Bul mobil menyu orni/ testing....


    Гилемде ең күшлилер
    Гилемде ең күшлилер

    Халқымыз арасынан билегинде күши бар не бир баҳадырлар, жаўырыны жерге тиймеген палўанлар жетилисип шыққан. Олар қаракеңниң тойларында қурға шығып, өзлериниң күш-жигери менен жыйналғанларды тәси­йин қалдырып келген. Жаңабай палўан, Сапалақ палўан, Сатыпалды Мылтықбаев, Өмирбек Айтымов, Шамурат пал­ўанлар той ҳәм Наў­рыз байрамларында қоңсылас жерлерден келген атақлы пал­ўанлар менен бел усласып, қарақалпақтың атын шығарғаны тарийхтан мәлим.

    Быйылғы «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» ҳәм Өзбекистан Республикасы Конституциясы күнине бағышланып пайтахтымыздағы 2-санлы БЖӨСМде миллий гүрес бойынша дәстүрий «Телетурнир-2017», сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы кубогы болып өтти.

    Миллий спортымыздың ғалабалығына ерисиў, бул спорт бойынша ерискен табысларымызды еле де жоқарылатыў, спорт шеберлерин жетилистириў ҳәм республикамыздың сайланды командасы қурамын муўапықластырыў мақсетинде өткерилген жарыс­қа қатнасқан палўанлар өз салмақ категорияларында беллесиўлер алып барды.

    Жарыстың салтанатлы ашылыў мәресиминде сөзге шыққан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт бо­йынша мәмлекетлик комитети баслығы Ғ.Байниязов ҳәм басқалар бүгинги күни елимизде миллий спорт түрлеримизди, соның ишинде миллий гүресимизди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул жолда бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилгенлигин атап өтти. Соның менен бирге миллий гүресимиздиң Азия ойын­лары бағдарламасынан орын алыўы оның халықаралық майданда абырайының буннан былай да артыўында айрықша әҳми­йетке ийе болатуғынын айтып өтип, қатнасыўшыларға табыслар тиледи.

    Күшли қарама-қарсылықлар, кескин гүреслер астында өткен телетурнир жуўмағында Нөкис қаласы командасы жеңимпазлықты қолға киргизген болса, Шымбай ра­йоны екинши, НМПИ командасы сыйлы үшинши орынларды ийеледи.

    Кубок беллесиўлери жуўмағында жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери анықланып, олар диплом, кубок, медаль ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

    Қуралбай КЕҢЕСБАЕВ,
    СҮЎРЕТТЕ: телетурнир жеңимпазлары.
    Дерек: Erkinkarakalpak.uz

    Elimizde, Sport bo'limi | 21-dekabr, 2017 jıl
    Bul bet 2461 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Халқымыздың әййемги өнери қайта тикленбекте

    20-декабрь күни Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Қутлы болсын жаңа жылыңыз!» атамасында Айтыс кешеси болып өтти. Бул...

    Регбишилеримиздиң табыслары

    Соңғы жылларда елимизде раўажланып атырған спорт түрлериниң бири – регби болып табылады. Орынларда регби дөгереклериниң ашылып, оған мыңлап жасларымыздың...

    Салықлар балалар нәзеринде

    Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен салық билимданлығы ҳәм нызамлылығы бойынша балалар көз-қарасында дәслепки көнликпелерди...

    Боксшыларымыздың табыслары

    Жерлеслеримиздиң спорт түрлери бойынша қолға киргизген жетискенликлери ҳәм ийелеп атырған табыслары ҳәммемизди қуўандырады. Жақында ғана (2-7 август...

    Болажақ шыпакерлер менен ушырасыў

    1-декабрь халықаралық АИЖС қа қарсы гүресиў күни алдынан республикамыздың бир қатар оқыў орынларында ушырасыў кешесин өткерип барыў дәстүрге айланып...

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Na’zer

    Qıyal jeteledi ayna aldına,
    Ha’m go’zzal ta’biyat na’zerim tarttı,
    Son’g’ı japıraqları qalıp taldın’da,
    Jelkeme turmıstın’ ju’klerin arttı.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 4713 ret ko'rildi


  • Болсын

    Жақсы күнлериңде қуўанар бирге,
    Қайғыда жубаныш болар кеўилге,
    Аяўсыз, алдамшы сондай өмирде,
    Исенип қол берер бир достың болсын.

      
    20-noyabr, 2015 jıl. 2135 ret ko'rildi


  • Qor

    Qor yog’ar dillarni yayratib
    Qalbimda quvonchim kuylatib
    Sen go’yo shodligim elchisi
    Bir olam quvon chim kuychisi.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 2115 ret ko'rildi


  • Шаңарақ

    Жүрекке жақсылық жақса шамшырақ,
    Мийўеси перзентдур жаманлык жырақ,
    Нурлары жарқырап көбейип урпақ,
    Муҳаббаттан тикленгенде шаңарақ.

      
    16-may, 2015 jıl. 2679 ret ko'rildi


  • Анажан

    Сағынып хәмийше көзге жас алып,
    Излеймен өзиңди ашық аспаннан,
    Қудайымның ҳәмирине бойсынып.
    Айралық айырды бизди анажан.

      
    18-mart, 2015 jıl. 2302 ret ko'rildi


  • Júreklerde máńgi qalasız

    Jasap atırman áziz Watanda,
    Paraxatshılıq húkim súrgen diyarda,
    Ǵárezsiz, muqaddes ana topıraqta,
    Barlıǵınıń tiykarshısı ózińiz ata.

      
    04-fevral, 2017 jıl. 2391 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Sevib sevilish xayot qonuni!

    Bu dunyodan hech kim yolg’iz o’tmasin
    Buni hatto dushmanimga ko’rmasman ravo
    Baxtsizlik hech kim qo’lidan tutmasin
    Kelsa ham baxtsizlik lek qilmang parvo!

      
    12-mart, 2013 jıl. 3014 ret ko'rildi


  • Ashiqlar

    Ashıqlardın’ eshqashan ayırılmas arası,
    İrenjitpe kewildin’ pitpes kewil jarası,
    Su’ygenin’e sadıq bol shın ju’rekten su’yip bil,
    Ashıq ju’rek jılasa jazılmaydı sonı bil.

      
    03-avgust, 2016 jıl. 2467 ret ko'rildi


  • Мени еслеме

    Мен өткен жоллардан, изим излеме.
    Көрип қалсаң өтип кет, гәптен сөзлеме.
    Бахтың тилеп тапсырдым сени өзгеге,
    Өтинишим енди, мени еслеме.

      
    22-oktyabr, 2015 jıl. 2551 ret ko'rildi


  • Unitolmayman!

    O’zga yorni sevolmayman,
    Sendan hecham kecholmayman,
    Sensiz hecham yasholmayman,
    Nega seni unitolmayman?!

      
    12-mart, 2013 jıl. 2643 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.