Bul mobil menyu orni/ testing....


    Ашылмай солған гүл
    Жас нәресте дүньяға келер екен, бул ең алды менен ана ушын үлкен бахыт! Әке ушын таўсылмас дәўлет, ағайын-туўысқанлар ушын қуўаныш. Перзент ата-ананың жас нәлше мийўасы есапланады. Ал, оның камалға келип, өсип-өнгени, өмирдеги жетискенликлерин көрсе, бул ата-ананың жемиси болып табылады. Сонлықтан, биз перзентлер ата-ананың бийбаҳа хызметлерин жоқары шынларға көтериў парызымыз ҳәм миннетимиз. Ата-анасының жүзин жарқын қылып жүрген, усындай инсанлардың бири Азиза еди…

    Үлкен шаңарақта, бахытлы ананың баўырында, сәтли күнде, несийбели қыз, Азиза дүньяға келди. Бул қутлы күн 1992-жылы 22-февраль сәнеси ҳәптениң 2-күни. Жаңа туўылған нәрестеге ат таңланып, ана ўатанына, халқына, ата-анасына, туўған-туўысқанларына әзийиз болсын деп атын «АЗИЗА» қойды. Азиза ҳәмме күткен, арзыў еткен әзийиз қыз болып камалға келди. Оның ең биринши тай-тай басып, қәдем қойғанында, еки тәрепинде ата-анасы сүйенши таўдай болып, бирге қәдем таслады. Ол Шымбайдағы №37 мектепте тәлим алды ҳәм устазлары, өзиниң шаққанлығы, зийреклиги менен исендире алды. Мектептеги барлық көрик таңлаўларға қатнасып жоқары орынларды алып жүрди, әсиресе спортқа деген меҳири өзгеше болды. Ата-анасы спорт дөгерегине барыўына қарсы болды. Оның қызығыўшылығы тыныш қоймады. Қарсылықларға шыдам берип «Taekwondo» спорт түрине қатнай баслады. Соның менен бир қатарда Азиза қарақалпақ әдебиятына меҳри өзгеше болды. Уллы шайырлардың қосықларын тез қунт пенен үйренип ядтан билетуғын дәрежеге келди. Буннан ҳайран қалған устазлары, сеннен шайыр шығарыў – деп қояр еди.

    «Өнерлериниң қолы алтын» дегендей. Азиза қолына сырлы қәлем алып, ақ қағаз бетлерине зер менен толтырып қәлем тербетти. Ол ең биринши қосығын меҳрибан анасына арнады. Мектеп жасындағы өспиримниң қосықлары баспа сөзлерде жарық көре баслады. Буннан илҳамланған Азиза қосық жазыўын ҳасла-ҳасла тоқтатпады. Ол, мектепти жоқары баҳалар менен тамамалап, Шымбай кәсип-өнер колледжине оқыўға қабыл етилди. 16 жаслы Азиза, өзиниң жазған қосықлар топламын «Туўған жер толғаныслары» - деп атады.. «Ана жер», «Өзбекстаным», «Аўылым», «Ана», идеялық мазмунлы қосықлар ҳәр бир инсанның кеўлинен терең орын алды. Колледж оқыўшысы болыўдан мақтаныш еткен Азиза, тынбай излениўден, билим сырларын үйрениўден, жалықпады. Оқып жүрген күнлери «Taekwondo» спорт түри бойынша таярлық көре баслады. «Устазы» сен әдетте жеңимпаз болсаң», - деген гәплери Азизаға руўҳый күш берип турды. Көптен күткен жарыс күни де келди, қарсыласы Қазақстан, ал өзи болса Қарақалпақстанның ар-намысы ушын майданға түсти. Ата-анасының дуўасы, апаларының ақ патиясы, ағайин-туўғаның қоллап-қуўатлаўлары ҳәм өзиниң шаққанлығы, уқыплылығы нәтийжесинде қарсылас спортшысын жеңиўге миясар болды. «Бул мениң жеңисим емес, бул ана ўатанымның, ата-анамның, устазымның, жеңиси» - дейди, Азиза сөзиниң жуўмағында «мийнет түби рәҳәт»-дегениндей, ол мийнет етиўден ҳеш тоқтамады.

