Bul mobil menyu orni/ testing....


    Тилимиздеги лақаплардың сыры
    Тилимиздеги лақаплардың сыры

    Тилимиздеги гейпара адамларға қойылған лақаплар бүгинги күнде терең изертлеў жумысларын алып барыў керек екенлигин талап етпекте. Себеби, лақап қойыў әзелден-ақ халқымыз арасында дәстүрге айланып келгенлиги мәлим. Инсан туўылғанда оған ата-анасы тәрепинен үлкен арзыў-үмитлер менен ат таңланады ҳәм ол өзине ажыратылған өмири даўамында сол аты менен жасайды, лекин оқыўда, жумыс орынлары, жақын дослары арасында да үш-төрт адамның атлары бирдей болып қалыўы мүмкин. Егерде, Жаңабай деген ат үшеў болса, оларды бир-биринен айырыў ушын, түр-түси, минези, ҳәрекетине байланыслы қосымша атлар қойылады. Мысалы: Узын жаңабай, паңқылдақ Жаңабай, келте Жаңабай ҳәм т.б. Усы көзқарастан лақаплардың қойылыў сыры халықтың сол инсаға берген баҳасына байланыслы болыўы мүмкин. Биз өзимиз билген айырым заманласларымызға усындай лақаплардың не ушын қойылғанлығын келтирип өтиўди мақул көрдик.

    1. Адамның минезине байланыслы лақаплар
    • Абатбай (пирик) – өжет, қырсық адам болғанлығы ушын усылай аталған.
    • Сапар (жәўкилдек) – тез-тез сөйлегенликтен халық тәрепинен усылай аталып өткен.
    • Нурберген (шәртик) – мен-мен, қопаллаў адам болған, сонлықтан жоралары усылай атаған.
    • Тәжимурат (гегирдек) – жүдә даўкес адам болып, адамлар менен гегирдек алысқан, - деп алысқан, -деп айтады.
    • Сарыбай (жарық) – сыр сақламайтуғын, аңқылдақ болғанлығы ушын жеңгелери усылай атаған, т.б.

    2. Адамның мүшелерине байланыслы
    • Сәрсенбай (паррық) – мурны үлкен болған. Аўылда үш-төрт Сәрсенбай болғаны ушын оларды бир-биринен айырыў мақсетинде усылай атаған.
    • Көшербай (жалақ) – бәрқулла ернин жалай береди екен, сол себепли усылай аталып кеткен.
    • Нысангүл (жырық) – бул ҳаялдың ернинде жырығы болған екен, сол себепли усылай атап кеткен.

    3. Адамның ҳәрекетлерине байланыслы
    • Турғанбай (дал-дал) – ол қандай техниканы айдаса да дурыс жүргизе алмай, оны буза берген. Сонлықтан жоралары усылай атаған.
    • Жумамурат (шәлмен) – шәлтийип, арқайын, үсти-басына қарамай аңқаўсырап жүреди екен. Соннан қайсы Жумамурат десе, шәлмен Жумамурат деп атаған.
    • Атамурат (жүнтыққыш) – атқа минип отырып, көпшик деп айтыўды умытып қалып, қасындағы адамға жүнтыққышты әпер деп жиберипти, соннан усылай аталып кеткен.
    • Бегман (опасный) – тракторды қатты айдап көп авария ислегени ушын жораларының қойған лақабы.

    4. Адамның түр-түсине байланыслы
    • Пирназар (лаббы) – келте, семиз адам болғанлықтан лаббы деп атаған.
    • Қайып (қақай) – қәддин төмен бүкпестен, тик жүретуғын болғанлықтан усылай атаған.
    • Қутлымурат (тырыс) – дым арық киси болған.
    • Дәмехан (бүлкилдек) – кишкене, томпақ, семиз ҳаял болғанлықтан келинлери бүлкилдек шешей деген.

    5. Адамның кәсибине байланыслы
    • Мәмбетмурат (шатаўат) – (счетовод) бухгалтер болған. Халық ол сөзге тили айланбай шатаўыт, деп атап кеткен.
    • Жолдасбай (очки) – муғаллим болған, келинлери оны очки таққанлықтан очки қайнаға деп атаған.
    • Бегнияз (одарник) – ударник саз-әспабын шерткен. Халықтың бул сөзге тили келмей усылай атап кеткен ҳәм т.б.

