Bul mobil menyu orni/ testing....


    Баланың раўажланыўында муғаллим де, ата-ана да жуўапкер
    «Бала ҳуқықларын қорғаў» конвенциясы

    Баланың раўажланыўында муғаллим де, ата-ана да жуўапкер

    Жақында Нөкисте «Балалар билимлендириўиниң абзаллықлары» атамасында семинар болып өткен еди, семинарда К.Убайдуллаев атындағы Республикалық халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў институтының доценти Гүлжәҳән Айекеева «Бала ҳуқықларын қорғаў» конвенциясын балалар менен муғаллимлерге тереңрек үйретиўдиң таза методлары, усы мәселе шеңберинде халық билимлендириў министрлиги менен ЮНИСЕФ шөлкеми менен биргеликте «Балаға дослық қатнасықта болатуғын мектеп» атамасында жойбар әмелге асырылғаны ҳаққында атап өткен. Қәнигениң оқыў процесиндеги таза методларды қолланыў, оларды күнделикли турмысқа енгизиў бойынша көз-қарасларын оқыўшыларға түсиндириў ушын сәўбетлесиўди мақул таптық.

    -Өзбекистан Республикасы не ушын бала ҳуқықларын қорғаў конвенциясына қол қойды?

    Баланың раўажланыўында муғаллим де, ата-ана да жуўапкер - Қәлеген мәмлекет келешек әўладтың кәмил инсан болып жетилисиўи ушын оның қорғап, оған тыянақлы билим бериўди жоқары дәрежеде шөлкемлестиреди. «Бала ҳуқықларын қорғаў» халықаралық конвенциясында баланың раўажланыўы, оның барлық ҳуқықлары кепилликке алынған. Сол ушында Өзбекистан Республикасы 1992-жылы усы әҳмийетли ҳүжжетти ратификациялады. 1994-жылы Өзбекистан Республикасы менен Бирлескен Миллетлер шөлкеми балалар қоры ортасында шериклик ҳаққындағы тийкарғы шәртнамаға қол қойды. Соның менен бирге 2008-жылы 7-январьда Өзбекистан Республикасы «Бала ҳуқықлары кепилликлери» нызамы қабыл етилди.

    «Бала ҳуқықларын қорғаў» конвенциясының тийкарғы бес бағдары бар. Олар төмендегилерден ибарат: Мектепти басқарыўда балалар, шаңарақ ҳәм жәмийетшиликтиң катнасыяы, баланың турмыслық талапларын есапқа алған ҳалда сапалы билим бериў, гендер теңликти есапқа алыў, бала жетилискен ҳалда раўажланыўы ушын саламат қоршаған орталық, барлық балаңы социаллық келип шығыўын есапқа алмаған ҳалда билим бериў процесине тартыў.

    - Бала ҳуқықларын қорғаў конвенциясына АҚШ ҳәм Сомали мәмлекетиниң қол қойыўдан бас тартыўына не нәрсе түртки болды деп ойлайсыз?

    - АҚШ та барлық мәмлекетлик ҳүжжетлер саррас ислеп турғанын атап өтеди. Мәмлекет сиясаты бала ҳуқықларын қорғаўға толық мүмкиншилик жаратады. Яғный АҚШ та конвенцияға қол қойыў мүтәжлиги жоқ деп есаплаған. Ал, Сомалиге келетуғын болсақ мәмлекет бала ҳуқықлары конвенциясы талапларын толық түрде орынлай алмайды, себеби мәмлекетте ер жетпеген балаларда урыс процесине қатнасады.

    - Ата-ана қалайынша баланың раўажланыўында қатнаса алады?

    - Көпшилик ата-ана мектеп процесине араласыў мүмкин емес деген түсиникте жүргенин жасыра алмаймыз. Лекин бул жағдай жақсы тәрепке өзгерип атырғанын да атап өтиўимизге болады. Ата-ана ашық есиклер күнлерине қатнасып баласы окып атырған мектептиң билим бериўдеги салмағын салыстырады. Ата-ана жыйналысына қатнасып, оқыў процесинде болып атырған айрым олкылықларды айтыўы мүмкин. Буннан тысқары ата-ана баласы менен биргеликте үйге берилген тапсырманы таярлаў арқалы окыў процесиниң бир ағзасын айланыўы да мүмкин. Ата-ана қайсы мектепте баласы ушын жақсы билим берилетуғынын өз таңлаўы да дәстүрге айланып атыр.

