Bul mobil menyu orni/ testing....


    Ағалы-инилер
    Ағалы-инилер

    Ағалы-инили саяхат етиў ушын биргеликте жөнеп кетти. Олар песинде дем алыў ушын тоғайда иркилди. Олар уйқыларынан оянған ўақытта олардың қасында тас турғанын көрипти ҳәм ол таста қандайда бир нәрселер жазылғанына көзлери түсипти. Олар тасты жақсылап тексерип көрип, ондағы жазыўларды оқып көрипти:

    «Кимде ким бул тасты таўып алсаңыз, күн шығыс тәрепке, тоғайға барың. Тоғайдан өтип, дәрьяға барасыз. Сол дәрьядан жүзип арғы тәрепине өтиң. Балалары менен бирге жүрген айыўды көресиз. Ана айыўдан баласын тартып алып тоғайдың ишине арқаңызға қарамай қашың. Төбеликте жайласкан үйге көзиңиз түседи. Кимде ким сол үйге барса, бахытын табады».

    Ағалы-инилилер таста жазылғанларды оқып болып, иниси гәп баслады: «Келиң, әжаға, биргеликте жолға түсейик. Бәлким, бизлер бул дәрьяны жүзип өтип, айыўдың баласын төбеликтиң артындағы үйге шекем алып барып, өз бахытымызды табармыз.

    Сонда әжағасы: «Мени айыўдың баласы ушын тоғайға бармайман ҳәм буны сағанда мәсләҳәт бермеймен. Бириншиден, бул таста жазылған гәплердиң ырас яки болмаса өтирик екенлигин ҳеш ким билмейди. Бәлким, бул ҳәзиллесип жазылған шығар. Бизлер булай етип ойламаўымыз керек. Екиншиден, егер бул жерде ырас жазылған болса да, бизлер тоғайға барсақ, түн болып қалады. Бизлер дәрьяны жүзип өте алмай адасып қаламыз. Егер дәрьяны да табамыз дейик, оны қалай жүзип өтиўимиз? Бәлким, ол дәрьяның ағысы тез ҳәм үлкен дәрья болса не? Үшиншиден, егер, бизлер, дәрьяны жүзип өтсек, айыўды қалайынша анасынан тартып аламыз? Бизлер бахыт деп нени табыўымыз мүмкин? Төртиншиден, егер бизлер айыўды анасынан тартып алдық та дейик, дем алмастан оны үйге шекем қалайынша алып бара аламыз?.Бул жерде ең тийкарғы гәп жазылмаған, бизлер бул үйден қандай бахытты табамыз? Бәлким, бизлер ол жерден өзлеримиз ушын зәрүр болмаған бахыт таўсақ не болады?»

    Сонда иниси: «Мениңше, бундай болмайды. Егер бул ҳақыйқат болмағанда, бул ҳакқында тасқа жазылмаған болар еди. Не жазылған болса бәри ҳақыйқат. Бириншиден, егер, бизлер ҳәрекет етип көрсек бахытсызлық болмайды. Екиншиден, егер бизлер бармасақ, бул тастағы жазыўларды басқа биреўлер оқып, тек солар ғана бахытқа ерисиўи мүмкин. Ал, бизлер болса ҳеш нәрсесиз қалып қоямыз. Үшиншиден, ҳәрекет етпесең, ислемесең, дүньяда ҳеш нәрсеге ерисе алмайсаң. Төртиншиден, Мен ҳеш нәсреден корқыўды ойламайман.»

    Сонда ағасы: «Көпке жуўырған аздан бос қалады деген нақыл бар. Және де көп сөз ешекке жүк», -дейди

    Иниси: «қасқырдан қорыққан тоғайға кирмейди деген ата-бабаларымыз. Және де, қыймылдаған қыр асар деген. Мен бармасам болмайды».

    Сөйтип иниси жолға шығады, ал әжағасы болса аўылда қалабереди.

    Иниси тоғайға аралап өтип, дәрьяны жүзип өтти. Ана айыўды көрди. Ана айыў уйықлап атырған еди. Иниси айыўдың баласын алып қашып, артына қарамастан қашты. Ол төбеликке көтерилгенде оны ҳалык күтип турғанын көрди. Халық инисин ат-арбаға мингизип, қалаға алып барды ҳәм оны патша етип сайлады.

