Bul mobil menyu orni/ testing....


    Халқымыздың әййемги өнери қайта тикленбекте
    Халқымыздың әййемги өнери қайта тикленбекте

    20-декабрь күни Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Қутлы болсын жаңа жылыңыз!» атамасында Айтыс кешеси болып өтти.

    Бул кеше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен арнаўлы баянлама тийкарында, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият Министрлиги тәрепинен ҳәўескер Байжан Узақовтың жойбары тийкарында шөлкемлестирилди.

    Айтыста Тахтакөпир, Қоңырат, Шымбай районларынан көзге көринген көркем өнер шеберлери, сөз усталары қатнасып, жыйналғанларға байрам кейпиятын бағышлады. Неше әсирлер даўамында халқымыздың миллий өнерлериниң бири болған, кейинги ўақытларда умыт бола жазлаған бул өнер қайта жанланды. Усы жанрдың қайта раўажланыўына дәслепки қәдем тасланды.

    Илажда шығып сөйлеген қәнигелердиң айтыўына қарағанда, бул жанр 19 әсирдиң орталарына шекем қарақалпақ, қазақ халықларының арасында кеңнен раўажланған. 1970-жылларда Қарақалпақстанда айтыс өнерин қайта тиклеў бойынша ҳәрекетлер болған. Ол ўақытлары республикамыздағы арқа, батыс, қубла районлардың сөз шеберлери аймақлар бойынша бөлинип өз-ара беллесип жеңимпазлары анықланғаннан кейин республикалық басқышта күш сынасқан. Ол ўақытлары арнаўлы бақсылар мектеби болып, устаз бақсылар шәкиртлерине бақсышылық өнерин терең үйретиўге ҳәрекет еткен, әсиресе, айтыс жанрын өзлестириў шенде-шен шәкиртлерге несип еткен. Себеби, бул ушын бақсыда төкпе шайырлық, шешенлик, терең билим зәрүр болған.

    Өткерилген айтыс кешесинде қатнасыўшылар ҳәр тәреплеме өзиниң шешенлигин, дилўарлығын көрсетиўге ҳәрекет етти. Қатнасыўшылардың азлығы, таярлығы да сынға алынды.

    Бирақ бул басламаны халқымыздың әййем заманлардан киятырған айтыс өнериниң қайта тиклениўине қойылған дәслепки қәдем, деп түсиниўимиз керек.

    Илаж жаңа жыл байрамы қарсаңында миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди, соның ишинде, шайыр ҳәм бақсыларымыздың, әсиресе, төкпе шайырлардың айтыс өнерин және бир мәрте жаңаша руўхта сәўлелендирди, деп ойлаймыз.

    Жарыс жуўмағында Тахтакөпир районынан Еркебулан Қолқанатов биринши, Қоңырат районынан Айбек Жамалов екинши, Шымбай районынан Батыр Айтмуратов пенен Алым Мырзамбетовлар үшинши орынды ийеледи ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

    Еслетип өтемиз, жаңа 2018-жылдан баслап бул бағдардағы илажларды турақлы түрде өткериў, солай етип айтыс өнерин еле де раўажландырыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылады.

    Ә.Жийемуратов,
    Қарақалпақстан хабар агентлиги.
    Дерек: kknews.uz

    Elimizde bo'limi | 21-dekabr, 2017 jıl
    Bul bet 1762 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +4


    Өз тилинди умытпа!

    Ана тил-қатнасық, молшылық табыс, Ана тил-қанаат ар менен намыс, Ана тил-сын сыпат, мисли бир нағыс, Қайда болсаң, өз тилиңди умытпа....

    Нәтийжели жумысларға мүнәсип баҳа

    Өзбекистан Республикасы Президентиниң саўғасы ушын «Ташаббус» көрик таңлагы республикамызда 1996-жылдан баслап дәстүрий түрде өткерилип келинеди. Бул көрик-таңлаў...

    Салықлар балалар нәзеринде

    Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен салық билимданлығы ҳәм нызамлылығы бойынша балалар көз-қарасында дәслепки көнликпелерди...

    Бердақ музыкалы театры ҳаққында мағлыўматлар

    1. Театр 1926 жылы “Таң нуры” труппасы болып шөлкемлестирилди; 2. Театрдың биринши пердеси Қ.Әўезовтың “Тилек жолында” драмасы менен ашылды; 3. 1930 - жылы Қарақалпақ...

    Дыққат, миллий дуэт

    Қарақалпақ миллий эстрадасында жаңаша стильдеги дуэт дүньяға келди. «Китапқумарлар байрамы» таңлаўының «Шығармалардан жаралған намалар» шәрти ушын...

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Шаңарақ

    Жүрекке жақсылық жақса шамшырақ,
    Мийўеси перзентдур жаманлык жырақ,
    Нурлары жарқырап көбейип урпақ,
    Муҳаббаттан тикленгенде шаңарақ.

      
    16-may, 2015 jıl. 2614 ret ko'rildi


  • Zulfiyaxonimga

    Kun kunni quvarkan, lahza lahzani,
    Umr daftariga tushar chizgilar.
    Gullarga burkansa tinchlik maskani,
    Yurakni sayr etar ajib sezgilar.

      
    29-fevral, 2016 jıl. 3254 ret ko'rildi


  • Юртимда…

    Юртимда,ҳар қишлоқда,
    Ким далада,ким боғда.
    Ёрин тўй бўлган чоғда,
    Излар экан йигитлар.

      
    04-dekabr, 2015 jıl. 1939 ret ko'rildi


  • Жигит журты

    Ер жигиттиң үш журты бар деседи,
    Дайы журты ,қәйин журты,өз журты,
    Ата сораўыма жуўап берсеңиз,
    Ең ишинде жағдайлысы қай журты?

      
    01-avgust, 2014 jıl. 5546 ret ko'rildi


  • Болсын

    Жақсы күнлериңде қуўанар бирге,
    Қайғыда жубаныш болар кеўилге,
    Аяўсыз, алдамшы сондай өмирде,
    Исенип қол берер бир достың болсын.

      
    20-noyabr, 2015 jıl. 2076 ret ko'rildi


  • Биреўге дүньяны әпермек болмаң...

    Биреўге дүньяны әпермек болмаң,
    Мейли дүнья қалсын дүнья ҳалында,
    Биреўге усынып гүл термек болмаң,
    Ол да өнип өссин шәмен бағында.

      
    21-dekabr, 2015 jıl. 3858 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Iqrar

    Haqıyqat ko’z jardı ko’z aydın,
    O’zimnen o’zligim izleymen,
    Endi ne boladı, siz aytın’,
    Endi qay ma’nzildi go’zleymen.

      
    04-noyabr, 2015 jıl. 2106 ret ko'rildi


  • Ўтинч

    Ҳижрон карвонига қўшилганча жим,
    Бечора муҳаббат кетиб боряпти,
    Ортидан термулиб ёнмоқда ичим,
    Соғинчлар азадор бўлиб қоляпти.

      
    09-dekabr, 2015 jıl. 2187 ret ko'rildi


  • Ashıq ju’rek

    Ta’g’dir qatal ko’zlerimde turar qayg’ı,
    Doslar qatal so’zderinde turmaydaw,
    Sag’at qatal bir waqıtta turmaydı,
    Waqıt qatal jaslıg’ımdi urlaydı.

      
    19-mart, 2014 jıl. 2626 ret ko'rildi


  • Келгин

    Кел,мунисим, ёнимга,
    Фироқ тегди жонимга,
    Оқшомлари ишқ майи
    Оғу қўшди қонимга.

      
    09-dekabr, 2015 jıl. 2000 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.