Bul mobil menyu orni/ testing....


    Жас талантлы қосықшы ҳәм клипмейкер Наўрыз Каипов дөретиўшилиги ҳаққында
    Жас талантлы қосықшы ҳәм клипмейкер Наўрыз Каипов дөретиўшилиги ҳаққында

    Жаслық – өмир бәҳәриниң тәкирарланбас ҳәм қайтып келмес, күшли толқынға мегзес алтын дәўири. Бул дәўирде ҳәр бир жас өз күш ҳәм жигерин қызығыўшылығы бойынша билим алыўға, үйрениўге сарыплап өз алға қойған мақсетлерин әмелге асырыў бойынша талпынады, мийнет етеди. Усы мийнетлериниң нәтийжесин көрип жетискенликлерге де ериседи. “Жаслықта алған билим тасқа ойылған нағыс сыяқлы” – деп бийкар айтпаған дана халқымыз.

    Мине усындай алған билим ҳәм тәжирийбелериниң арқасында көплеген жетискенликлерге ерисип атырған жасларымыз оғада көп. Усындай талантлы жасларымыздың бири Наўрыз Каипов.

    Каипов Наўрыз 1990-жылы Қанлыкөл районында туўылған. Жаслығынан оқыўға деген қызығыўшылығы бәлент болды. Көркем-өнер ҳәм спорт түрлери менен шуғыллана баслады. Сондай-ақ спорттың жеңил атлетика түри менен шуғылланды. 1997-2006 жылларда Нөкис қаласындағы 26-санлы орта мектепте оқыды. Соң Нөкис милорация ҳәм суў хожалығы кәсип өнер колледжинде билим алды. 2009 жылы колледжди табыслы тамамлады. Наўрыз колледжде оқып жүрген дәўиринен баслап өткерилетуғын көркем-өнер ҳәм спорт жарысларына белсене қатнасты ҳәм бир қанша жетискенликлерге еристи. 2006-2009 жыллар даўамында академиялық ескек есиў бойынша Өзбекситан ҳәм Қарақалпақстан чемпионы болды. Сондай-ақ академиялық ескек есиў бойынша спорт усталығына талабан. Н.Каипов жеңил атлетика бойынша өткерилген спорт жарысларында Қарақалпақстанда бир неше рет чемпион болды. Бәркамал әўлад спорт жарысларының қатнасыўшысы.

    Наўрыз Каипов спорт пенен бир қатарда өзи жаслығынан қызыққан қосықшылық ҳәм режиссёрлық тараўы менен шуғыллана баслады. Қысқа метражлы видеоларды түсирип монтаж процессин меңгерди. Клип түсириў менен шуғыллана баслады. Ең биринши клипин 2008-жылы Д.Абдимовтың “Кешир мени” қосығына түсирди. Усы жылы еки клипти сүўретке алды.

    Н.Каипов 2009-жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының “Дене мәденияты” факультетине мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылланды.

    Институтта 2-курсынан баслап (2010 жылдан баслап) қарақалпақ естрада қосықшыларына көплеген клиплерди сүўретке алды. “Стар-Студио” атлы жеке студиясын ашты.

    2011-жылдан баслап, Наўрыз қосық айта баслады. Яғный Парахат Шарипов пенен бирге топар болып, өз дөретиўшилигин баслады. Ҳәм төмендеги қосықларды дөретти: “Жаным”, “Қайдан табарман”, “Қыйнама”, “Бахтым”, “Еки жүрек”, “Мухаббатым”, “Айт”, “Умыттым сени”, “Ойла”, “Кет енди”, “Таптым”. Жаслар арасында усы қосықлары хитке айланды. Әсиресе “Таптым” қосығы Наўрыз ҳәмде Парахаттың танылыўына себепши болды.

    2013-жылда Наўрыздың дөретиўшилигинде үзилис болды, яғный өз дөретиўшилигин тоқтатты. Усы жылы институтты табыслы тамамлады.

    2014-жылдан баслап өз билимин жәнеде кәсиплик дәрежеде жетилистириў ушын Ташкент қаласында режиссёрлық ҳәм клипмейкерлик курсларында оқыды. Тәжирийбели профессионал режиссёрлар менен тәжирийбе алмасып, фильм сёмкаларына қатнасты. Өз билимин тәжирийбе менен қосып жетилистирген Наўрыз 2014-жылдың март айынан баслап жеке дөретиўшилигин даўам еттирди. “Эрос” топары менен де трио болып “Сен ушын”, “Сени деп”, “Соңғы хат” атлы қосықларын шығарды. Наўрыздың “Сен ушын”, “Сүйгениме” қосықлары бүгинги күнде жаслар арасында хитке айланды.