    Ол бес жыл ҳүкимдарлық қылып, халықты әдил ҳәм пәраўан басқарды. Ал, алтыншы жылы болса, басқа бир оннан да күшлирек күшке ийе болған патша қалаға ҳүжим етип, қаланы басып алды. Бул ўақыядан соң, иниси дүнья гезип жүрип әжағасынаң қасына барды.

    Әжағасы аўылда бай да емес жарлы да емес орта ҳалда болып жасаған. Ағалы-инилилер бир-бирин көрип қуўанысып, басынан өткен ўақыяларды бир-бирине айтып берди.

    Әжағасы: «Қара, мен ҳақ болып шықтым. Мен өмирим даўамында тыныш татыўлықта жақсы жасадым, ал, сен патша болдың, бирақ көп қыйыншылықларды бастан кеширдиң»,-деди.

    Сонда иниси: «мен қапа емеспен, мен сонда тоғайға барып дурыс кылыпппан, ал мен ҳәзир жаман дәрежедемен, бирақ мениң өмиримде еслеўге арзыйтуғын ўақыялар көп болды. Ал, сенде болса олай емес».



    Л.Н. Толстой
    Рус тилинен аўдармалаған:

    Есемуратова Сахибжамал

    Megablog bo'limi | 27-may, 2013 jıl
    Bul bet 1961 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Биринши муҳаббат

    Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....

    Қара көзлерим

    Мөлдир қара көзлерде, Жүрек сыры бар еди. Сол жүреклер түбинде, Әрмәнлар қабат еди....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Ustozlarga

    So’z boshida qalb to’ridan cheksiz salom ustozlarga,
    Bahshidadir dildagi eng shirin kalom ustozlarga,
    Butun borliq afv tilagay saharu shom ustozlarga,
    Rabbim, sabru shijoatin qil bardavom ustozlarga.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 2642 ret ko'rildi


  • Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў,
    Жүреклердиң тарын шертеди,
    Нама шалған,соңғы қоңыраў,
    Ойларымды алып кетеди.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3846 ret ko'rildi


  • Kegeyli

    Men o’zge a’lemde ju’rgendeymen-aw,
    O’mir go’zzallıg’ın bilgendeymen-aw,
    Du’nyag’a tap ha’zir kelgendeymen-aw,
    Gu’zde sulıw ko’rinesen’ Kegeyli.

      
    17-aprel, 2013 jıl. 2519 ret ko'rildi


  • Qor

    Qor yog’ar dillarni yayratib
    Qalbimda quvonchim kuylatib
    Sen go’yo shodligim elchisi
    Bir olam quvon chim kuychisi.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 2053 ret ko'rildi


  • Қарақалпақлар

    Садық болып бәрҳә туўған елине,
    Журты мәдет болып күш жигерине,
    Душпан келер болса ана жерине,
    Оларды муңайтқан Қарақалпақлар.

      
    21-noyabr, 2015 jıl. 3296 ret ko'rildi


  • Onajon!

    Siz jannatsiz--mehringizga dunyo ham tor,
    Siz oftobsiz—taftingizga ko’ngil ham zor.
    Siz chashmasiz—oqib turgan suvi zilol,
    Onajonim duoyingiz qalbda tumor.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1873 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Malikam menin’

    M a’jnu’n edim saxranı jalg’ız gezgen
    A shıqpan romeo kibi janın bergen
    L a’ylim bolarmısan’ ma’jnu’ndi su’ygen
    İ nsan jasay almas jubaysız bilsen’

      
    20-avgust, 2013 jıl. 2385 ret ko'rildi


  • Сени излеймен.

    Баяғы бағлардан жалғыз қайтаман,
    Үмит ушқынлары лаўлап қайтадан,
    Сағыныш қосығын саған айтаман,
    Қалбим Темурланы сени излеймен.

      
    29-iyul, 2018 jıl. 3358 ret ko'rildi


  • Unitolmayman!

    O’zga yorni sevolmayman,
    Sendan hecham kecholmayman,
    Sensiz hecham yasholmayman,
    Nega seni unitolmayman?!

      
    12-mart, 2013 jıl. 2565 ret ko'rildi


  • Мухаббат дәрти

    Жаслығымның гөззал бир кешесинде.
    Ушраттым кеўилим аңсаған қызды
    Қарап көзлерине көзим түскенде
    Жүрегим үзилип кеткендей болды

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2771 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.