Bul mobil menyu orni/ testing....


    Күн суўық болса да жумыс қызғын
    Күн  суўық болса да  жумыс қызғын

    Елимизге қыс мәўсими кирип келиўи менен шар­ўашылыққа қәнигелестирилген хожалықларда қыслатыў мапазы басланып, жумыслар әдеўир артады. Кегейли районындағы «Еркиндәрья» аўыл хожалығы ширкети бүгинги күни республикамыздағы ең ири қарамал өсириўге қәнигелескен хожалықлардың бири болып, бүгинги күни бул жерде 579 бас ири маллар күтимли бағылмақта.

    ХХ әсирдиң басларында республикамызда жүз берген суўсызлық ҳәм айырым басшылардың өз жумысларына немқурайдылық пенен қараўы ақыбетинде бул хожалықтың материаллық-техникалық базасы төменлеп, маллардың бас санының кескин кемейип кетиўине себеп болды. Лекин, 2014-жылы хожалыққа жаңа басшы Камал Алланиязовтың тайынланыўы менен жумыста жанланыў көзге тасланды, десек болады. Оның адамларды келешекке исендирип, өз изине ерте алыўы ҳәм искерлигиниң нәтийжесинде мине бирнеше жыллардан берли маллар ушын қыс мәўсимине пуқта таярлықлар көрилип, қыслаўларға жуғымлы от-шөплер жыйнап алынбақта. Нәтийжеде маллардың бас саны жылдан-жылға көбейип, ислеўшилердиң жумысқа деген қызығыўшылығы артпақта.

    — Өткен жыл ақыры ҳәм быйылғы жылдың ерте бәҳәринде аўыл халқы ҳәм хожалықтың ишки мүмкиншиликлеринен пайдаланып, бурын батыл болып қалған 35 километр узынлықтағы ишки канал ҳәм жап-салмалар қазып тазаланып, егислик майданларды ағын суў менен тәмийинледик,-дейди Камал Алланиязов. — Нәтийжеде усы жерге ҳәрқыйлы аўыл хожалығы дақыллары егилип, оннан дийдиленгендей зүрәәт жыйнап алыўға еристик. Буның нәтийжесинде усы дақыллардан алынған сап пайда есабынан быйылғы жылы мәмлекетлик салық инспекциясына бурыннан киятыр­ған 184 миллион сум жер салығы ҳәм «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары» кәрханасына 16 миллион сум қарызды төлеп қутылдық. Әлбетте, дәрьямызға усындай нәўпир суў келип турса, шарўашылықты да пайдалы тараўға айландырыўға болады, деп ойлайман,-деп өз сөзин даўамлады ол. Жазлаўды «Аққала» массивинде өткерген болсақ, қыслаўды Даўыткөл әтирапында өткермектемиз.

    Ҳәзирги ўақытлары «Нағалайкөл» ҳәм «Даўыткөл» аўылларында қыслаўды өткерип атырған хожалық ағзалары жаз мәўсиминде дийқаншылық ҳәм от-шөп жыйнап алыў менен бир қатарда қысқы қоралардың да оңлаў ислерине айрықша дыққат қаратып, оларды белгиленген талапқа сай орынлаўға еристи.

    — От-жем мол болған шарўаға қыс мәўсими қор­қынышлы емес,-деди жас падашылардың бири Шынаргүл Еримбетова. — Бы­йыл қораларымызға 190 тонна ири от-шөп ҳәм 20 тонна кепек түсирип берди. Әсиресе, ис ҳақыларымыздың өз ўақтында төленип барылыўы бизлердиң руўхымызды көтермекте. Әлбетте, хожалық ағзаларының бир жағадан бас, бир жеңнен қол шығарып аўызбиршилик пенен мийнет ислеўи маллардың қыстан тоқ ҳәм шығынсыз алып шығылыўына тийкар жаратып, өзиниң унамлы нәтийжесин берери сөзсиз.