    Жоқарыда келтирилген мысаллар бир ақыл дөгерегиндеги лақаплардың белгили бир бөлегин ғана қамтыйды. Буннан басқа да аўыл арасында ҳәммеге белгили болып кеткен. Жаңабай шымшық, Турдыбай шуқымай, Жумабай қалақбас, Шәрибай ешкибас, Назарбай тасмаңлай, Сәтбай тарзан, Исмайыл тәрнек сыяқлы лақаплар да бар. Булардың барлығына тоқтап отырыўдың мүмкиншилиги болмағанлықтан, айрымларына ғана классификация жасадық. Бул бир тәрепинен бизиң сөз байлығымыздың раўажланыўына да өз үлесин қосыўы сөзсиз. Сонлықтан ономистиканың бир шақабы болған лақапларды алдағы ўақытларда да изертлеў, ҳәр тәреплеме үйрениў бүгинги күнде көпшилик күтип турған мәселелердиң бири болып есапланады.

    Ал сиз қандай лақапларды билесиз ҳәм не ушын усылай атаған?


    Гөззал Ибраймова.

    Megablog bo'limi | 01-avgust, 2014 jıl
    Bul bet 2554 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Gulzar 17 avgust 2014 22:23

    Degen menen o'zinin' atin aytqan jaqsig'o.
    Ubaydullaev 30 avgust 2014 13:40

    1-корген Гулшад деген кыздын хакыйкый аты Гулчехра, 2-си Гуландан екен. Гулшад бул хакыйкый исимбе яки лакаб па екен?

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

    Бул жүрисиң қай жүрис заманлас!

    Ҳәзирги күнде жаслар арасында кеңнен таралып атырған ҳәр түрли түсиниксиз ҳәм тек ғана шаўқымнан ибарат болған музыкалар, инсанлар...

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Жалған сезимлер

    Жасайсаң көзлеримниң қарасында Сенде мени еслейсеңбе арасында? Жүрегимди қыйнап, күйип-жанарман, Сен берген муҳаббаттың азабында....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Жаңа жыл

    Ғәрезсизлик басланғанлы елимде
    Еркинлик сезими жасар кеўилде.
    Мине бүгин жигирмаға толмақта
    Жаңа жылым бахыт берсин ҳәр үйге.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3358 ret ko'rildi


  • Bobojon

    Yuragimda to’la faxr iftixor
    Ollohimga bo’lsin shukurlar ming bor…
    Sofdil qalbi tiniq,suvday beg’ubor,
    Baxtliman,dunyoda sizday bobom bor!!!

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1897 ret ko'rildi


  • Китаплар

    Кеўлимизге жайлар жаңа ойларды,
    Ашып берер ашылмаған сырларды,
    Өзиңде жәмлеген өткир қырларды,
    Билимниң булағы тек те китаплар.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 3148 ret ko'rildi


  • Қурақ көрпеше

    Анам тиккен қурақ көрпеше,
    Көздиң жаўын алады жайнап,
    Мийнет етип күни-түн нешше.
    Қурастырар бир-бирлеп жыйнап.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3271 ret ko'rildi


  • Миллионлар ишинде жалғыз еди ол

    Поезияда өшпес жулдыз атанып,
    Шайырлықта жүдә сөзлери талып,
    Тилинде бәрҳәмә жырланып халық,
    Миллионлар ишинде жалғыз еди ол.

      
    20-noyabr, 2015 jıl. 2532 ret ko'rildi


  • Таллар

    Жасыллық мәўсими келген мәҳәл,
    Ағам менен бирге нәллер еккенбиз,
    Ҳәр жылы үлкемизге келгенде бәҳәр,
    Олар менен гүллеп бирге өскенбиз.

      
    11-may, 2013 jıl. 2285 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Bul aqsham tu’simde

    Men sizdi ushırattım na’zerimde mın’,
    Oyımda ketpeysiz uzaqlap mennen,
    Biraq bul bir qıyal, bir shiyrin tu’stey,
    Heshqashan on’ınan kelmes bilemen!

      
    28-aprel, 2013 jıl. 2841 ret ko'rildi


  • Iqrar

    Haqıyqat ko’z jardı ko’z aydın,
    O’zimnen o’zligim izleymen,
    Endi ne boladı, siz aytın’,
    Endi qay ma’nzildi go’zleymen.

      
    04-noyabr, 2015 jıl. 2195 ret ko'rildi


  • Yarashaylik

    Vafo tomirimda oqayotgan qon,
    Bevafolik tanangdagi jon,
    Men senga ishondim sen menga inon,
    Kel yarashaylik.

      
    27-dekabr, 2014 jıl. 4323 ret ko'rildi


  • Қыялдағы сулыўға

    Неге түслериме тез тез енесең,
    Мүмкин аңсадым мен ақ дийдарыңды,
    Сонша күттим ушырасыўға келмесең,
    Қурғыр жүрек шыдатпайды сабырымды.

      
    20-noyabr, 2015 jıl. 2224 ret ko'rildi


 




Allayar → Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
→ Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
→ Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
→ Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
→ Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
→ Logikalıq soraw #62
каскадер
→ Logikalıq soraw #62
Пластелин
→ Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
→ Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.