    Жас талантлы қосықшы ҳәм клипмейкер Наўрыз Каипов дөретиўшилиги ҳаққында

    Сондай-ақ Қазақстан Республикасында да Наўрыздың қосықлары хитке айланды. Сол елдиң Ақтаў қаласындағы жергиликли радиосы Наўрызды мийман ретинде ықласбентлери атынан ефирге шақырады. Наўрыздың қуўанышы шексиз еди, өз ықласбентлериниң сырт елде де бар екенин билип, радиоға интервью бериў мақсетинде Ақтаў қаласына барады. Радиоға дөретиўшилиги туўралы интервью берип, ықласбентлери сораўларына жуўап берди. 2014-жылы сентябрь айында Ақтаў қаласында сол елдиң жергиликли қосықшыларына көплеген клиплерди түсирип, өзи режиссёр болып, 3D қурамалы графика елементлери менен монтаж процессин ислейди.

    Жас талантлы қосықшы ҳәм клипмейкер Наўрыз Каипов дөретиўшилиги ҳаққында

    Таяр болған клиплери көпшиликтиң кеўлинен шығып, Қазақстанның басқада қалаларынан Наўрызға клип түсириў бойынша усыныслар келди. Ҳәзирги ўақытта Алматы қаласындағы продюссерлик орайлар ҳәм қосықшылар менен клип түсириў бойынша шәртнама дүзиўди жолға қойды.

    Наўрыз Каипов елимиздеги көплеген қала ҳәм районларда, алыс аўылларда 200 ден аслам жеке киши шығармашылық концертин шөлкемлестирди. Нөкис қаласында өткерилетуғын гала концертлерге де белсене қатнасады. Нөкис қаласындағы ашық театрда шөлкемлестирилген Қайрат Нуртастың, Уммон топарының, Наўрыз Сабиров жеке концертлеринде қосықларын атқарды.

    Сонғы жаңалығы: 2015 жылы Нөкис қаласында жеке концерт бериўди режелестирмекте.
    Каипов Наўрыз “Сен ушын” атлы қосықлар топламын усы жылы инам етеди. Бүгинги күнде “Сүйгенимсең” атлы қосығына Ташкент қаласында клип ислеп атыр. Клип сёмкасы Нөкис, Ташкент, Ақтаў ҳәм Алматы қалаларында сёмкаға алынған. “Жақын күнлери усы клипимди ықласбентлериме инам етемен” – дейди Наўрыз.

    “Келешекте өз талантым ҳәм уқыплылығым менен елимизди жәнеде дүньяға танытпақшыман” –дейди қосықшы Наўрыз Каипов. Наўрыз биз бенен сәўбетлесер екен өз дөретиўшилиги, жетискенликлери туўралы қуўанып көплеген мағлыўматлар берди. Дурыс бул жетискенликлер Наўрыз ушын бирден әмелге аспады, буның түбинде терең мийнет, күш ҳәм ғайрат турды. Биз өз гезегинде усы күш ҳәм жигерин даўам еттирип, еледе көплеген жетискенликлерге ерисиўине, алдағы жумысларына тасқын табыслар тилеп қаламыз.


    Калмуратов Б,
    www.megaline.uz ушын арнаўлы.

    Madeniyat bo'limi | 08-yanvar, 2015 jıl
    Bul bet 3354 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    lovely-girl 8 yanvar 2015 12:14

    sonday talantli jaslarimizg'a hawes etemz, Nawriz toqtap qalma tek alg'a qaray umtil degim keledi.Tek ganaTabislar.
    Jalgas 8 yanvar 2015 13:45

    Nawriz, qalay, qosiqlarin'di radiodan esittim, birak kliplerindi kormeppen. Molodets, o'z u'stin'de tinbay miynet qiladi ekensiz..
    Perizat 8 yanvar 2015 17:07

    Oxo jaqsi.Biraq tanimadim.Kelejekdegi jumislarizda tabislar tilimen
    Аруна 9 yanvar 2015 08:54

