Bul mobil menyu orni/ testing....


    Мен жырлаған “Ер Шора”
    Мен жырлаған “Ер Шора”

    Мен жырлаған ҳәм жырлап атырған “Ер Шора” дәстаны қарақалпақ ҳалқының бир қанша қаҳарманлық дәстанларының ишинде мазмуны жағынанда, көлеми жағынанда ең жоқары орынларда туратуғын дәстанлардың бири. “Ер Шора” дәстанын бизге дейин көп жыраўлар атқарып келген. Лекин бурынғы аўқам дәўиринде оларды жазып алыў ҳәм баспадан жарық көриў мумкиншиликлери болмады. Мине усындай қыйыншылықларға қарамастан жанкүйер әдебиятшы алымлар сол ўақыттағы тири жыраўлардан “Ер Шора” дәстанының бир неше вариантын жазып алыў бахтына еристи. Бугинги күни Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң китапханасында дәстанның 5 нусқасы сақлаўлы тур.

    Булардан: Есемурат жыраў Нурабыллаев, Кәрам жыраў Нағымов, Сейтжан жыраў Әйтимбетов, Жанназар жыраў Ақназаров, ҳәм Өтенияз жыраў Имбетов вариантлары болып табылады.

    Шора дәстанының барлық нусқалары мазмуны бойынша бир-бирине уқсас бир сюжетке қурылған, ал бирақ булардың көлеми ҳәм ўақыяны сүўретлеў ҳәм көркемлиги жағынан бир-биринен парқланады.
    “Ер Шора” дәстаны мазмуны бойынша қаҳарманлық дәстанлар қатарына киреди. Себеби дәстанның тийкарғы бағдары, ҳәр қандай зорлыққа наразылыққа басып алыўшыларға қарсы ел қорғаў урысы болып бул саўашларда Ер Шораның мәртлиги айқын баян етиледи. “Ер Шора” дәстаны басқа қаҳарманлық дәстанларға уқсап, батырдың дүньяға келиўи, атланысқа шығыўы, керекли жаў жарағы менен астындағы шапқыр атын алдыннан таярлап қойылыўы, тарыққанда Қызыр Иляс бабасының жәрдемге келиўи ҳәм тағы басқа усыған уқсас сюжетлер бар екени “Ер Шора” ның қаҳарманлық дәстан екенин және бир мәрте тастыйықлайды.

    “Ер Шора” дәстаны түрк тиллес ҳалықлардың көпшилигинде бар екенин билемиз, мәселен: татар, қырым татарлары, варава татарлары, башкурт, казақ ҳәм Румыниядағы полатлы турк деп аталатуғын түркий қәўимлериниң арасында да кеңнен таралған дәстан.

    Буннан тысқары “Ер Шора Нәрик” улы ҳаққында орыс жылнамаларында, шежирелеринде “Шора Нарикович” деп көрсетиледи.

    Мен бул үлкен тарийхқа ийе дәстанды жас жыраў сыпатында жырлап атырып мениңде алдымда үлкен жуўапкершилик турғанын сезип атырман. Лекин буны тыңлаўшы ҳалқымыз бар екен биз жыраўлар қолымызға қобыз алып дәстан айтыўдан ҳеш ўақытта шаршамаймыз. Усы жерде бир сырды айтып өтетуғын болсам, мен “Ер Шора” дәстанын қолыма алып ядлаўымның себеби, бул дәстанның басқа дәстанлардан өзгешелиги тәреплериниң көп екенлигинде болып отыр. Мәселен: Шора тама батыры болып, ҳалық қаҳарманы дәрежесине көтерилген, өз әкесиниң қанын алыў ушын, оның душпанлары менен гүреске шығыўы, елдиң, ҳалықтың мәпин гөзлеп ис тутыўы ҳәм батырдың усындай ийгиликли ислерди әмелге асырыў жолында набыт болыўы дәстанда жасырмай айқын баян етиледи.

    Және бир себеби, жоқарыда жазылғанындай “Ер Шора” дәстанының қол жазба 5 нусқасы бар, бырақ бул дәстанның даўысы менен жазылған толық версиясы, радиода, телевидениеде яки Илимлер Академиясының архив фондында сақланбаған тек қана 2-3 қысқа қосықлары ғана бар.

