Bul mobil menyu orni/ testing....


    Қуяшлы таңлар
    Ертеңги таңлардың атыўы бийкар,
    Бәрибир жеңеди оны нурсыз түн,
    Мениң кеўилиме соң берип азар,
    Алыстан қуяшым батады бүгин.

    Таралған нурлары сөнеди әсте,
    Сөнеди, бир нәпес ана тәбият,
    Қуяшлы таңларды түн етип қәсте,
    Барады пүткиллей зүлмети қаплап.

    Қуслар сайрамайды қараңғы түнде,
    Күндизгидей ойнақлап, ушпайды олар,
    Ҳәтте, бағымдағы сулыў гүллер де,
    Жапырағын жыйнап соң көзлерин жумар.

    Тереклер қалады терең ойланып,
    Жапырағы сытырлап, самал сестинен,
    Келсе де зүлметли түнлер айланып,
    Олардың шықпайды таңлар есинен.

    Түн зүлмети өз күшин көрсетти мине,
    Әтирап зимистанға айланып қалды,
    Тири жәнзатлардың кеўиллерине,
    Бир нәпес қорқыныш сезимин салды.

    Түнде дүнья жалғыз, жалғыз табият,
    Бағларымда жалғыз қалар бүлбилсиз,
    Күн батып, зимистан болса әтирап,
    Бүлбилдиң де жалғыз қалыўы сөзсиз.

    Бирақ, жалғыз емес аспандағы ай,
    Жулдызлар қасында болып жолдасы,
    Олар сондай сырлы бир-бирине сай,
    Ҳәтте, бүгин түнге тән қалдым расы.

    Билсем түн қуяшлы болмаса да ол,
    Ай менен жулдыздан нур алар екен,
    Биз түнге алмасқан сырлы түннен сол,
    Әжайып бир сыйқыр таралар екен.

    Бул сыйқыр мағанда илҳәм бағышлап,
    Қолыма услатып қойды қәлемди,
    Түнниң зүлмети де кем-кемнен тарқап,
    Таң атты, жайнатып пүткил әлемди.

    Қанша түнлеримиз узын болса да,
    Соңынан, қуяшлы таңлар атады,
    Мейли инсан болсын, мейли өсимлик,
    Бәршеге бир қыйлы нур таратады!


    Бийбисара Худайназарова.

    Poeziya bo'limi | 26-oktyabr, 2015 jıl
    Bul bet 2080 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Жақсы тилек

    Ҳәр атқан таңларым қуяшлы болып, Нурларын шашқанда жайнап әтирап, Кеўил қаналарын қуўанышқа толып, Бахыт ҳәм шадлықта жүргейсен ҳәр...

    Тағдир жолында

    Айралық паслының музлары ерип, Көрген түслеримиз оңынан келип, Мухаббат бағының гүллерин терип, Биз және ушрастық тәғдир жолында....

    Ана

    Қараңғы түнлерди қуяшлы күнге, Тутастырып бәрҳә болады бирге, Аспаннан нур болып, гүл болған жерде, Бир шымдым ийискелеп, тоймайман ана!...

    Атама саўға

    Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Шаңарақ

    Жүрекке жақсылық жақса шамшырақ,
    Мийўеси перзентдур жаманлык жырақ,
    Нурлары жарқырап көбейип урпақ,
    Муҳаббаттан тикленгенде шаңарақ.

      
    16-may, 2015 jıl. 2708 ret ko'rildi


  • Qa’lbin’ joyıttı…

    Da’rtimdi ko’terer tekte aq qag’az,
    Sırlasım ku’ndiz say, keshte ay boldı,
    İsenim, haqıyqat suwların qumsap,
    Kewil gu’lim bu’gin sho’lledi soldı.

      
    15-avgust, 2016 jıl. 2529 ret ko'rildi


  • Фарзанд

    Тун билан кун алмашади тиним билмай,
    Айланади тўхтамасдан чархнинг тоши,
    Умр ўтар ҳеч кимсага вафо қилмай,
    Қолар лекин ҳар банданинг бир издоши.

      
    21-dekabr, 2015 jıl. 2684 ret ko'rildi


  • Таң

    Мине атты тағы бир таң әжайып,
    Жер жүзине нурлы шуғласын жайып,
    Өмирим бир күнге барар қысқарып,
    Сонда да күтемиз таңды асығып.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2306 ret ko'rildi


  • Kegeyli

    Men o’zge a’lemde ju’rgendeymen-aw,
    O’mir go’zzallıg’ın bilgendeymen-aw,
    Du’nyag’a tap ha’zir kelgendeymen-aw,
    Gu’zde sulıw ko’rinesen’ Kegeyli.

      
    17-aprel, 2013 jıl. 2604 ret ko'rildi


  • Биреўге дүньяны әпермек болмаң...

    Биреўге дүньяны әпермек болмаң,
    Мейли дүнья қалсын дүнья ҳалында,
    Биреўге усынып гүл термек болмаң,
    Ол да өнип өссин шәмен бағында.

      
    21-dekabr, 2015 jıl. 3956 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Muhabbat fasli

    Muhabbat qo’shig’in birga kuylasak,
    Hamda sevgimizni birga so’ylasak,
    Hatto bir fikrni, o’yni o’ylasak,
    Muhabbat degani asli shu erur,

      
    22-aprel, 2013 jıl. 3625 ret ko'rildi


  • Seni o’ylab!

    Seni o’ylab ko’zimdan yoshlar to’kildi
    Seni deya mag’rurgina qaddim bukildi
    Bu xolimni ko’rib dushmanlar kuldi
    Dardim ichimdadir ayta olmayman
    Shunda ham hech sendan kecha olmayman!!!

      
    12-mart, 2013 jıl. 4767 ret ko'rildi


  • Azizim

    Azizim mening borim,
    Sizsiz yorug’ jahonim,
    Har kuni bir bor holim,
    So’rmaysizda o’zingiz.

      
    18-dekabr, 2015 jıl. 3140 ret ko'rildi


  • O’n sakkiz yoshim

    Senga ming rahmat o’n sakkiz yoshim,
    Sevgi sirlari ham qotirar boshim,
    Belgi ber bilarmisan, sen kursdoshim,
    Ne qilsam, sevarsan, ey bag’ritoshim,

      
    22-aprel, 2013 jıl. 2276 ret ko'rildi


 




Allayar → Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
→ Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
→ Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
→ Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
→ Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
→ Logikalıq soraw #62
каскадер
→ Logikalıq soraw #62
Пластелин
→ Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
→ Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.