Bul mobil menyu orni/ testing....


    Қорқыт атадан қалған қобызым
    Қорқыт атадан қалған қобызым“Қобыз” бул ҳалқымыздың ең ески музыка саз әспабы болып, буны жыраўларымыз тәрепинен үлкен шеберлик пенен шертилип хәм атқарылып келинбекте. Қобыз әспабы бир неше мың жыллардан берли ҳалқымыз бенен қуўанышлы күнинде де, қайғылы күнинде де хәр дайым бирге болғанлықтан, оған тарийхымызды жүк етип арқалаған “бели бүкирейген қобызым” деп те айрықша атама береди.

    Қобыздың пайда болыў тарийхын әпсаналарға сүйенген халда айтатуғын болсақ “Қобыздың пири Қорқыт ата хәм Дийўанайы бурық” дейди, жыраўларда бул әспабтың пайда болыўы хаққында мынадай әпсаналар бар: Қорқыт ата ағаштан қобыз ислеп саз шертиўди әрман етипти. Көп ағашларды жонып көрипти, бирақ ҳеш кеўилдегидей болмаған. Қорқыт атаның қобыз жонып отырғанын шайтанлар көрип, Қорқыт атаға қобызыңды көрсетиң депти. Ал Қорқыт ата шайтанлардан буны қызғанып жасырыпты. Оннан кейин Қорқыт ата тоғайдан шығып кететуғын кисиге қусап жасырынып, басқа бир жолдан буққышлап барып шайтанлардың сөзин тыңлапты. Шайтанлар болса Қорқыт ата туўралы былай деп атыр екен: “Қорқыт ата жүдә жақсы басламаны қолға алыпты, бирақ ақырына жеткере алмапты. Егерде тоғайдағы доңыз сүйкенип қуўраған жигилдик, жийдениң ағашынан қобыз жонса, оннан тостаған шығарса, тостағанын бақыраўық түйениң бас териси менен қапласа, оған киснеўик аттың қуйрығынан алып қыл тақса, қумлақта, таўда өсетуғын сасық қурайдың ширесинен (шайырынан) жақса, қылдың астына көтерип туратуғын гөне қабақтан жонып тийек салса, жүдә шыққыш әспаб болған болар еди” депти. Буны еситкен Қорқыт ата ғырра изине қайтып шайтанлардың айтқанындай етип қобыз ислеген екен, ҳақыйқатында да түрли намаға шертилетуғын жақсы бир қобыз саз әспабы пайда болыпты. Қорқыт ата қобызды ҳәр түрли намаға салып шертип жүре берипти хәм соннан баслап Қорқыт ата қобыздың пири болыпты,- дейди.

    Ал, жыраўлар шежиреси XIV-XV әсирлерде жасаған Соппаслы Сыпыра жыраўдан басланған. Жыраўлар қобызды қолына алып ақыл, нәсият, терме-толғаў, тарийхый жыр, қахарманлық, батырлық дәстанларды атқарып келген. Ондағы нама, арнаўлы өзине тән атқарылатуғын нама болып булар: “Уллы зибан”, “Айға шап”, “Шербейит”, “Ылғал”, “Жан-жан”, “Жортыўлы”, “Ел менен” сыяқлы намалар. Ал, сол намалардың арасында адамның аты менен яғный сол жыраўлардың аты менен аталған намалар да бар, булар “Жийен”, “Айтуўар”, “Шаңқай”, “Дилим”, “Нурабулла”, “Ерман” хәм тағы басқалар мысал бола алады.

    Қобыз әспабы ата-бабамыздың басып өткен жолы, басынан кеширген қысыўметин көрген. Бизиң ойымызша бул әспабты көздиң қарашығындай сақлап, оны усы сап ҳалында кейинги әўладқа жеткериў ҳәр биримиздиң парызымыз болыўы керек.

    Әлбетте, бул улкен мийнетти талап етеди. Лекин қобызымыз бар екен халқымыздың руўхый азығы, миллий мийрасы, терме толғаўлары, дәстанлары хеш ўақытта жоғалмайды хәм еле де несип етсе талай әсирлер даўамында өз жанғырығын даўам еттиреди деп исенемиз хәм соған хәрекет етемиз.

