Bul mobil menyu orni/ testing....


    Наўрыз байрамы қутлы болсын!
    Наўрыз байрамы қутлы болсын!

    Жаңаланыў ҳәм жасарыў байрамы болған Наўрыз халқымыздың ҳәр жылы, жыл даўамында асығып күтетуғын улыўма халықлық байрамларының бирине айланды. Ғәрессизлигимиздиң дәслебинен баслап миллий байрамымыздың қайта тиклениўи, халқымыздың әзелден бир биреўге меҳир мүриўбетли, қайыр сақаўат ҳәм кең пейилли сыяқлы пазыйлетлерин мазмун ҳәм мәнис жағынан анағурлым дәрежеде байытты. Жасларымыздың милийлигимизге, үрип әдет ҳәм салт дәстүрлеримизге болған ҳүрмет ҳәм итибары артып өзлигимизди бүгин дүньяға танытпақтамыз.

    Шығыс халықларының жаңа жыл сыпатында қәдирлейтуғын байрамы Наўрыз негизинде жасарыў, жаңарыў мәўсими. Кеўиллерге жақсылық, абаданшылық, ийгиликли нийетлерди бағышлаўшы уллы күн. Көп ғана арзыў мақсетлерди өзинде жәмлеген бул сәне ҳәзирги күнде де халқымыз тәрепинен кең түрде қәдирленеди.

    Тийкарғы байрам тамашаларының бири улыўма халықлық Наўрыз байрамы жаңа жыл сыпатында ҳәр бир инсан қәлбинде қуўаныш ҳәм шадлықларды алып келетуғын бул байрам кеўиллерге жыллылық инәм етеди. Республикамыздың барлық қала ҳәм районларында байрам салтанатлары жоқары шөлкемлескенлик пенен белгиленбекте.

    Ата бабаларымыздан бизгеше жетип келген Наўрыз гөже ҳәм сүмелек тағамлары бүгин ҳәр бир мәҳәлле көшелеринде писирилип, турғынлар миллий аўқатымыз дәмин татпақта. Сондай-ақ Сүмелек сейиллери, басқада түрли илажлар менен спорт жарысларыда өз көринислерин таўып атырған байрам тамашалары пүткил халқымызды үлкен қуўанышқа бөлеп атыр. Барлық турғынлар бул байрамға белсене қатнаспақта. Жыйналғанлар халқымызды байрам менен қутлықлап жақсы тилек ҳәм нийетлерин билдирмекте. Түрли миллий тағамлар көргизбеси жыйналғанларға айрықша заўық бағышлады. Мәденият ҳәм спорт ислери бөлимлери жас талантлылары таярлаған Ассалам Наўрыз атамасындағы концерт бағдарламалары, атқарылған қосық ҳәм ойынлар ҳәр қыйлы шығыўлар менен байрам спорт ойынлары палўанлардың гүреси менен даўам етпекте.

    Наўрыз ғарессизликтиң шексиз имканиятлар есиги екенин көрсетеди. Мәмлекетимизде ҳәр бир байрамның өз әҳимийети мазмун мәниси бар. Әсиресе әсирлер даўамында тарийхтың не не сынақларынан мәрдана өтип, халықтың турмысы менен терең байланысып кеткен бул күнлерге қайта жаңарып инсан қәлбине өзгеше заўық ҳәм шадлықларды бағышлаўшы бул әйямның салтанатыда кеўиллерге жақсы заўықлар алып келмекте. Миллий қәдирятларымыз ҳәм үрип әдетлеримизди өзинде жәмлеген байрам тамашалары елимиз бойлап даўам етпекте.

    Megablog bo'limi | 22-mart, 2016 jıl
    Bul bet 1984 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Байрам дәстүрханы: Мийўелерди байрамға ылайық безеў ...

    Жаңа жыл жаңа кейпият, жаңа қуўаныш, жаңа жетискенликлер. Мине усындай байрам кейпияты менен биз жаңа жылды күтип аламыз. Дәстүрхан әтирапында күтип...