    Molodets Nawriz
    dilnaz 10 yanvar 2015 00:09

    2014-жылдан баслап касиплик дарежеде шугылланыпсан, исин' алга баса берсин. Спорттыда таслап кетпе.
    starstudio 10 yanvar 2015 10:52

    Хаммениз ушын рахмет итибарларыныз ушын, 2015-жыл хамменизге ауметли жыл болсын, Мен еледе оз устимде изленип буннан да коп жаналыклар кыламан усы жылда,
    rolan 14 yanvar 2015 12:28

    Molodets
    rolan 14 yanvar 2015 12:35

    Molodets, biraq xaliqtin' aldinda ko'p erkelep ketpe, miynet et, kishipeyil bol, aspandag'i adamlardin' qoli jetpes juldiz emes, "o'zlerin juldiz sanaytin qosiqshi" emes, a'piwayi insan bol, sondag'ana seni ko'pshilik jaqsi qabillaydi!
    bayram 6 fevral 2015 17:46

    A'wmet!!
    mp-1984 7 aprel 2015 00:02

    Бул бала еле тек клип емес ал нагыз Каракалпактын киноларын Оскарга шекем алып барады деген уимттемиз, Табыслар
    ulyka 12 avgust 2015 13:36

    Tek tabislar bolsin

    Атама саўға

    Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...

    Сиңлим ҳәм мен

    Отырсам радиодан жаңалық еситип, Жас жигит қосығын айта баслады. Деген ўақта «Тек бир мәрте гөгек бер» Сиңлим ҳайран болып саўал таслады....

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Наўрыз

    Мухаббатқа толар жүреклер, Күш-қуўатқа толар билеклер, Қуўаныштан болып дереклер, Бәҳәр менен келеди Наўрыз....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Әкежан

    Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип,
    Сиз бенен жүрермен бахытқа толып,
    Мениң ең исенген инсаным болып,
    Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2060 ret ko'rildi


  • Do’st

    Dunyoda do’stlikdan azizroq ne bor?
    Do’sting bu sen uchun yagona inson,
    Boshinga ish tushsa yoningda har on,
    Chin do’stlar hiyonat qilmas begumon.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1702 ret ko'rildi


  • Қутлы заман

    Шайырларға «йошбағыш»саң,
    Кеўиллерде зер нағышсаң,
    Жулдызларға жеттим ушсам,
    Сен дегенде, Ғәрезсизлик.

      
    13-avgust, 2014 jıl. 2166 ret ko'rildi


  • Xалқим бор

    Забардаст тоғларга салом бермасам,
    Юз тулпор югурган йўлим тор менинг.
    Шашти зўр Жайҳуннинг тўлқинидан ҳам
    Қора қалпоқ кийган xалқим бор менинг.

      
    21-dekabr, 2015 jıl. 2428 ret ko'rildi


  • Ўақыт

    Кешеги бир кишкене бөбек,
    Жас жетип, камалға толды,
    Бағымдағы бир қарыс нәлше,
    Үлкен терек мийўалы болды.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 1745 ret ko'rildi


  • Shegiwshilerge mu'rajat

    Bul illetpe ya a’det,
    Sin’dirdin’be boyın’a?
    Sigaretti shegiwdi,
    Qoyalmaysan’ tuwrıma?

      
    08-noyabr, 2015 jıl. 1677 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Соңғы пушайман

    Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң,
    Жүрдим излериңде пәрўанаң болып.
    Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан,
    Қалайық ҳәмийше бизлер дос болып.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 5517 ret ko'rildi


  • Мени еслеме

    Мен өткен жоллардан, изим излеме.
    Көрип қалсаң өтип кет, гәптен сөзлеме.
    Бахтың тилеп тапсырдым сени өзгеге,
    Өтинишим енди, мени еслеме.

      
    22-oktyabr, 2015 jıl. 2247 ret ko'rildi


  • O’ylasam

    Gar men sizni o’ylasam,
    Yuragim o’ynab ketar.
    Siz haqdagi qo’shiqni,
    Tinmasdan kuylab ketar.

      
    17-noyabr, 2014 jıl. 2280 ret ko'rildi


  • Сайёра

    Севишимни сўзлайму,
    Айтиб айтиб бўзлайму,
    Ишқ манзилин кўзлайму,
    Ўзи бироз айёра,

      
    22-aprel, 2013 jıl. 1834 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.