Bul mobil menyu orni/ testing....


    Аяқ ойыншылар тойларды қыздыра ма ямаса…
    Аяқ ойыншылар  тойларды  қыздыра ма ямаса…


    Еситиўимизше, бурынғы ўақытлары аяқ ойыншылардың ойынларына көпшилик тән берип, тойларға арнаўлы шақыртылып, олардың шеберлигине қайыл қалып, қурбы жеткенлер пул қыстыратуғын болған. Сонлықтан аяқ ойыншылар мерекени еле де қыздырып, ойын-заўық пенен қурға ләззет берсин деген мақсетте мирәт етилген.

    Ҳәзирги күнлерде той мерекелерге арнаўлы шақыртылған қосықшылар менен бирге келген аяқ ойыншылардың ҳәрекетлери мениң көзиме жүдә ерси көринбекте. Себеби, қараған көзге олардың айрымлары, басым көпшилиги десек те болады, жаслар тойларында тартынбастан, ашықтан-ашық той басланыўынан тап жуўмақланаман дегенше, келген мийманлардан, әсиресе ер адамлардан дәмегөйленип, қалай болмасын бос қол қалмаўды нәзерде тутып ҳәрекет еткендей түйиледи, ең ерси көринген жери, алдына шығып ойнап турған адамның жасы кишилиги яки ғаррылығына қарамастан, қашан пулды шығармағанша үстине сүйкелип, унамсыз ҳәрекетлер ислеп, оның қасынан кетпей турып алады.

    Ол адамның қалтасында пулы бар ма я жоқ па? Ол аўқатланып отыр ма? Жақын ағайин-туўысқанлары менен мәсләҳәтлесип атыр ма, ол жағы ойыншыны қызықтырып атырған жоқ. Қашан қолына пул тиймегенше, бир адым былай кетпейди. Айрымларының кийинген кийимлерине қараўға да уяласаң. Қалтасынан пул шығарып бере алмай атырған адам, көпшиликтиң арасында қатты қысыныспаға түсип қалады. Усы жағдай базы бир ашыўшақ адамлардың ғәзебин келтирип, қопал гәплерди айтып жиберип атырғанлығын да еситип қаламыз. Усыған қарамастан, жылдан-жылға бундай «аяқ ойыншылардың» той мийманларынан «пул жыйнаў» ойынлары ҳәдден зыят болып баратырғандай. Тойдағы аяқ-ойыншылардың бундай ерси ҳәрекетлери профессионал ойыншылардың, устазларының абыройына дақ түсирмес пе екен?

    Себеби олардың кәсиплик ўазыйпасында да жоқарыдағы айтып өтилген ис-ҳәрекетлер көзде тутылмаған болса керек?
    Мәденият, көркем –өнер тараўы қәнигелери ҳаққында ойлағанымызда, биз халыққа мәдениятты сиңдириўши, руўхый азық бағышлаўшы, өзгеше қәбилетке ийе, пүткил халық танып, ҳүрмет ететуғын инсанларды түсинемиз.

    Демек, ҳәр бир мәденият тараўы хызметкерлеринен келешегимиз болған жаслар үлги алады, оларға еликлейди. «Той десе қуў бас жумалайды»-дегениндей, тойларға түрли жастағы адамлар келеди. Жасы үлкенлер айрым аяқ ойыншылардың жаслар тойындағы бундай ерси ис-ҳәрекетлерин мәдениятсызлық, әдепсизлик-деп баҳаласа, ал жасларымыз буны «мәденият»-деп, өзине үлги сыпатында алады. Биз қәлесекте, қәлемесекте, олар да бул ис-ҳәрекетлерди қайталаўы итимал. Бундай ис-ҳәрекетлер белгили бир дәрежеде жасларымыздың тәрбиясын бузып атырған жоқ па? Бәлким жоқарыдағы машқалалар бойынша тийисли тараў қанигелери ҳәр тәреплеме ойлап көргени мақул шығар, деп ойлаймыз.


    Муслима Мамбетниязова,
    Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик
    университети филологиясы факультети
    журналистика қанигелигиниң 3 а- курс студенти.

    Сүўрет: youtube сайтынан.

    Elimizde, Megablog bo'limi | 12-noyabr, 2015 jıl
    Bul bet 1916 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +10


    Keunimjay 24 noyabr 2015 21:39

    Toylardagi oyinshilardi konduktorlarga uqsataman. Sebebi olar pul jiynawdi biledi.

    Тағдир жолында

    Айралық паслының музлары ерип, Көрген түслеримиз оңынан келип, Мухаббат бағының гүллерин терип, Биз және ушрастық тәғдир жолында....

    Атама саўға

    Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Júreklerde máńgi qalasız

    Jasap atırman áziz Watanda,
    Paraxatshılıq húkim súrgen diyarda,
    Ǵárezsiz, muqaddes ana topıraqta,
    Barlıǵınıń tiykarshısı ózińiz ata.

      
    04-fevral, 2017 jıl. 2265 ret ko'rildi


  • Қарақалпақта

    Үстинде бар нағышлы киймешеги,
    Маржан тақыя жарасықлы пөпеги,
    Келиншеклер кийер жегде жипекли,
    Көк көйлекли қызлар қарақалпақта.

      
    11-may, 2013 jıl. 2823 ret ko'rildi


  • Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем,
    Жалғыз ғана жолға түстим мен
    Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек
    Мен алға жүриўди турыппан қәлеп.

      
    11-may, 2013 jıl. 3684 ret ko'rildi


  • Имтихан

    Анам айтты: -«Журналисттиң,
    Наны жуқа, айдай қызым,
    Басын усла басқа истиң,
    Мен айтаман билип сөзим.

      
    09-iyul, 2014 jıl. 2922 ret ko'rildi


  • Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң

    Бухара, Самарқанд, Хийўа, Хорезм,
    Тарийхый дереклерге байдур елим,
    Ҳәтте таң қалдырған дүньяның жүзин,
    Өзбекстан – нурлы ўатаным мениң.

      
    17-may, 2013 jıl. 2601 ret ko'rildi


  • Dostım

    O’zin’ ba’ha’rimnin’ jasıl iren’i,
    Sag’ınıshlı gu’zdin’ en’ tatlı demi,
    Ashıwın’ qıstın’ bir ayazlı ku’ni,
    Pasıl ma’writindey dolang’an dostım.

      
    26-mart, 2014 jıl. 2353 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Жаллод кўзларинг

    Суратингга термулиб сир борлигини билдим мен,
    Сенгга боққан кўзлардан қаттиқ рашклар қилдим,
    Чидолмай юрагимдан ҳаловатни олдим мен,
    Изласа дейман мени сени жаллод кўзларинг,

      
    22-aprel, 2013 jıl. 3387 ret ko'rildi


  • Azizim

    Azizim mening borim,
    Sizsiz yorug’ jahonim,
    Har kuni bir bor holim,
    So’rmaysizda o’zingiz.

      
    18-dekabr, 2015 jıl. 2990 ret ko'rildi


  • Раъно

    Қирларни кезайму сенинг изингдан,
    Сўраш учун қўрқаман лек ўзингдан,
    Ўзимни топайин қаро кўзингдан
    Менинг керагимсан гўзалим Раъно.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 2109 ret ko'rildi


  • Dardkashingiz izlab qolar ekansiz!!

    Alamlar ichingizda o’t bo’lib yonsa
    Armonlar qalbingiz doim tirnasa
    Azoblar yurakni har dam qiynasa
    Dardkashingiz izlab qolar ekansiz.

      
    12-mart, 2013 jıl. 2073 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.