    Әкежан

    Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...

    Наўрыз байрамы қутлы болсын!

    Жаңаланыў ҳәм жасарыў байрамы болған Наўрыз халқымыздың ҳәр жылы, жыл даўамында асығып күтетуғын улыўма халықлық байрамларының бирине айланды....

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Наўрыз

    Мухаббатқа толар жүреклер, Күш-қуўатқа толар билеклер, Қуўаныштан болып дереклер, Бәҳәр менен келеди Наўрыз....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Кегейлим

    Туңғыш қәдемлерим басылған мәкан,
    Мол ырысқым бахтым шашылған мәкан,
    Мың әсир илгери ашылған мәкан,
    Кегейлим, бахтыңды жырлағым келди.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2240 ret ko'rildi


  • Vatan

    Vatan! Sen gulsan, hidlaring ifor bo’lib taralgan,
    Sen bir quyosh, nurlaringda hayot mujassam,
    Sensan ona, quchog’ingda farzand yaralgan.
    Har qarich tuprog’ingda jannat hidi bor.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 2692 ret ko'rildi


  • Qaylardasang, yoshligim?

    Qaylardasang, yoshligim?
    Mana bugun tug’ilgan kunim,
    Mening esa ko’zlarimda nam,
    To’kilganday bolalik gulim,

      
    25-iyun, 2015 jıl. 2082 ret ko'rildi


  • Алтын гүз

    Алдында қаҳаман қыс барын билип,
    Әсте ғана жерге жапырағын төгип,
    Суўықты күтип алар, мүләйим күлип,
    Батырлықты үйрет маған, алтын гүз.

      
    29-oktyabr, 2013 jıl. 3767 ret ko'rildi


  • Bahor

    Hamma yoqda bahor nafasi,
    Bulbul bilan oshno tutundim,
    Siz bilmaysiz mengina asli,
    Shoira bo’lmoq uchun tug’ildim.

      
    18-dekabr, 2015 jıl. 2611 ret ko'rildi


  • Қутлуғ замон

    Шоирларга илҳомбағшсан,
    Кўнгилларга зар-нақшсан,
    Юлдузларга еттим учсам,
    Сен деганда , Мустақиллик.

      
    24-yanvar, 2015 jıl. 2119 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Кўргим келади

    Кундузи хаёлда тунда тушимда,
    Кетмайди ҳеч ҳам ўй-ў ҳушимда.
    Унум йўк ҳалиям қилган ишимда,
    Мен сизни жудаям кўргим келяпти.

      
    22-aprel, 2013 jıl. 2360 ret ko'rildi


  • Мухаббатым

    Жүзлериңди еркелеп ҳеш сүйеалмадым.
    Көзлериңе телмирип ҳеш тоялмадым.
    Күлимсиреп турғаның умыталмадым.
    Әрман болып қалғансаң мухаббытым.

      
    20-yanvar, 2016 jıl. 3749 ret ko'rildi


  • Савол

    Кўнгил бермоқ шундай мураккаб ишми,
    Наҳот,етмас,эркам,сизга изҳорим?
    Ёки қалбингизда ёз эмас,қишми?
    Ўзимдан қизғонган, нозли дилдорим.

      
    09-dekabr, 2015 jıl. 2046 ret ko'rildi


  • Ayrılıq

    Búgin mine taǵı janım taǵı seni eske aldım,
    Seni menen ótken kúnderimdi qaytadan esime saldım,
    Qáytemin súye almapsań menen basqanı oylapsań,
    Meniń júregim bilesiń tek sen ushın arnalǵan.

      
    22-yanvar, 2017 jıl. 2651 ret ko'rildi


 




Allayar → Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
→ Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
→ Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
→ Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
→ Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
→ Logikalıq soraw #62
каскадер
→ Logikalıq soraw #62
Пластелин
→ Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
→ Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.