    Сол себепли мен бул дәстанды ҳалқымыз тек ғана китаплардан емес, ал телевидение, радиодан еситип, көрип таныссын деген мақсетте ҳәрекет етип атырман.

    Әлбетте бул қамыр ушынан пәтир, бирақ бундай тарийҳый дәстанларымызды, миллий мийрасларымызды Қарақалпақстан, Өзбекстанға ғана емес ал несип етсе дүнья жүзине танытамыз деген ниетимиз бар.


    Саламат Аяпов,
    ҚМУ, Музикалық тәлим
    қәнигелиги 3-курс студенти.

    Madeniyat bo'limi | 25-may, 2014 jıl
    Bul bet 2818 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Дуз ҳаққында әпсана

    Ерте заманларда жерде дуз бар болса да, адамлар оның пайдасын биле алмай, аўқатларын дузсыз жейтуғын болған. Дуздың дәслеп табылғанлығы ҳаққында халық...

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Биринши муҳаббат

    Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Китаплар

    Кеўлимизге жайлар жаңа ойларды,
    Ашып берер ашылмаған сырларды,
    Өзиңде жәмлеген өткир қырларды,
    Билимниң булағы тек те китаплар.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 3148 ret ko'rildi


  • Quyashlı tan’ım

    Qızıq g’oy qarasam du’nyanın’ o’zi,
    Ha’r ku’ni tan’ atar ku’limlep quyash,
    Birewdin’ birewge tu’sedi isi,
    Qay waq ay ko’rinip, batqanda quyash.

      
    21-mart, 2013 jıl. 2290 ret ko'rildi


  • Watan

    Watan - sen gu’l ju’zli, mehriban ana,
    Ha’miyshe qushag’ın’ perzentke tolı,
    Watan- sen ba’rshege birsen’, bir dana,
    Keleshegi nurlı, haq aydın jolı.

      
    21-mart, 2014 jıl. 2765 ret ko'rildi


  • Na’zer

    Qıyal jeteledi ayna aldına,
    Ha’m go’zzal ta’biyat na’zerim tarttı,
    Son’g’ı japıraqları qalıp taldın’da,
    Jelkeme turmıstın’ ju’klerin arttı.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 4742 ret ko'rildi


  • Миллионлар ишинде жалғыз еди ол

    Поезияда өшпес жулдыз атанып,
    Шайырлықта жүдә сөзлери талып,
    Тилинде бәрҳәмә жырланып халық,
    Миллионлар ишинде жалғыз еди ол.

      
    20-noyabr, 2015 jıl. 2532 ret ko'rildi


  • Фарзанд

    Тун билан кун алмашади тиним билмай,
    Айланади тўхтамасдан чархнинг тоши,
    Умр ўтар ҳеч кимсага вафо қилмай,
    Қолар лекин ҳар банданинг бир издоши.

      
    21-dekabr, 2015 jıl. 2685 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Үмит ушқыны (монолог)

    Кешир…
    Сени тыныш қоялмайман,
    Буның ҳеште илажи жоқ,
    Мен басқасын сүйе алмайман,

      
    04-mart, 2014 jıl. 5657 ret ko'rildi


  • Sen baxıtlı bolıwın’ kerek.

    Du’nya astan-kesten bolsa da,
    Basın’a ne sawda salsa da,
    Arzıwların’ tu’ste qalsa da,
    Sen baxıtlı bolıwın’ kerek.

      
    19-avgust, 2016 jıl. 3518 ret ko'rildi


  • Bir seni sevarman so’zimga ishon!

    Seni o’ylab uyg’ondim har tong
    Aqlimga quloq solmas yuragim bejon
    Seni deya yasharman har laxza har on
    Bir seni sevarman so’zimga ishon.

      
    12-mart, 2013 jıl. 3672 ret ko'rildi


  • Туйғулар исёни

    Туйғулар исёни қийнайди нечун,
    Бир пари сифатни севганим учун.
    Бу дардимга ўзи эрур табибим,
    Бекаму кўст бахт берсайди ҳабибим.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 2102 ret ko'rildi


 




Allayar → Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
→ Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
→ Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
→ Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
→ Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
→ Logikalıq soraw #62
каскадер
→ Logikalıq soraw #62
Пластелин
→ Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
→ Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.