Bul mobil menyu orni/ testing....


    Тийкарғы мақсетимиз майыплардың жәмийетте өз орнын табыўға жәрдемлесиў,-дейди Гулшат Турсымуратова
    Жәрдемге мүтәж инсанларға демеў берип, оларды қоллап-қуўатлаў бизиң ата-бабаларымыздан киятырған қәдриятлардан есапланады. Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы жәмийетлик бирлеспесиниң Қарақалпақстан бөлими тәрепинен де майыпларды жәмийетке араластырыў, оларды оқытыў, қоллап-қуўатлаў жумыслары әмелге асырылып келинбекте. Бул шөлкем туўралы бурын хабарымыз болмаса да, олар тәрепинен исленип атырған қайырлы ислери менен танысқаннан соң шөлкемниң бүгини ҳаққында кеңирек мағлыўмат бериўди мақсет еттик.

    Тийкарғы мақсетимиз майыплардың жәмийетте өз орнын табыўға жәрдемлесиў,-дейди Гулшат Турсымуратова

    Республикамызда бирлеспе өз жумысын 2005-жылдан баслап әмелге асыра баслаған. Тийкарғы мақсети ақылы зайып балаларды жәмийетке араластырыў, олардың спорт пенен шуғылланыўы ушын имканият жаратыў, оқытыў болып табылады. Бирлеспе тийкарынан төрт бағдар яғный дени саў атлет (яғный майыпларды диспансеризациядан өткериў), екинши спорт бағдары, социаллық ҳәм бирлестириў бағдары.

    Бүгинги күнге келип бирлеспе Хожели районында жайласқан 3-санлы арнаўлы интернатының 207 баласы ҳәм Нөкис қаласында өз үйинде тәрбияланып атырған он бес баланы оқытыў, спортқа тартыў бағдарында жумыс алып бармақта. Өз жумысларын еледе жетилистириў, бирлеспениң материаллық техникалық базасын және де беккемлеў мақсетинде 2012-жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси қарамағындағы Мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетлерин қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорының киши грантлар таңлаўына қатнасып 12 миллионлық грантын жеңип алған. Грант тийкарында майып балаларға тигиўшилик, қағаздан ҳәр қыйлы моделдеги өнимлерди ислеў бағдарында жумыс алып барыў гөзленген еди. Әсиресе, Айзада Нурымбетова менен Махида Алламбергеновалардың бирлеспе қатнасыўшыларына өткен шеберлик сабағы өз нәтийжесин берди. Буны балалардың өз қолы менен ислеген қурақ көрпешелери менен қағаздан исленген шырайлы өнимлерден де көриўге болады.

    Тийкарғы мақсетимиз майыплардың жәмийетте өз орнын табыўға жәрдемлесиў,-дейди Гулшат Турсымуратова

    - Туўрысын айтсақ, ҳәр қыйлы кеселликке шатылып, үйинде тәрбияланып атырған бала белгили бир себеплер менен жәмийеттен шетлеп қалыўы мүмкин. Бизиң бирлеспемизге келип өнер үйренип, өз қолы менен ислеген өнимин көрип ата-анасының миннетдар болып атырғанын ақ бул балаларға азғана итибардың өзи ақ олардың жигерине-жигер, күшине күш қосатуғынын аңлаў қыйын емес. Нөкисли Айгүл Нийетуллаева деген қызымыз миллий кийим тигиўди меңгерип алды. Айгүл 2007-жылы Шанхайда болып өткен дүнья жүзилик арнаўлы олимпиада ойынларында стол тенниси бойынша қатнасып алтыншы орынды ийелеўге еристи. Жоқарыда атап өткен проектимиз бойынша Айгүлдиң үйине еки тигиў машинасын алып бердик. Ҳәзирги күни үйинде миллий кийимлерди тигип, дәрамат таўып атыр. Бизиң тийкарғы мақсетимиз оларды спортқа тартыў арқалы жәмийетке араластырыў. Мениң ойымша үлкен жастағы майып инсанларға да өнер ҳәм билим сырларын үйретип барсақ мақсетке муўапық болар еди. Себеби, майып инсанға бағдар бериўши, өнер үйрететуғын инсан болса, тез қабыл етеди және мийнеттен тай салмайды,-дейди бирлеспе баслығы Гүлшат Турсымуратова.