    - Муғаллим баланы раўажландырыўда қалай қатнасады?

    - Мен институтқа қәнигелигин жетилистириўге келген муғаллимлерге биринши гезекте балаларды жақсы көриң, егер ондай болмайтуғын болса муғаллимшилик кәсибин таңламағаныңыз жақсы деп айтаман. Ең дәслеп муғаллим баланы сабағына қызықтыра алыўы лазым. Балалардың сораўына жуўап берип қоймай, олардың пикирлерине де қул түриў лазым.

    - Имканияты шекленген балаларға жәмийетте, мектепте қатнасты қалайынша өзгертиўге болады?

    - Имканияты шекленген қәлеген бала жәмийетке араласып, қатары менен ойнағанды, бирге мектепке қатнағанды жақсы, лекин мектептеги балалар оларды қабыл етпей, үстинен күлиўи де мүмкин. Усындай ўақытта муғаллим жәрдемге келиўи керек, яғный муғаллим балаларды, классты алдын ала таярлап алыўы керек, сонда ғана олардың қабыл етиўи аңсат болады. Егер бундай балалар айына, яки ҳәр қыйлы байрамларда мектепке келип турса мақсетке муўапық болар еди.

    - «Балаға дослық қатнаста болатуғын мектеп» атамасындағы жойбардың тийкарғы бағдары неден ибарат еди?

    - 1997-жылы Өзбекистанға глобал билимлендириў түсиниги кирип келди. Орынларды усы түсиникти ен жайдырыў бойынша бираз ушырасыўлар, семинарларда шөлкемлестирилди. Усы көз¬-қарастан ЮНИСЕФ 2009-жылы усы жойбар менен кирип келди. Жойбарға Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятынан 200, Ферғанадан 200, Қарақалпақстаннан 200 мектеп жойбардың тийкарғы мақсетли топары сыпатында белгилеп алынған еди. Жойбардың тийкарғы 9 бағдары бар. Ҳәр бир предмет бойынша илимге тийкарланған билим бериў, баланы глобал ойлаўға үйретиў, пәнлердиң интеграциясы, баланы раўажландырыў ҳәм басқалар.

    - Жойбар шеңберинде не нәрселер исленди? Қандай нәтийжелерге ерисилди?

    - Жойбар шеңберинде билимлендириў процесине байланысды мониторинг жумыслары алып барылды. Мониторинг нәтийжелери Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў министрлигине берилди. Яғный мониторинг жумысларын үйренип шығып республикамыз мектеплериндеги ҳәжетханалардың, асханалардың жағдайлары жақсыланды. Соның менен бирге мектепти таза ишимлик суўы менен тәминлеў жумыслары да жолға қойылды.

    - Бала ҳуқықларын қорғаў бойынша конвенцияны балаларға үйретиўде қандай методлардан пайдаланған мақул болады? Яғный бала ҳуқықлары бузылған ҳалатларды қалайынша түсиндирип бериўге болады?

    - Жойбар тийкарында еки мың оқыўшы окытылды. Бала ҳуқықларын қорғаў конвенциясы тийкарғы 54-статьядан ибарат. Мине усы статьяларды балаларға үйретиў ушын бала ҳуқықлары бузылған жағдайларды мысал сыпатында берип, оның тийкарында оқыўшылар сүўрет салды. Бала ҳуқықлары бузылған ҳалатларды ортаға таслап онан шешим табыўдың жолларын үйреттик.

    Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет!


    Баланың раўажланыўында муғаллим де, ата-ана да жуўапкер

    Баланың раўажланыўында муғаллим де, ата-ана да жуўапкер


    Хурмет Атажанов,
    Журналист,
    Сүўретлерде: Жойбар тийкарында
    өткерилен семинарлардан көринислер

    Megablog bo'limi | 22-oktyabr, 2015 jıl
    Bul bet 1751 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +4


    Атама саўға

    Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...

