Bul mobil menyu orni/ testing....


    Ана мухаббаты
    Дүньядағы ен сулыў хаял-бул мениң анам.

    Күн оғыры суўык. Ызғырып ескен жағымсыз самал сени ериксиз үйге қарай талпындырады. Ҳәттеки, терек шақаларыда өзгеше сес шығарамақта. Кеш кирип, аўкатланыў ушын дастурхан әтирапына жыйылдық. Негедур анам көринбеди. Ҳайран болып бөлмелерден излеп, шақырсам сес бермеди. Ҳеш бундай әдети жоқ еди. Бәлким, далада шығар деген ой менен даўыслап шақырдым, жоқ. Саат тиллери болса, асаў аттай биринен соң бири қалыспай шықылдап өтип баратыр. Еле, анамнан дерек жоқ.

    Кеўлимизди түрли қыяллар бийлеп, өзимизди қоярға жер табалмай қәўетерленип, бир-биримизге қатаң нәзер таслап отырған мәҳәл есик шырт етип ашылды. Ишке кирип келген еки жүзи қып-қызыл, қоллары бири-бирине қуўыспай тоңып қалған анамның жүзлеринен әлле неден қәуип барлығын сезиндик. Анамның кирип келиўи кеўлимизди жақтырттып, өзгеше сезимлерге бөледи. Азғана ўақыт болмағанлығына үйимиз пайызын жоғалтқанға мегзеди. Бәримиз бирден жаўылып, биримиз етигин, биримиз ийниндеги палтосын шешип, ыссы ошақ жанына алып келдик. Быраз жылына келип, сөз баслады: «Бүгин күнниң суўық ҳәм жоллардың ылайлығынан ҳәм қорада буўаз сыйырдың жоқлығынан қәўетерленип, жолға атландым. Жақын жерде ықлап жатқан болса, айдап келермен деген ой мени әдеўир узаққа апарып таслапты. Шынында да, қәўетерим өз сөзин айтты. Сыйыр үйдиң күн шығарындағы пишен атызда аяғы тайып жығылғаны бойы жатыр екен. Ары-бери турар деп шақынан тартып, шыбықласам да турмағанына жылынсын деп от жағып, үйге асықтым. Ҳәзир баримиз биргеликте оны орнынан турғызып, қорасына алып келейик!» - деп аналық меҳри менен күле шырай берип, қолындағы шайын ишти.

    Мени ҳайран қалдырған қублыс қаншелли ҳәлсиз болсада, бузаўының жарықлықты көриўи ушын тырысқан сыйырдың мәрданалығы. Ҳақыйқатында да, дүньяда ана муҳаббаты, ана меҳринен күшли сезим болмас екен. Сол күни қызыл сыйырдың буўазлығы, оның қорада жоқлығы ҳеш кимниң ойын бәнтлемегенлиги буныда жалғыз анам серлегенлигинен де көрсек болады.

    Кирпиклери уп-узын, ала муйизли қызыл аралас қара бузаўдың туўылыўы бизди шексиз қуўанышқа бөледи. Анам бизлердиң несийбемиздиң, ығбалымыздың жоққа шықпаўы ушын ҳәрекет еткени сыяқлы, Қызыл сыйырда ҳәлсиз денесине аналық меҳри менен күш бере алды.

    Ана …
    Ана муҳаббаты дүньяны қутқарыўы ҳақыйқат. Ана тек ғана үйде, перзент тәрбиясында емес ал, жамийетте де шешиўши әҳмийетке ийе мәселелердиң шешимин таба алатуғындай терең пикирлер ийеси. Ҳәттеки, жыртқыш ҳайўанларда ана алдында ең мүләйым жәнликке айланады. Себеби, ана тиришиликтиң, жаратылыстың ҳәм келешектиң тийкаршысы.