    Мәмлекетлик «Зульфия» атындағы сыйлыққа, устазлары усыныс етти. Қалалық, районлық басқышлардан жоқары орынды ийеледи. Спорт пенен шуғылланыўдан, қәлем тербетиўден ҳеш шаршамады. Колледждиң питкериўши курсына келгенде, жоқары оқыў орнына тапсырыўға таярлық көре баслады. Өз ана тилинен басқа рус тилин, англичан тилинде еркин сөйлейтуғын еди. Шет-тилин тереңирек үйренип «Дилмаш» болып елине хызмет етиўди алдына мақсет етти. Күнлердиң биринде Азиза өзинде қандайдур аўырыў тынышлық бермей атырғанын сезди. Бирақ, аўырып жүргенин үй ишинен жасырды.

    «Аўрыўды жасырсаң, ыссылығы әшкар етеди» дегендей Азизада өзиниң наўқаслығын артық жасыра алмады. Тезлик пенен шыпакер көригинен өткизип, организимде аяз бар екенин анықлады. Ол бар күшин сарыплап, емлениўге киристи, дәри-дәрманларын алып, емлеўханада емленип шықты. Бирақ, бармаған шыпакери, ем излеп жүрмеген жери қалмады. Сонлықтан, ол дәртине дәрман таўыў ушын, Ташкент қаласына жол алды. Жолына жолдас, дәртине шерик болып, ағасы ҳәм жеңгеси қасында болды. Ол наўқас болсада дөретиўшилик жумысын тоқтатпады, тынбай қосықлар жазар, арзыў-әрманларын жипке дизип, алдына мақсет қойып оларға ерисемен деген нийет пенен үмит етти. Оның сондай нийети бар қызыл көйлек, қызыл диплом алыўды арзыў қылды. Жеңгеси буннан хабар таўып, оған қызыл көйлек саўға етти. Азизаның қуўанышы жүрек қынына сыймай, көз жас болып төгилди. Сиз мениң екинши анам, анажаным деп жас балалардай еркеледи. Арадан 13 күн өтти, лекин дәртке даўа таўылмады. Азиза өз ана жерин, ана топырағын, ойнап-өскен аўылын сағынды. Шыпакерлер және 4-күн қалып емлениўин, емди даўам еттириўин сорады. Азиза разы болмады, «үйге қайтайық, бул жерде қалыўды қәлемеймен, анамды сағындым» - деп ашшы көз жас төкти. Буған шыдамай алмаған ағасы менен жеңгеси, қайтыўды мақул көрди. «Жол азабы, гөр азабы» дегендей ол жолдың азапларына шыдам берди. Ана баланың табысыўы, ҳәммени ләрзеге салды. Бир-бири менен тойып-тойып сәўбетлести. Азиза ең жақын достысын алдына шақырып алып, келген көйлегин, қолына услатып, «достым сен усы көйлекти кийип оқыўға тапсыр, әлбетте киресең»-деген гәплерди ғана айтып үлгерди. Басқа тили айланбай аўзы қурып, тек суў…суў…суў…деп қайталай берди.

    2011-жылы 13-июнь, бул сәне, бул ўақытлар, ҳеш биримиздиң ядымыздан шықпас, кеўлимизден өшпес хатира болып қалды. Себеби, бул күн Азизаға әўмедсиз келди, тынып тынышымас Азиза бул жақты дүньяны мәңгиликке тәрк етти! Еле жазып үлгермеген қосықлары, ерисе алмаған арзыўлары, әрманға айланып топырақ пенен қарысты. Бул өмирде жақын инсаныңнан айырылыў, азап екенлиги, әсиресе ана ушын баўыр менен жаралған перзенттен айырылыў, азап екенлиги, ең аўыр мүсийбет, таўсылмас муңлы қосық екенлигин билдим. Ал достыңнан айырылыў болса, ҳәр бир атқан таңда, қуяш нуры күлип бақсада, қәлбиңди шам сыяқлы жылыталмас екен. Бул дүньяда барлық заттың илажы бар, бирақ, әжелдиң шарасы жоқ! Қәдирданым меҳирбан достым Азиза сен бизлердиң қәлбимизде мәңги жасайсаң.