    Қәйненелерге

    Ене, келин ортасында, Бир өмирлик даў болар Сол себепли енелерге Айтатуғын сөзим бар....

    Сағындым

    Туўылып өскен ата-журтым Шымбайдың Сол баяғы соқпақларын сағындым, Бирге ойнап,бирге гүбелек қуўған, Көшемиздиң ул-қызларын сағындым....

    Жетимниң анасына

    Сен де анамысаң гөззал перизат? Бөбек бағып ақ сүт берип көрмеген, Сениң бул жүрисиң шынында уят, Кеўили соқыр ар намысты билмеген....

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Нан аўыз тийип кет

    «Нан аўыз тийип кет» десе жеңгелер
    Қулағыма сондай жағымлы тийер
    Күйип-жанып атырсада жумысың
    «Нан аўыз тийместен» қәне кетип көр

      
    14-avgust, 2013 jıl. 2723 ret ko'rildi


  • Кегейлим

    Туңғыш қәдемлерим басылған мәкан,
    Мол ырысқым бахтым шашылған мәкан,
    Мың әсир илгери ашылған мәкан,
    Кегейлим, бахтыңды жырлағым келди.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2240 ret ko'rildi


  • Berdaq ma’ngi jırımız

    Tuwrılap saldın’ sen shayır xatın’dı,
    Aytqan so’zlerin’nin’ qunı altındı,
    Keleshek a’wladlar qa’sterler ma’ngi,
    Berdaq babam umıtılmas atın’dı.

      
    15-aprel, 2013 jıl. 3668 ret ko'rildi


  • Қара көзлерим

    Мөлдир қара көзлерде,
    Жүрек сыры бар еди.
    Сол жүреклер түбинде,
    Әрмәнлар қабат еди.

      
    19-aprel, 2013 jıl. 3629 ret ko'rildi


  • Қарақалпақта

    Үстинде бар нағышлы киймешеги,
    Маржан тақыя жарасықлы пөпеги,
    Келиншеклер кийер жегде жипекли,
    Көк көйлекли қызлар қарақалпақта.

      
    11-may, 2013 jıl. 2960 ret ko'rildi


  • Ata-ana

    Barinda qa'dirle ata-anan'di,
    Hu'rmetsizlik qilma heshqashan hasla.
    Senin' keleshegin' bunda namayan,
    A'dalatli joldan ten' qa'dem tasla.

      
    04-aprel, 2018 jıl. 5148 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Malikam menin’

    M a’jnu’n edim saxranı jalg’ız gezgen
    A shıqpan romeo kibi janın bergen
    L a’ylim bolarmısan’ ma’jnu’ndi su’ygen
    İ nsan jasay almas jubaysız bilsen’

      
    20-avgust, 2013 jıl. 2460 ret ko'rildi


  • Муҳаббат

    Гезлескенде ең дәслеп айдын көшеде,
    Тийилип қарадың мениң көзиме,
    Сырлы нәзер таслап, кулип жузиме,
    Жүректе из қалдырдың өшпес муҳаббат.

      
    28-aprel, 2013 jıl. 2306 ret ko'rildi


  • Seni o’ylab!

    Seni o’ylab ko’zimdan yoshlar to’kildi
    Seni deya mag’rurgina qaddim bukildi
    Bu xolimni ko’rib dushmanlar kuldi
    Dardim ichimdadir ayta olmayman
    Shunda ham hech sendan kecha olmayman!!!

      
    12-mart, 2013 jıl. 4767 ret ko'rildi


  • Савол

    Кўнгил бермоқ шундай мураккаб ишми,
    Наҳот,етмас,эркам,сизга изҳорим?
    Ёки қалбингизда ёз эмас,қишми?
    Ўзимдан қизғонган, нозли дилдорим.

      
    09-dekabr, 2015 jıl. 2046 ret ko'rildi


 




Allayar → Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
→ Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
→ Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
→ Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
→ Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
→ Logikalıq soraw #62
каскадер
→ Logikalıq soraw #62
Пластелин
→ Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
→ Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.