Bul mobil menyu orni/ testing....


    Анажаныңызды асыраң
    Сәлем мениң сырласым, дәртлесим болған мегалайн сайыты. Сиз арқалы елимизде жасап атырған ҳәм пүткил дүньяда жасап атырған қадирли аналарымызды, апаларымызды, қарындасларымызды, қызларымызды 8-март байрам менен қутлықлайман.

    Ҳәр сапар усы байрам келгенде жүрегим бир жылап қояды, ҳәр сапар усы байрам келгенде көзлерим жан-жаққа қарап, жалтаңлап жасқа тола береди, ҳәр сапар усы байрам келгенде әрман атлы үлкен ат жанымда пайда болады да мени шарасыз қалдырады.

    Отырып ойланаман, жан-жағыма қарайман, адамлар бахытлы, кимиси анасын қутлықлайды, кимиси анасына арнап саўғалар алады, ал кимиси болса анасын умытып жақсы көрген қызына, ямаса өмирлик жолдасына саўға алады. Сол ўақытлары «Эх қәнекей мениңде анажаным болғанда» деп толқынланып кетемен. Әттең, оның ҳеш илажи жоқ, бул мен ушын бир өмирлик әрман болып қалады.

    Досларым сизлерден илтимас, анажаныңызды асыраң, оларға сизлердиң ҳеш қандай қымбат баҳалы саўғаңыз керек емес, оларға сизлердиң ҳеш қандай мәртебеңизде керек емес, оларға тек сизиң бир ғана «АНАЖАН» деген сөзиңиздиң өзи жеткиликли, «Анажаным» деп еркелетсеңиз болды. Анаңыздың қолынан ҳеш жибермең, мейли пулыңыз жойтылсын, мейли қымбат баҳалы телефоныңыз жойтылсын, булардың ҳәммеси анажанымыздың алдында ҳеш нәрсе емес, анаңызды жойытпаң, анаңызды қәдирлең, төбеңизде көтерип жүриң. Анажаныңыздың жүреги тек сизди көреди, сизиңде жүрегиңиз тек анаңызды көрсин. Ҳәр 8-март байрам менен анажаныңызды қутлықлаў несип ете берсин.


    Мирбек Пазилов.

    Kewil da'pteri bo'limi | 08-mart, 2018 jıl
    Bul bet 1526 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +3


    Саўға таңлаў ушын

    Саўға алыў жақсы, ал саўға бериў оннанда қызық. Саўғаңызды алған жақын адамыңыз сизге миннетдаршылық пенен қарағанда ҳәммеге саўға...

    Атама саўға

    Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...

    Қәйненелерге

    Ене, келин ортасында, Бир өмирлик даў болар Сол себепли енелерге Айтатуғын сөзим бар....

    Мухаббат дәрти

    Жаслығымның гөззал бир кешесинде. Ушраттым кеўилим аңсаған қызды Қарап көзлерине көзим түскенде Жүрегим үзилип кеткендей болды...

    Жуўапсыз мухаббат

    Мен сизди сүйемен сүйгеним рас Сиз мени ҳеш қашан сүймесеңизде Күте-күте көзлерим талыпты бираз, Бул дүняға қайта келмесеңизде....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Анажан

    Сағынып хәмийше көзге жас алып,
    Излеймен өзиңди ашық аспаннан,
    Қудайымның ҳәмирине бойсынып.
    Айралық айырды бизди анажан.

      
    18-mart, 2015 jıl. 2328 ret ko'rildi


  • Қутлуғ замон

    Шоирларга илҳомбағшсан,
    Кўнгилларга зар-нақшсан,
    Юлдузларга еттим учсам,
    Сен деганда , Мустақиллик.

      
    24-yanvar, 2015 jıl. 2119 ret ko'rildi


  • Qutlıqlaw: Ziywarg’a

    Ju’zlerin’ jadırar ba’ha’r tan’ınday,
    Ba’ha’r samalınday jipek minezin’,
    On tog’ız ba’ha’rin’- jaslıq shag’ın’da,
    Baxıttın’ bag’ında ashılar gu’lin’.

      
    17-aprel, 2013 jıl. 2710 ret ko'rildi


  • “Watan”

    Tumaristin’ qarnınan,
    Tuwılıpsan’ jan bolıp.
    Shıraqlardın’ murnınan,
    Atlıg’ıpsan’ qan bolıp.

      
    04-iyul, 2015 jıl. 2909 ret ko'rildi


  • Sag'ınıshtan aqqan ko'z jasım

    Sag'ınıshtan aqqan ko'z jasım
    Ne sebepli ashshı bolmasan',
    Jas janımdı qıynaysan' bunsha,
    Ayamaysan' tolıp ag'asan'.

      
    30-iyun, 2015 jıl. 1935 ret ko'rildi


  • Өмир жолы

    Таң атты қуяштан дәрек жоқ бирақ,
    Кеўлимди қорқыныш жаўлап баратыр,
    Қуяшты пүткиллей тосып тур бир дақ,
    Басымда түрли ой ғаўлап баратыр.

      
    04-dekabr, 2015 jıl. 2565 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Кешир мени

    Кеширалсаң кешир мени сүйгеним,
    Тағдир сынар екен буны билмедим.
    Ерип душпанымның жалған сөзине,
    Тойымызға разылық бермедим.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3029 ret ko'rildi


  • Cоғиндим

    Нега кўнғироқ қилмайсиз энди,
    Соғинганим билмайсиз энди,
    Устимдан ҳеч кулмайсиз энди,
    Жоним сизни ёмон соғиндим.

      
    22-aprel, 2013 jıl. 2109 ret ko'rildi


  • Исеним

    Айлы ақшамларда зүлметке батып,
    Соңынан мәниссиз таңларым атып,
    Өзимди исеним менен жубатып,
    Ойым мың қыялға талғандай болды.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2436 ret ko'rildi


  • Seni suyemen

    Taslap qoy hesh bolmasa mag’an ko’z qırın’dı,
    Jasırmay ayta alayın sag’an men sırımdı,
    Na’zerin’ede ilmey meni sen taslap ketpe,
    Ha’r qıylı so’zlerge o’seklerge ere berme.

      
    16-yanvar, 2016 jıl. 4903 ret ko'rildi


 




Allayar → Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
→ Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
→ Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
→ Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
→ Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
→ Logikalıq soraw #62
каскадер
→ Logikalıq soraw #62
Пластелин
→ Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
→ Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.