    Әлбетте, бирлеспе тәрепинен исленип атырған жумыслар мақтаўға ылайықлы. Лекин, бирлеспе тек ғана бул жумыслар менен шекленип қалып атырған жоқ. Олар майыплар менен бирге ҳәр қыйлы байрам ҳәм илажларды шөлкемлестирип бармақта. Итибарлы тәрепи бирлеспе тәрепинен исленип атырған жумыслар шын кеўилден, ҳақ нийет пенен исленип атыр.


    Ҳүрмет Атажанов,
    Сүўретте: Бирлеспе ағзаларының өз қолы менен ислеген өнимлери

    Megablog bo'limi | 08-dekabr, 2013 jıl
    Bul bet 2156 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Алтын гүз

    Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...

    Майыпларға демеў бериўши шөлкем

    Бүгинги жәмийетимизде бахытсыз ҳәдийсе яки балалықтан майып болған инсанларды қоллап-қуўатлаў, оларға жәрдем қолын созып, демеў бериўге мәмлекет...

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Қутлы заман

    Шайырларға «йошбағыш»саң,
    Кеўиллерде зер нағышсаң,
    Жулдызларға жеттим ушсам,
    Сен дегенде, Ғәрезсизлик.

      
    13-avgust, 2014 jıl. 2467 ret ko'rildi


  • Digirman

    U’yimizdin’ eski shiyli qosında,
    Tap sol qostın’ shetki bir quwısında,
    Turar edi u’lken taslı digirman,
    Ha’m ma’rdana turısına qayılman.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 2167 ret ko'rildi


  • Qutlıqlaw: Gu’lmirag’a

    Ba’ha’rde ashılg’an na’zik gu’l bolıp,
    Bu’gin shıraylanıp do’nip turıpsan’,
    Ba’ha’r quyashında ju’zlerin’ ku’lip,
    Ba’ha’raydın’ shırayı bolıp turıpsan’.

      
    17-aprel, 2013 jıl. 2631 ret ko'rildi


  • Júreklerde máńgi qalasız

    Jasap atırman áziz Watanda,
    Paraxatshılıq húkim súrgen diyarda,
    Ǵárezsiz, muqaddes ana topıraqta,
    Barlıǵınıń tiykarshısı ózińiz ata.

      
    04-fevral, 2017 jıl. 2393 ret ko'rildi


  • Qa’lbin’ joyıttı…

    Da’rtimdi ko’terer tekte aq qag’az,
    Sırlasım ku’ndiz say, keshte ay boldı,
    İsenim, haqıyqat suwların qumsap,
    Kewil gu’lim bu’gin sho’lledi soldı.

      
    15-avgust, 2016 jıl. 2508 ret ko'rildi


  • Berdaq ma’ngi jırımız

    Tuwrılap saldın’ sen shayır xatın’dı,
    Aytqan so’zlerin’nin’ qunı altındı,
    Keleshek a’wladlar qa’sterler ma’ngi,
    Berdaq babam umıtılmas atın’dı.

      
    15-aprel, 2013 jıl. 3639 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Ярым қайдасаң

    Сырлы қарасларың жанды алғандай,
    Сағыныштан бул журегим талғандай,
    Өзиңсиз журегим ҳүўлеп қалғандай,
    Журегимниң ийеси,ярым қайдасаң.

      
    28-aprel, 2013 jıl. 2888 ret ko'rildi


  • Муҳаббат

    Гезлескенде ең дәслеп айдын көшеде,
    Тийилип қарадың мениң көзиме,
    Сырлы нәзер таслап, кулип жузиме,
    Жүректе из қалдырдың өшпес муҳаббат.

      
    28-aprel, 2013 jıl. 2276 ret ko'rildi


  • Кетдинг

    Мен сени соғиндим. Дардим ичимда.
    Жон берсам розиман бир майса,чимда,
    Айт,баxтингни,ёрим кўргандинг кимда?
    Азоблар бағрига ташладинг-кетдинг.

      
    21-dekabr, 2015 jıl. 2945 ret ko'rildi


  • Үмит ушқыны (монолог)

    Кешир…
    Сени тыныш қоялмайман,
    Буның ҳеште илажи жоқ,
    Мен басқасын сүйе алмайман,

      
    04-mart, 2014 jıl. 5630 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.