    ҚМУниң 2-курс студенти
    Перизат Уразалиева.

    Megablog bo'limi | 08-may, 2013 jıl Megaline.uz arxivinen.

    Megablog bo'limi | 08-may, 2013 jıl
    Bul bet 1943 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Биринши муҳаббат

    Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....

    Өзбекстаным

    Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...

    Ўатаным

    Аспаныңда қанат қомлап ушсам деп, Қушағымда беккем сени қушсам деп, Кәне енди алақанда тутсам деп, Ер жетемен қушағыңда ўатаным....

    Қара көзлерим

    Мөлдир қара көзлерде, Жүрек сыры бар еди. Сол жүреклер түбинде, Әрмәнлар қабат еди....

    Қатнаспай қалды

    Әкеси спорт түрлериниң бири бойынша жарысқа қатнасқан балаларының бөлмесине кирип сорады: -Жарысқа қатнасқаныңыз жақсы болды. Нешинши орынды...

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Ana

    Menin’ qımbatlı anam jalg’ızımsan’ o’mirimde,
    Qosıq etip arnadım shıqqan so’zim kewildegi,
    Qabıl alshı ulın’nan sizge shıg’arg’an jırım,
    Tek g’ana jır emes sizge degen muhabbatım,

      
    08-yanvar, 2016 jıl. 4247 ret ko'rildi


  • Jannan a’ziyz, anajan

    Jaralg’an insanman haslı o’zin’nen,
    Er jetip o’stim men senin’ mehrin’nen,
    Hesh qashan jasların’ to’kpe ko’zin’nen,
    Men ushın jannan da a’ziyz, anajan.

      
    08-mart, 2014 jıl. 2761 ret ko'rildi


  • Жигит журты

    Ер жигиттиң үш журты бар деседи,
    Дайы журты ,қәйин журты,өз журты,
    Ата сораўыма жуўап берсеңиз,
    Ең ишинде жағдайлысы қай журты?

      
    01-avgust, 2014 jıl. 5442 ret ko'rildi


  • Jayhun samalı

    O’tken ku’nge na’zer salıp qarayın,
    Erkinliktin’ shug’la shashqan toyında,
    Go’zzallıqqa bo’lep kewil sarayım,
    Gu’z samalı eser Jayhun boyında.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 1713 ret ko'rildi


  • Нан аўыз тийип кет

    «Нан аўыз тийип кет» десе жеңгелер
    Қулағыма сондай жағымлы тийер
    Күйип-жанып атырсада жумысың
    «Нан аўыз тийместен» қәне кетип көр

      
    14-avgust, 2013 jıl. 2552 ret ko'rildi


  • Жаңа жыл

    Ғәрезсизлик басланғанлы елимде
    Еркинлик сезими жасар кеўилде.
    Мине бүгин жигирмаға толмақта
    Жаңа жылым бахыт берсин ҳәр үйге.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3130 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Sevgi!

    Kirib kelsa yuraklarga sevgi fasli
    Yo’qoladi har faslning ko’rki gashti
    Afsus shikast yetkazadi har yurakga
    Lekin sevgi buyuk tuyg’umasmi asli?!

      
    14-mart, 2013 jıl. 2952 ret ko'rildi


  • Ишон энди

    Бундан олдин бунчалар ҳеч куймагандим,
    Дилда севги меҳр ҳиссин туймагандим,
    Ўзинг каби ўзгасини суймагандим,
    Бахтли қилай гапларимга ишон энди,

      
    22-aprel, 2013 jıl. 1980 ret ko'rildi


  • Қыялдағы сулыўға

    Неге түслериме тез тез енесең,
    Мүмкин аңсадым мен ақ дийдарыңды,
    Сонша күттим ушырасыўға келмесең,
    Қурғыр жүрек шыдатпайды сабырымды.

      
    20-noyabr, 2015 jıl. 2031 ret ko'rildi


  • Хаёл

    Хаёллар чорлайди мени сен томон,
    Қўярму карашинг юракни омон,
    Бугун кўролмасам ҳолимдир ёмон,
    Чорлагин борайин ёнингга сенинг,

      
    20-aprel, 2013 jıl. 2455 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.