқалап туўраймыз. Таўық гөшин ҳәм майдалап туўраймыз. Кесилген нан бөлегиниң үстине салат жапырағын,...

    Ер жигитлерге арналған саўғалар

    Бул мақаламыз ҳаял-қызларға арналады. Қызлар 8-мартта яки туўылған күнинде, байрамларда жигитлерден саўға күтиўи мүмкин. Жақын адамларыңызға яки...

    Наўқыран әўлад ҳәм сораў белгиси

    Сәлем сизге уллы Наўқыран әўлад , Танысаңыз сораў белги боламан. Бир-еки сораўым бар рухсат етиң. Жуўап берсең шадлықларға толаман....

    Аўыл ҳаялының бир күни

    Таң атыўдан үйдиң алдын сыпырып, Малларында барып саўып келеди. Балларында оятады бир-бирлеп, Ыссы ғана шайын демлеп береди....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Имтихан

    Анам айтты: -«Журналисттиң,
    Наны жуқа, айдай қызым,
    Басын усла басқа истиң,
    Мен айтаман билип сөзим.

      
    09-iyul, 2014 jıl. 3044 ret ko'rildi


  • Қара көзлерим

    Мөлдир қара көзлерде,
    Жүрек сыры бар еди.
    Сол жүреклер түбинде,
    Әрмәнлар қабат еди.

      
    19-aprel, 2013 jıl. 3629 ret ko'rildi


  • Туўылған жерим

    Тек сенде туўылдым, камалға келдим,
    Ашық аспаныңды көрди бул көзим,
    Топырағыңда қалды дәслепки изим,
    Бийбаҳамсаң,анамсаң туўылған жерим,

      
    20-aprel, 2013 jıl. 2975 ret ko'rildi


  • Жетимниң анасына

    Сен де анамысаң гөззал перизат?
    Бөбек бағып ақ сүт берип көрмеген,
    Сениң бул жүрисиң шынында уят,
    Кеўили соқыр ар намысты билмеген.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2843 ret ko'rildi


  • Аўыл ҳаялының бир күни

    Таң атыўдан үйдиң алдын сыпырып,
    Малларында барып саўып келеди.
    Балларында оятады бир-бирлеп,
    Ыссы ғана шайын демлеп береди.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2710 ret ko'rildi


  • Дайыма

    Бир дайым бар көзлери күлимлеген,
    Қарақалпақ тилинен сабақ береди.
    Қыдырып барғанда гейде үйине,
    Түрли сораўларды бастан үйеди.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2360 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Qayg’ularim bilan sherikman mangu!

    Yuragimning tubidasan,
    Orzularim tog’idasan,
    Ko’ngilginam bog’idasan,
    Ilk sevgilim yodimdasan!

      
    14-mart, 2013 jıl. 2675 ret ko'rildi


  • Жалғызсаң

    Неге бүгин жалғызсаң?
    Жубың қайда қарлығаш,
    Жуп болып келер едиңиз,
    Сайрап ҳәр күн хош ҳаўаз,

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2150 ret ko'rildi


  • Кетдинг

    Мен сени соғиндим. Дардим ичимда.
    Жон берсам розиман бир майса,чимда,
    Айт,баxтингни,ёрим кўргандинг кимда?
    Азоблар бағрига ташладинг-кетдинг.

      
    21-dekabr, 2015 jıl. 2967 ret ko'rildi


  • Жуўапсыз мухаббат

    Мен сизди сүйемен сүйгеним рас
    Сиз мени ҳеш қашан сүймесеңизде
    Күте-күте көзлерим талыпты бираз,
    Бул дүняға қайта келмесеңизде.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3749 ret ko'rildi


 




Allayar → Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
→ Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
→ Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
→ Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
→ Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
→ Logikalıq soraw #62
каскадер
→ Logikalıq soraw #62
Пластелин
→ Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
→ Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.