    Г.САПАРОВА.
    СҮЎРЕТТЕ: хожалық баслығы К.Алланиязов (ортада), падашы Ш.Еримбетова, механизатор М.Нийетуллаевлар жумыс пайытында.
    Ә.ОРАЗОВтың түсирген сүўрети.
    Дерек: www.erkinkarakalpak.uz.


    Elimizde, Megablog bo'limi | 15-yanvar, 2017 jıl
    Bul bet 1561 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Тағдир жолында

    Айралық паслының музлары ерип, Көрген түслеримиз оңынан келип, Мухаббат бағының гүллерин терип, Биз және ушрастық тәғдир жолында....

    Әкежан

    Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...

    Дүньядағы ең узын көпир

    Дүньядағы ең узын көпир қай жерде жайласқан. Узынлығы 42 километр болған бул көпир қашан қурылды. Көпир қурылысына неше мың адам қатнасты?...

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Men jigirma jastaman!

    Erkinlikten elim jaynap-jasnag’an,
    Basınan hesh baxıt qusı ushpag’an,
    Usınday bir g’arezsizlik zamanda,
    Doslar, bu’gin men jigirma jastaman!

      
    27-may, 2014 jıl. 2379 ret ko'rildi


  • Yoshlik

    Ilk sevgimning nishonasi sen,
    Baxt uyinning koshonasi sen,
    Katta yo’lning peshonasi sen ,
    Orzularim hirmoni yoshlik.

      
    15-noyabr, 2014 jıl. 2179 ret ko'rildi


  • Sag'ınıshtan aqqan ko'z jasım

    Sag'ınıshtan aqqan ko'z jasım
    Ne sebepli ashshı bolmasan',
    Jas janımdı qıynaysan' bunsha,
    Ayamaysan' tolıp ag'asan'.

      
    30-iyun, 2015 jıl. 1936 ret ko'rildi


  • Китаплар

    Кеўлимизге жайлар жаңа ойларды,
    Ашып берер ашылмаған сырларды,
    Өзиңде жәмлеген өткир қырларды,
    Билимниң булағы тек те китаплар.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 3148 ret ko'rildi


  • Kegeyli

    Men o’zge a’lemde ju’rgendeymen-aw,
    O’mir go’zzallıg’ın bilgendeymen-aw,
    Du’nyag’a tap ha’zir kelgendeymen-aw,
    Gu’zde sulıw ko’rinesen’ Kegeyli.

      
    17-aprel, 2013 jıl. 2604 ret ko'rildi


  • Қишлоғимга нигоҳ

    Кўчаларда изғирин изғир,
    Кайфиятга бўлиб ҳукмрон.
    Тортқилайди анвойи ҳис бир
    Мени олис қишлоғим томон.

      
    04-dekabr, 2015 jıl. 2456 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Nega?!

    Ummondagi suvdayin jo’shgim keladi,
    Daraxtdagi mevadayin o’sgim keladi,
    Insonlarni quchgandayin quchgim keladi,
    Nega ayting sizni ko’rgim keladi?!

      
    19-mart, 2013 jıl. 2698 ret ko'rildi


  • Cоғиндим

    Нега кўнғироқ қилмайсиз энди,
    Соғинганим билмайсиз энди,
    Устимдан ҳеч кулмайсиз энди,
    Жоним сизни ёмон соғиндим.

      
    22-aprel, 2013 jıl. 2110 ret ko'rildi


  • Baxt qasrini quraylik birga!!!

    Men senga hecham xiyonat qilmadim,
    Sendan o’zga yorni hech tan olmadim,
    Sendan o’zgalarni hecham ko’rmadim,
    Senga jonim sadqa bo’lsin azizim!

      
    12-mart, 2013 jıl. 3210 ret ko'rildi


  • Kel

    Tog’lar boshi qor ekan,
    Ko’nglim senga zor ekan,
    Menga soching dor ekan,
    Sayrona etaylik kel.

      
    17-noyabr, 2014 jıl. 2837 ret ko'rildi


 




Allayar → Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
→ Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
→ Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
→ Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
→ Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
→ Logikalıq soraw #62
каскадер
→ Logikalıq soraw #62
Пластелин
→ Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
→ Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.