    Қорқыт атадан қалған қобызым


    Саламат Аяпов,
    Педагогика факультети
    музыкалық тәлим қәнигелиги студенти.

    Madeniyat bo'limi | 24-may, 2014 jıl
    Bul bet 4064 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +7


    Дуз ҳаққында әпсана

    Ерте заманларда жерде дуз бар болса да, адамлар оның пайдасын биле алмай, аўқатларын дузсыз жейтуғын болған. Дуздың дәслеп табылғанлығы ҳаққында халық...

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Ўатаным

    Аспаныңда қанат қомлап ушсам деп, Қушағымда беккем сени қушсам деп, Кәне енди алақанда тутсам деп, Ер жетемен қушағыңда ўатаным....

    Қара көзлерим

    Мөлдир қара көзлерде, Жүрек сыры бар еди. Сол жүреклер түбинде, Әрмәнлар қабат еди....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Дүньяда бар жақсылар

    Адамға өмир берилген,
    Жақсыға ҳәм жаманға,
    Неше түрли адамлар бар,
    Жақсылар бар дүньяда.

      
    24-sentyabr, 2014 jıl. 4271 ret ko'rildi


  • Миллионлар ишинде жалғыз еди ол

    Поезияда өшпес жулдыз атанып,
    Шайырлықта жүдә сөзлери талып,
    Тилинде бәрҳәмә жырланып халық,
    Миллионлар ишинде жалғыз еди ол.

      
    20-noyabr, 2015 jıl. 2532 ret ko'rildi


  • Otajon!

    Dunyoda mehribonim sajdagohimsiz,
    Yo’llarimni yoritguvchi quyoshimsiz,
    Siz men uchun eng aziz eng ulug’ inson,
    Baxtimga siz bor bo’ling aziz otajon.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 2408 ret ko'rildi


  • Қорқаман

    Бүгин қосық жазып ертеңги күни
    Жаза алмай қалыўымнан қорқаман.
    Денсаўлықта ойнап күлип бир күни
    Тура алмай қалыўымнан қорқаман.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 5534 ret ko'rildi


  • Туўылған жерим

    Тек сенде туўылдым, камалға келдим,
    Ашық аспаныңды көрди бул көзим,
    Топырағыңда қалды дәслепки изим,
    Бийбаҳамсаң,анамсаң туўылған жерим,

      
    20-aprel, 2013 jıl. 2976 ret ko'rildi


  • Men jigirma jastaman!

    Erkinlikten elim jaynap-jasnag’an,
    Basınan hesh baxıt qusı ushpag’an,
    Usınday bir g’arezsizlik zamanda,
    Doslar, bu’gin men jigirma jastaman!

      
    27-may, 2014 jıl. 2379 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Еслейсеңбе

    Еслейсеңбе ҳәр ақшам, жаныңа мен барғаным.
    Қолларыңды мойныма еркелеп сен қойғаның.
    Сенсиз маған өмир жоқ, таслап кетпе мени деп.
    Қайда кетти сол күнлер, жаным айт сен не себеп.

      
    20-yanvar, 2016 jıl. 3920 ret ko'rildi


  • Бақытлы бол Л***

    Бизге бақыт буйырмады деп,
    Өкинбе сен өзгермес бәри,
    Сеннен сорап өтинерим тек,
    Мени умытып кетпе жаным.

      
    21-noyabr, 2015 jıl. 2586 ret ko'rildi


  • Meni aldab jonim ne foyda ko’rding?!

    Men seni jonimdan ham ortiq sevardim,
    Doim birga bo’lamiz deb orzu qilardim,
    Senga sodiq bo’lib doim yurardim,
    Senga o’zgalar kerak men shuni bildim!

      
    12-mart, 2013 jıl. 3147 ret ko'rildi


  • Nega?!

    Ummondagi suvdayin jo’shgim keladi,
    Daraxtdagi mevadayin o’sgim keladi,
    Insonlarni quchgandayin quchgim keladi,
    Nega ayting sizni ko’rgim keladi?!

      
    19-mart, 2013 jıl. 2698 ret ko'rildi


 




Allayar → Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
→ Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
→ Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
→ Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
→ Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
→ Logikalıq soraw #62
каскадер
→ Logikalıq soraw #62
Пластелин
→ Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
→ Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.