    Гүлжаҳан Сейтназарова
    ҚМУ Журналистика талим багдары 3-курс студенты

    Kewil da'pteri bo'limi | 15-mart, 2014 jıl
    Bul bet 2541 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Asqar 17 avgust 2014 14:53

    Бахтымызга аналарымыз аман болсын!!
    mp-1984 11 aprel 2015 18:09

    Жаннетке жол излеме, жаннеттин ози ана.
    Ел кезип байлык излеме, байлыктын ози ана.
    Ырза етип бил журегин, ак патиясын ал барха.
    Анажаным-деп еркелет, кууанады сонда Ана.

    Бахтымызга мехрибан аналар сау болсын

    Алтын гүз

    Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...

    Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң

    Бухара, Самарқанд, Хийўа, Хорезм, Тарийхый дереклерге байдур елим, Ҳәтте таң қалдырған дүньяның жүзин, Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң....

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Жигит журты

    Ер жигиттиң үш журты бар деседи,
    Дайы журты ,қәйин журты,өз журты,
    Ата сораўыма жуўап берсеңиз,
    Ең ишинде жағдайлысы қай журты?

      
    01-avgust, 2014 jıl. 5623 ret ko'rildi


  • Қишлоғимга нигоҳ

    Кўчаларда изғирин изғир,
    Кайфиятга бўлиб ҳукмрон.
    Тортқилайди анвойи ҳис бир
    Мени олис қишлоғим томон.

      
    04-dekabr, 2015 jıl. 2456 ret ko'rildi


  • Қара көзлерим

    Мөлдир қара көзлерде,
    Жүрек сыры бар еди.
    Сол жүреклер түбинде,
    Әрмәнлар қабат еди.

      
    19-aprel, 2013 jıl. 3629 ret ko'rildi


  • Алтын гүз

    Алдында қаҳаман қыс барын билип,
    Әсте ғана жерге жапырағын төгип,
    Суўықты күтип алар, мүләйим күлип,
    Батырлықты үйрет маған, алтын гүз.

      
    29-oktyabr, 2013 jıl. 3767 ret ko'rildi


  • Өз тилинди умытпа!

    Ана тил-қатнасық, молшылық табыс,
    Ана тил-қанаат ар менен намыс,
    Ана тил-сын сыпат, мисли бир нағыс,
    Қайда болсаң, өз тилиңди умытпа.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2329 ret ko'rildi


  • O’zbekiston

    Nurlidir bizning bo’ston,
    Nomi olamga doston.
    Jonimiz senga qurbon,
    Vatanim O’zbekiston!

      
    06-yanvar, 2015 jıl. 2785 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Muhabbat fasli

    Muhabbat qo’shig’in birga kuylasak,
    Hamda sevgimizni birga so’ylasak,
    Hatto bir fikrni, o’yni o’ylasak,
    Muhabbat degani asli shu erur,

      
    22-aprel, 2013 jıl. 3625 ret ko'rildi


  • Ashıqlıq zan’ı

    Ku’tpekten kewilim sharshadı,
    İmkansız esigin japtıma?
    Ko’zimde baxıt nurın shashadı,
    Qulıp o’z giltin taptıma?

      
    04-noyabr, 2015 jıl. 2029 ret ko'rildi


  • Muhabbat

    Armon bo’lga muhabbat,
    Sarson bo’lga muhabbat,
    Orzulardan armonlari,
    Hirmon bo’lgan muhabbat.

      
    27-dekabr, 2014 jıl. 10529 ret ko'rildi


  • Мени еслеме

    Мен өткен жоллардан, изим излеме.
    Көрип қалсаң өтип кет, гәптен сөзлеме.
    Бахтың тилеп тапсырдым сени өзгеге,
    Өтинишим енди, мени еслеме.

      
    22-oktyabr, 2015 jıl. 2577 ret ko'rildi


 




Allayar → Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
→ Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
→ Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
→ Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
→ Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
→ Logikalıq soraw #62
каскадер
→ Logikalıq soraw #62
Пластелин
→ Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
→ Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.